Фото

Дийқаншылық ҳәм дарақ отырғызыў пазыйлети

14 Март, 2023 542

Ислам динимизде Аллаҳ бенделери ушын жасаўға қолай етип қойған жердиң ҳәр бир қарыс жеринен өнимли пайдаланыўға буйырған. Мөмин бенде жақсы нийет пенен нәл ексе уллы саўапқа ийе болады. Жобир (р.а) рәўият етеди: «Расулуллоҳ (с.а.ў): «Қайсы мусылман егин ексе, оннан инсанлар жесе, оған садақа болады, ҳайўан ҳәм қуслардың жегени де садақа болады» - деди. Муқаддес Қураны Кәриймниң «Ар-Раҳмон» сүреси 6-аятында: «Палыз егинлери (яки жулдызлар) ҳәм тереклер де (Аллаҳға) сәжде қылады (бойсынады) - деп келтириледи. Бул аятта Аллаҳ жаратқан нәрселердиң ҳәммеси оның өзине бойсынатуғынлығы айтылған. Жер жүзинде егин егип, нәл отырғызып дийқаншылық пенен ырысқысын табыў ең саўаплы ис есапланады. Инсанның ҳадал ырысқысы талабында кәсип етиўи оның қәдирин асырады. Уллы алым Мовардий (р.а) былай дейди: «Инсанның тиришилиги үш нәрсеге байланған: дийқаншылық, исбилерменлик, өнерментшилик. Мениң нәзеримде ең пәк ҳәм абзалы-дийқаншылық». Ким нәл тигип, дарақ көгертсе жер жүзинде Аллаҳға сәжде етиўши дарақ санының көбейиўине себепши болады. Динимизде егин егиў, нәл отырғызыў ҳәм дийқаншылық саўабы мол әмеллерден саналады. Базылар бул әмелдиң саўабына ериссе, қалғанлардан сақыт болады. Сонлықтанда Пайғамбарымыз Муҳаммад (с.а.ў) үмметлерин егин егиў, ҳәттеки қыямет күни келгенинде бир нәл отырғызыўға үлгериўди нәсиятлайды. Соның ушын ҳәммемиз ең алды менен Аллаҳ разылығы ушын, сондай-ақ қыямет күни саўап үмитинде бул исти өзимиз әмелге асырыўымыз тийис. Ал оннан алатуғын пайдамыз ҳәм саўабы ҳаққында жақынларымызға түсиндирип, әмел етиў бәршемизге несип етсин!

Рахимжан Тлеубаев

Мойнақ районы «Тоқпақ-ата» жәмәәт мешити имам-хатиби, район бас имамы

Тэглер

ораза