Муҳаммад саллаллаху алайҳи ўа саллам «Ислам дини бес негизге қурылған...» – деген ҳәдисинде, мине, усы негизлерден бири Рамазан айында ораза тутыў екенлигин айтып өткен. (Имам Бухарий рәўияты). Жоқарыда келтирген аяты кәрийма ҳәм оның изинде келетуғын: «...Сизлерден ким сол айда болса, онда, оразасын тутсын», аятлары Рамазан айы оразасының мусылманларға парызы айн екенин билдиреди.
Жоқарыдағы аяты кәриймалардан басқа, ҳәдиси шәрийфлерде де Рамазан оразасының парыз екенлиги айтылған. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдиси шәрийфте: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Сизлерге мүбәрек Рамазан айы келди. Аллаҳ таала сизлерге оның оразасын тутыўды парыз қылды...», деди». Оразаның парызлығына аяты кәрийма ҳәм ҳәдиси шәрийф жеткиликли. Бирақ, бул парыз ҳәммеге теңдей болмайды. Бунда да намаздың парызындағы шәртлер болады. Яғный, мусылман болыўы, балағатқа жеткен болыўы, ақылы бар болыўы ҳәм т.б. Балағатқа жетпеген жас балаларға да мәжбүрлеп ораза туттырылмайды, себеби, олар Исламның буйрықларына балағатқа жеткеннен кейин әмел қылып баслайды.
Енди булардан басқа оразаға жарамайтуғынларға Рамазан оразасы парыз болып қала береди, бирақ олардың ораза тутыўы кейинге сүриледи. Бундай оразаға жарамайтуғынлар, олар: сапардағылар, жүкли ҳаяллар, емизиўли баласы бар ҳаяллар, наўқас адамлар, қартайғанлығы себепли ораза туталмайтуғынлар, ҳайыз ҳәм нифастағы ҳаяллар.
Сапардағы адамның оразасының ҳүкими. Ислам дини ҳеш кимге тақатынан артық нәрсени буйырмайды. Егер мусылман адам сапарда болса, әлбетте, оған да жеңиллик жаратылған, ол басқа ўақытлары, сапардан қайтқаннан кейин бир күнге бир күн қылып тутып берсе болады. Мысалы, бир мусылман адам Рамазан айында сапарға барыўына туўры келди, әдетте сапарда ҳәр қандай адам қыйыншылыққа ушырайды, соның ушын Рамазанның парыз оразасын басқа айларда тутып береди. Бундай жағдайларда не қылыў кереклигин Аллаҳ таала бизлерге Қураны кәриймде үйретеди: “Сизлерден ким наўқас болса ямаса сапарда болса, олар басқа айларда тутады”. Сапарда Рамазанның парыз оразасын кешиктириў мүмкин екенлигине Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның қылған ислери де дәлил бола алады. «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Мадинадан Мәккәға жолға шықты. Сонда, Асафан деген жерге жетемен дегенше ораза тутты, кейин суў алдырды ҳәм адамлар көриўи ушын суўды аўзына көтерип ишти. Мәккәға келемен дегенше аўзы ашық болды. Сол ўақытлары Рамазан айы еди». Ибн Аббас разыяллаҳу анҳу бул ҳәдис ҳаққында: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сапарда болған ўақытлары гейде оразадар болмай жүретуғын еди, ал гейде тутық жүретугын еди. Солай екен, ким қәлесе ораза тутсын, ким қәлесе аўзы ашық жүрсин», деген». Рамазан айында бир адам берилген жеңиллик себепли оразасын ашып жүрсе, буны басқа адамлар қәте түсинбеўи керек, бәлким ол адам Аллаҳ таала берген жеңилликтен пайдаланып атырған шығар, деп туўры түсиниў керек. Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен Рамазанда сапарға шықтық. Сонда ораза тутқан адам ораза тутпаған адамды, ораза тутпаған адам ораза тутқан адамды айыпламайтуғын еди».
