Туркияның Истанбул қаласында ЕвроАзия ислам кеңеси пәтўа ассамблеясының екинши жыйналысы болып өтти.
Жыйында сөзге шыққан Туркия Дин ислери басқармасы баслығы, профессор Әлий Эрбаш ЕвроАзия ислам кеңеси пәтўа ассамблеясының ўазыйпасы исламның негизги дереклерине таянған ҳалда ҳәзирги күнниң талап ҳәм итияжларына шешим табыў екенин тәкидледи. Сондай-ақ, ол ҳәзирги глобалласыў ўақтында уламалар ҳәм диний шөлкемлер тек ғана өз шегараларының ғана емес, ал пүткил инсаныяттың мәселелерин күн тәртибине алып шығыўға туўры келип атырғанын айтты.
“Пүткил дүнья ушын исламый билимлер бойынша оқыў бағдарламалары ислеп шығылған, халықаралық көлемде тараўдың жетик қәнигеси болған диний алымларды жетистиретуғын ҳәм де ИШИМ, ФЕТО, “Боко Ҳарам”, “Шабаб” киби динди өзине нықап етип алған топарлар менен илим арқалы гүрес алып баратуғын, келиспеўшиликлерге шешим таўып беретуғын халықаралық академиялардың ашылыўы үлкен әҳмийетке ийе”, – деди Әлий Эрбаш.
Жыйында Өзбекстан атынан Өзбекстан Мусылманлары басқармасы пәтўа бөлими директоры Ҳамиджан Ишматбеков қатнасты.