Фото

МАЗҲАБСЫЗЛЫҚ ТӘРЕПТАРЛАРЫ ӨЗЛЕРИН ТҮРЛИШЕ АТЛАР МЕНЕН АТАЙДЫ

15 Март, 2023 463

Нǝбий алайҳиссалам ɵмири даўамында саҳабалар бир шаръий мәселе шығып қалса, Пайғамбарымыздың өзине мүрǝжет етип, шешимин тапқанлығы мǝлим. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қайтыс болғанан кейин саҳабалар шаръий сораўлар бойынша мужтаҳид дәрежесинде болған саҳабалардан пәтиўа сораған. Тобеинлер саҳабалар тутқан жолды тутып, мужтаҳидлерге ерген.

Белгили алым Ибн Ражап “Көплеген мазҳаблар арасында тек төртеўиниң сақланып қалғаны, әсирлер даўамында инсанларды түрли қарама-қарсылықлар ҳәм келиспеўшиликлерден сақланыўға тийкар болған”, деп жазған.

Уламалар мазҳабларға ериў - Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның төмендеги ҳәдисине әмел етиў болады, деп айтады: “Егер келиспеўшиликти көрсеңиз, өзиңизге көпшилик тәрепин лазым тутың” (Имам Можа, рǝўияты).

Ислам уламалары шаръий ҳүкимди ҳǝм оның дәлилин билмеген мусылман адам (муқаллид) мужтаҳид алымға еликлеўи кереклигин айтып ɵтеди. Буған Қурандағы бул аятты дәлил ретинде келтириў мүмкин: “…Егер билмейтуғын болсаңыз, зикир әҳлинен (Таўрат ҳәм Инжилди билетуғынлардан) сораң!” (Наҳл сүреси, 43-аят). Уламалар аят Китап ҳәм сүннетке қайтыў кɵрнисте емес, бәлки зикир ǝҳлине ериўге буйырыў көринисинде назыл болғанына итибар қаратады.

Мазҳабларда Қуран, сүннет, ижмо ҳәм салыстырыўдан дәлил ретинде пайдаланыўдың айрықша қағыйдалары, усыл ҳәм принциплерне тийкарланған арнаўлы бир система бар. Мәселелер системалы түрде шешилген. Мазҳабсызларда болса ҳеш қандай топар усыл ҳәм қағыйдалары жоқ болып, “Қуран ҳәм сүннетке мүрǝжаат етемиз” кѳринисиндеги дәлилсиз даўа менен ҳүкимлер берилмекте. Мақсетине, райына ҳәм нǝпсине туўры келген дәлиллерди алып, қалғанларын шығарып таслаў болса жаман ақыбетлерди келтирип шығармақта.

Мазҳабсызлар мусылманлар арасында көплеген надурыс ақыйда ҳәм фиқҳий мәселелерди тарқатпақта. Негизинде, бул мәселелер ǝҳли сүннǝ ўǝл жǝмаа илимпазлары тәрепинен қашаннан берли шешилген.

Солай екен, бәршемиз бир мазҳабты беккем услап, оған әмел етейик.

Хайруллоҳ Абдуллаев.

Muslim.uz сайтынан Даўытбай Беканов таярлады.

Тэглер

Сергеклик