Фото

Шавкат Мирзиёев: "Исламды үйрениўге қунт қылмадық, шараят жаратпадық".

17 Декабрь, 2017 1437

Алдын хабар бергенимиздей, 16 декабрь күни Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанға қылған сапары даўамында Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Муҳаммад» мешитинде болып, бул жерде нураныйлар ҳәм имам хатиблер менен сәўбетлести.

Шавкат Мирзиёев сәўбет даўамында Ислам динин үйрениўдеги жағдайымыз ҳаққында тоқталып, былай деди: «Не ушын мен еки орай шөлкемлестирдим? Қапа болмаңлар! Биз Ислам динин үйрениў бойынша тәўирақ артта қалдық, десек, бул әдалаттан болады. Арқада қалдық! Оқымадық! Оқыўға қунт қылмадық! Шараят жаратпадық! Соның ушын биз мине ҳәмме ўәлаятларда өзиниң жөнелисине жараса оқыў орайларын жараттық», деп күйинип сөйледи журтбасымыз.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басламасы менен Сурхандәрья ўәлаятында Имам Термизий халықаралық илимий орайы ҳәм Самарқандта Имам Бухарый халықаралық илимий изертлеў орайы шөлкемлестирилди.

Тэглер