Фото

ОРАЗА ТУТЫЎДЫ БАСЛАЎ ҲӘМ ЖУЎМАҚЛАЎ

19 Март, 2023 2189

Бәршемизге мәлим ҳижрий-қамарий айлар 29 ямаса 30 күннен ибарат болады. Оны анықлаўда айдың жаңадан туўылыўына, яғный таза айға қаралады. Сонлықтан Рамазан айының кирип келиўинде де, оның жуўмақланыўында да таза айға қаралады.

Бул ҳаққында Ибн Умар разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам таза айды көрмегенше ораза тутыўды басламаған. Және оны көрмегенше оразасын ашпаған. Егер де таза ай сизлерден булт пенен тосылып қалса, есабын алың».

Бул ҳәдис Термизий рәўиятында: «Рамазаннан алдын ораза тутпаң. Айды көрип ораза тутың ҳәм айды көрип ашың. Егер оны булт тосып қалса, отыз күнди толық қылың», делинген.

Ал, Имам Бухарийдың рәўиятында: «Егер ай сизлерден бултлар менен тосылып қалса, Шаъбан айын толық отыз күн қылың», деп келтирилген. Және бир рәўиятта: «Егер ай сизлерден булт пенен тосылып қалса, отыз күн ораза тутың», делинген.

Демек, буннан мәлим, Рамазан айының кирип келиўин жаңа айдың туўылыўына қарап белгилеймиз. Егер, тәбийий қубылыс себепли айды көриўдиң мүмкиншилиги болмаса, Рамазаннан алдынғы ай Шаъбан айын толық отыз күн деп, кейинги күнди Рамазанның биринши күни деп белгилеймиз. Рамазан айын жуўмақлаў да, кейинги айды көриў менен болады. Егер айды көриўдиң мүмкиншилиги болмаса, Рамазанды толық отыз күн деп аламыз ҳәм отыз күн ораза тутамыз.

Усы орында соны айтып өтиўимиз керек, еки ҳайыт байрамлары болған Рамазан ҳәм Зулҳижжа айлары бир ўақытта нуқсанлы, яғный 29 күннен ибарат болып қалмайды. Бул ҳаққында Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Еки ҳайыт айлары, Рамазан ҳәм Зулҳижжа нуқсанлы болмайды», деген».

Бул ҳәдистен Рамазан айы да, Зулҳижжа айы да 29 күннен ибарат болыўы мүмкин, бирақ бир жылда екеўи де 29 күнлик болып келмейтуғынын билемиз.

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте: «Адамлар ҳилал ҳаққында тартысып қалды. Мен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға айды көргенимди айттым. Сонда, ол ораза тутты ҳәм адамларды да ораза тутыўға буйырды», – делинеди. Ибн Аббас рәўият қылған ҳәдисте: «Бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип: «Мен ҳилалды көрдим», – деди. «Ләә илаҳа иллаллоҳ - деп гүўалық бересең бе?», – деди Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам. Ол: «Аўа», – деди. «Муҳаммад Расулуллаҳ», – деп гүўалық бересең бе?», – деди. Ол: «Аўа», – деди. Сонда, Расулуллаҳ: «Ҳәй Билал! Адамларға жәрияла, ораза тутсын!», – деди», – делинген.

Бул ҳәдис бойынша, Рамазан айының басланыўын да, жуўмақланыўын да айды көрген бир әдалатлы мусылманның гүўалығы менен белгилеў дурыс болғанлығын билемиз. Бул Ҳанафий мәзҳабында алынған ҳүким.

