Мына өткинши дүньяда адамның басына талай қыйыншылық пенен қайғылы жағдайлар келери анық. Өйткени, өмирде қуўаныш пенен қайғы қатар жүреди. Бул өмирдиң нызамы. Себеби, өмир жолы сынақларға толы. Аллаҳ таала басымызға қуўанышты да қайғыны да бере отырып, сынақлары менен сынайды. Уллы Рәббимиз Қураны Кәриймде: «Әлбетте, Биз сизлерди қорқыныш ҳәм ашлықтан болған бир нәрсе (азап) менен, мал-мүлкке, жанға, мийўелерге нуқсан жеткизиў менен сынаймыз (Ҳәй Муҳаммед, усындай жағдайларда) сабырлыларға хош хабар бер!», (Бақара сүреси 155-аят) деп келтирип деп адам баласының ҳәр түрли сынақлар менен сыналыўы баян етиледи.
Демек, бул өткинши дүньяда инсан қәўип-қәтер, жоқшылық, мал-дүнья менен сыналыўы мүмкин. Деген менен Аллаҳ таала келтирилген аяттың даўамында қыйыншылықлар алдында устамлы болып, сабыр еткенлерди зор саўап күтип турғанлығын ескертеди. Муқаддес Қураны Кәриймде жетпистен аслам жерде сабыр ҳаққында сөз етиледи. Соның менен бирге Ҳәзирети Пайғамбарымыз (с.а.ў) ның мөминлерди сабырға шақырған ҳәдислери де көпшиликти қурайды. Булардың барлығы да ҳақ динимиздиң мусылманларды барынша сабырлылыққа шақырыўынан дерек береди.
Сабыр-қыйыншылық пенен қайғыда адам баласына күш-қуўат берип, бас ийдирмей, өзине исеним беретуғын ағла пазыйлет. Инсан сабыр етиў арқалы тәғдир сынағына төзим етиўи, Аллаҳ сынаўларынан сүринбей өтери сөзсиз. Адам басына түскен ҳәр қандай дәртке сабыр етиўи арқалы Аллаҳтың шексиз сүйиспеншилигине бөленип, қыямет күни мол саўапқа ерисери анық.
Жәуленбай Нурсейтов.
Өзбекстан Республикасы дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының Мойнақ районы бойынша бас қәнигеси.