Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсиддин Баҳауиддинов Мойнақ районы «Ҳәким ата» аўыл пуқаралары жыйыны аймағында жайласқан «Ҳәким ата» жоме мешитине барды. Район ҳәкими Б. Менглибеков пенен биргеликте «Ҳәким ата» қǝбирин зыяратлады. «Ҳәким ата» жоме мешитиндеги китапханада имам-хатиблер ҳǝм аўыл турғынлары менен ушырасты. Ушырасыўда бүгинги елимиздеги тынышлықтың қәдирине жетиў, тынышлық Аллаҳ таала тәрепинен берилген уллы инам екенлиги ҳаққында айтып ѳтилди. Жыйналғанлар менен «Ҳǝким ата» қǝбирстаны ǝтирапларын абаданластырыў ҳǝм кѳклемзарластырыў жумысларын ислеў, сондай-ақ, Наўрыз байрамын кѳтеринки руўхта күтип алыў бойынша келисип алынды.
Ушырасыўға Мойнақ районы дин ислери бойынша бас қәнигеси Ж.Нурсейтов, район бас имамы Р. Тлеубаев ҳǝм Қоңырат районы бас имамы Р.Умаровлар қатнасты.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты