Оразаны бузатуғын ҳәм мәкириў ететуғын ислерден басқа ислер қадаған қылынбаған. Мысалы, оразадар түнде иҳтилам болып ямаса ҳаялына жақынлық қылып жунуб болды, кейин сол ҳалында сәҳәрлик қылып аўзын жаўып, соң ғусыл қылса болады. Не деген менен өз ўақтында ғусыл қылған жақсы, бирақ қайсы бир себепке көре ғусыл қыла алмай қалған болса да, тутқан оразасы дурыс бола береди, жунублығы зыян жеткермейди. Бул ҳаққында Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Рамазанда иҳтилам ҳалында таң аттырар еди. Сонда, ғусыл қылып, ораза тутар еди». Умму Салама анамыздан рәўият қылынған ҳәдисте бундай жағдайлар ҳаққында анығырақ баян қылынған: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жынысый жақынлықтан жунуб болған ҳалында таң аттырар еди. Соң аўзын да ашпас еди, қаза да тутпас еди».
Ораза тутқан адам күндизи уйқылап қалып иҳтилам болса, бул да тутқан оразасына зыян жеткермейди. Ал, күндизи ҳаялы менен жынысый жақынлық қылса, оразасы ашылыўы ҳәм каффарат ретинде алпыс күн ораза тутыўы ўәжиб болыўы ҳаққында жоқарыда айттық. Сондай-ақ, айырым нәпсине күши жетпеген адамлар ораза тутып, басқа жыныс ўәкилине шаҳўат нәзери менен қараса ямаса шаҳўат қозғататуғын нәрсе менен жунуб болып қалса, ол адамның оразасы бузылады, каффарат тутып береди ҳәм үлкен гүнаға да қалып кетеди. Аллаҳ таала бундай ислерден сақласын.
Ораза тутқан адам қан алдырса да, оразасы бузылмайды, себеби Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ораза ҳалында қан алдырғаны рәўият қылынған.
Сондай-ақ, ораза тутқан адам ораза ҳалында көзине сүрме қойса да оразасы бузылмайды, бул ҳаққында Ибн Мажаның рәўиятында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның Рамазан айында ораза ҳалында көзине сүрме қойғаны айтылған.
Ораза тутқан адам үстине суў қуйып шомылса болады. Бул ҳаққында имам Әбиў Даўыт, Насаий ҳәм Аҳмадлар рәўият қылған ҳәдисте: «Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Аржда ыссылағанлықтан ҳәм шөллегенликтен басына суў қуйып атырғанын көрдим», делинген. «Арж» Мадина қаласынан бир неше күнлик жол узақлықтағы бир аўылдың аты. Бул рәўияттан ораза тутқан адам үстинен суў қуйып шомылса болады, деген ҳүким шығады. Уламаларымыз көп суўға кирип шомылыўға руқсат жоқ, дейди. Яғный, канал, ҳәўиз, жап-салмаларда ямаса ваннаға суў толтырып ишине түсип шомылыў қадаған. Неге дегенде денени суў қаплап алатуғын дәрежеде суўға кирип шомылыўға руқсат бермеген. Себеби, ондай ҳалда билместен ишке суў жутып қойыў яки қулақтан, мурыннан суў кирип кетиў итималы көп.
«Оразаның пазыйлети» китабынан.