Ал, бүгинги күнде елимизде ҳәр бир ҳижрий-қамарий айдың басланыўы Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен белгиленеди. Бул мәмлекетимиздиң астрономиялық бақлаў орайы тәрепинен алып барылған бақлаў нәтийжелерине тийкарланып анықланады. Сонлықтан да, бул Пайғамбарымыздың ҳәдислерине ҳәм Ҳанафий мәзҳабы шәртлерине муўапық келеди. Бул алдынғы уламаларымыздың тутқан жолы. Курайб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Умму Фазл бинти Ҳарис оны Шамға, Муаўияның алдына жиберген еди. Ол айтады: «Шамға келдим ҳәм оның тапсырмасын орынладым. Мен Шамда ўақтымда Рамазан кирип қалды, ҳилалды жума кешеси көрдим. Соң айдың ақырында Мадинаға келдим. Ибн Аббас меннен: «Ҳилалды қашан көрдиң?», – деп сорады. «Оны жума кешеси көрдим», – деп жуўап бердим. «Сен өзиң көрдиң бе?», деди. «Аўа. Адамлар да көрди. Ораза тутты. Муаўия да ораза тутты», – дедим. «Бирақ, бизлер шемби күни көрдик. Отыз күнди толық қыламыз ямаса айды көргенимизше ораза тута беремиз», – деди. «Муаўияның көргени ҳәм ораза тутқаны менен шекленбейсең бе?», – дедим. «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бизлерге усылай буйырған», – деди».

Бул ҳәдиси шәрийф айды көриў ҳәр бир аймақта ҳәр түрли болыўы, және ҳәр бир орында өзлери көрген ай менен ораза тутыўы дурыс болатуғынлығына дәлил болады. Яғный, бизлерде ҳәм Африка мәмлекетлеринде ямаса Европа аймақларында айдың жаңадан туўылыўы түрлише болыўы мүмкин. Соның ушын да, өзимиз жасап турған, яғный Рамазан айында болған аймақта көрген ҳилал менен Рамазан оразасын тутыў ҳәм кейинги ҳилал көрингенше оразадар болыў дурыс болады.

Рамазан оразасын тутқан адам сәҳәрликте мына дуўаны айтады: «Наўайту ан асуўма шаҳро ромадона минал фажри илал мағриби холисол лиллаҳи таала». Егер көпшилик болып Рамазан оразасын тутып атырған болса, онда мына дуўаны айтады: «Наўайнаа ан насуўма шаҳро ромадона минал фажри илал мағриби холисол лиллаҳи таала». Рамазаннан басқа айда нәпил оразасын тутып атырған адам: «Наўайту ан асуўма ҳазаш шаҳро минал фажри илал мағриби холисол лиллаҳи таала», егер көпшилик болып тутып атырған болса: «Наўайнаа ан насуўма ҳазаш шаҳро минал фажри илал мағриби холисол лиллаҳи таала», деп нийет қылады. Бул дуўалардың мәниси: «Рамазан айында (усы айда) таңнан намазшамға шекем қалыс Аллаҳ таала ушын ораза тутыўды нийет қылдым (нийет қыламан)», дегени.

Аўыз ашып атырған ўақытта болса, мына дуўа айтылады: «Аллоҳумма лака сумту ўа бика әмәнту ўа алайка таўаккалту ўа алаа ризқика афтарту, фағфирлий я ғоффару маа қоддамту ўа маа аххорту». Егер көпшилик болса: «Аллоҳумма лака сумнаа ўа бика әмәннаа ўа алайка таўаккалнаа ўа алаа ризқика афтарнаа, фағфирланаа я ғоффару маа қоддамнаа ўа маа аххорнаа», делинеди.

Аллаҳ таалаға шексиз шүкирлер болсын! Бүгинги күнде Ғәрезсизлигимиз шарапаты менен диний китаплардың баспадан шығарылыўы, ҳижрий-қамарий айлары календары, әсирисе, Рамазан айы календары өз алдына ислеп шығылыўы ўатанласларымыздың ораза тутыўын жеңиллестириў менен бирге ўақыттан үнемли пайдаланыўына жәрдемши болып, үлкен қуўанышларға бөлемекте.

«Оразаның пазийлети» китабынан

Тэглер

ораза