Сапарда болған адам ораза тутса қыйналатуғын болса, ол берилген жеңилликтен пайдаланып, оразаны басқа күнге көширгени мақул болады. Бул ҳаққында да ҳәдиси шәрийф бар. Жабир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сапарда еди. Сонда ол топланып турған адамларды ҳәм үстине сая қылыў ушын бир нәрсе тутылған адамды көрип: «Бул не?» деп сорады. Адамлар: «Ол тутық еди», деди. Сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Сапарда ораза тутыў жақсылықтан емес», деди. Үстине сая қылатуғын нәрсе тутып қойылған саҳаба сапарда ораза тутып, кейин жол қыйыншылығына шыдай алмай қулап қалған еди, бундай қылып қыйналып ораза тутыўда жақсылық жоқ екенлигин Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өзи айтып атыр. Сондай-ақ, саҳабалардың ишиндеги ең атақлыларынан Абдуллаҳ ибн Умар ҳәм Абдуллаҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳумалар ҳаққында келген рәўиятларда былай делинген: «Ибн Умар ҳәм Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумлар төрт барид қашықлыққа сапарға шықса намазды қаср оқыйтуғын еди ҳәм аўзын ашатуғын еди».
Жоқарыдағы соншелли жеңилликлерди көрип Ислам дининиң жеңиллик дини екени айқын билинеди. Бирақ, бундай жеңиллик бар дегени сапарға шығып Рамазан оразасын кейин тутып берсе болады дегени емес. Неге дегенде, Рамазан айы бул саўапларды көплеп жыйнап қалыў айы есапланады. Адамлар илажы барынша Рамазан айын босқа жибермеўге ҳәрекет қылыўы керек. Ҳәзирги ўақытта заманның раўажланыўы менен сапарға шығыў да алдынғы заманлардағыдай машақат болмай қалғанлығы ушын, ораза тутып саўапларды көбейтип алыўымыз керек. Себеби, Аллаҳ таала Қураны кәриймде сапардағы адам басқа күни тутса болатуғынлығын айтқаннан кейин: “Ораза тутыўыңыз сизлер ушын жақсы”, деп баян қылған.
Әлбетте, Рамазан айының өзине тән берекети бар, соның менен бирге басқа айларда тутылған оразаның саўабы Рамазан айында тутылған оразаның саўабындай болмаўы да китапларымызда айтылған. Бирақ, ҳақыйқатында да сапарда машақат болатуғын болса, динимиздиң берген жеңиллигинен пайдаланыў керек.
Наўқас адамлар, жүкли ҳәм емизиўли баласы бар ҳаяллардың ораза тутыўы. Наўқас адамлар бул ўақытша имканияты жоқ, бирақ тәўир болғаннан кейин ҳәмме менен бирдей имканиятта болатуғын адамлар болғанлықтан, олар егер Рамазан айында ораза тутыў қыйыншылық туўдыратуғын болса, басқа ўақытта, яғный тәўир болғаннан кейин бир күнге бир күн қылып тутып берсе болады. Бул ҳаққында да жоқарыда келтирилген аяты кәрийма дәлил бола алады: “Сизлерден ким наўқас болса ямаса сапарда болса, олар басқа айларда тутады”.
Жүкли ҳаяллар да наўқас адамға уқсас болады. Себеби, оларға жүклилик дәўиринде аўыр ислерди қылыў дурыс болмайды, буның себебинен қарнындағы перзентине зыян жетип қалыў итималы бар. Сондай-ақ, жүкли ҳаяллардың денесинде жаңа бир организм пайда болып, раўажланып атырғаны ушын оларға үзликсиз витаминли азықлар керек болады. Соның ушын олар да, басқа айларда Рамазан оразасының қазасын тутып берсе болады. Рамазан оразасының қазасы тутып берилип атырғанда олардың избе-из болыўы шәрт емес. Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Рамазанның қазасын қәлесе ҳәр ўақыт, қәлесе избе-из қылады», деди.
Емизиўли баласы бар ҳаяллар тек өзине емес, ал баласына да жуўапкер болғанлықтан олар да басқа айларда тутып берсе болады.
Жоқарыда айтылған үш тайпадағы, яғный аўырған, жүкли ҳәм емизиўли ҳаяллардың оразадағы ҳүкими бирдей, себеби олар мәлим бир ўақытлардан кейин ораза тутыўға жарамлы болады ҳәм ораза тутып саўап жыйнаўына имканият туўылады. Бирақ, айырым бир адамлар дүзелмейтуғын кеселликке ушыраған болады ямаса қартайғанлығы себепли ендиликте ораза тутыўға жарамсыз болып қалады, олардың ҳүкими қандай болады, бул ҳаққында төменде айтамыз.
Тәўир болмайтуғын кеселликке ушырағанлар ҳәм қартайған адамлардың ораза тутыўының ҳүкими. Бундай адамлар ораза тутыўға жарамлы болса, ораза тутыўы оларға ҳеш қандай зыян жеткермесе, онда ораза тутпай жүриўи шәриятымыз тәрепинен дурыс болмайды. Бирақ, әдетте бундай адамлар, яғный наўқас болып, ендиликте тәўир болыўына үмит жоқ ҳәм жүдә қартайған адамлардың ораза тутыўы машақат болады. Сонлықтан бундай адамларға ораза тутпаўға руқсат етилген, бирақ олар ҳәр бир күни ушын фидя төлеўи керек. Бул ҳаққында Қураны кәриймде: «Тақаты жетпейтуғынлар бир мискинниң аўқатын береди», делинген. «Ибн Аббас разыяллаҳу анҳу бул аят ҳаққында: «Бул аят мансух емес, ал қартайған ғарры ҳәм кемпирлер ушын айтылған. Олар ораза тутыўға қәдир бола алмайды. Соның ушын, ҳәр бир күнниң орнына бир мискинди аўқатландырады», деди» делинген. Және бир рәўиятта Ибн Аббас разыяллаҳу анҳу бул аят ҳаққында: «Бул руқсат тек ғана оразаны көтере алмайтуғынларға ҳәм емленбейтуғын кеселликке ушырағанларға», деген. Бул рәўиятлардан усы тайпаларға кириўши ҳәр қандай адам Рамазан оразасын тутпастан, орнына фидя берсе болатуғынлығын билип аламыз.
Ҳайыз ҳәм нифастағы ҳаяллардың ораза тутыўының ҳүкими. Ҳайыз ҳәм нифастағы ҳаяллар ушын динимизде көп жеңилликлер берилген. Бундай ҳаял-қызлар усы күнлер мүддетинде төмендеги ислерди қылыўы қадаған: намаз оқыў; ораза тутыў; Қуран оқыў; Қураны кәриймге қол тийгизиў; Каабаны таўап етиў; мешитке кириў; жынысый жақынлық қылыў. Әлбетте, булардың ҳәммеси ҳәдиси шәрийфлер менен дәлилленген. Биз бул жердеги оразаның ҳүкимине тоқталамыз.
Ҳайыз ҳәм нифастағы ҳаял-қызлар сол мүддети даўамында оқылмай қалған намазларының қазасын да оқымайды, бирақ бундай ҳаял-қызлар Рамазан айында ай көриў күни басланып қалса, онда оразасының қазасын тутып береди. Бул ҳаққында Айша анамыздан бир ҳаял сорағаны ҳаққында рәўият бар, сонда Айша анамыз былай деп жуўап берген: «Бизлерге усы ҳал жеткенде оразаның қазасын тутыўға буйырылар едик ҳәм намаздың қазасын тутыўға буйырылмас едик», деди». Яғный, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳайыз ҳәм нифастағы ҳаял-қызлар оразаны да намазды да тәрк қылыўын, пәкленгенинен кейин оразаның қазасын тутыўын, ал, намаздың қазасын оқымаўын айтқан.
Жоқарыда Рамазан айында ораза тутпаса болатуғын адамлар ҳаққында сөз еттик, булардан басқа да, егер ораза тутса денсаўлығына қатты зыян жетиўи мүмкин болған адамлар да, кейин тутып берсе болады.
«Оразаның пазыйлети» китабынан