Ҳәзирде базылар перзентлерин оқытыўға шет еллерге алып барып, қараўсыз қалдырмақта. Ал, перзентлери илим алыў орнына, белгисиз адамлар менен ўақыт өткермекте. Перзент кәмил ҳәм елге хызмет етиў ушын, туўры жолда ҳәм итиқадта адаспаўы, тараў қәнигелери тәрепинен үлги етип көрсетилген инсан болыўы әҳмийетли екенин умытпаў тийис.
Егер устаздың өзи нәсиятқа мүтәж болса, оның шәкиртинен жақсы нәтийже шығыўы қыйын. Сондай устазлардан тәлим алған перзентлер, ата-аналарын ҳүрметлемей: "Ата-анам тек мени дүньяға келиўиме себеп болған" деп атырған болса, айырымлары ата-анасын иймансызлықта айыпламақта. Базылары ана ўатанына қарсы шығып, машқалалар туўдырмақта.
Жаслар социаллық тармақлар арқалы билим алмақшы болса, рәмий сайтларға мүрәжат етсин, рәсмий имам, устазлар каналларына ағза болсын. Өйткени, социал тармақларда ғәрезли мақсеттеги сайтлар, каналлар ҳәм адамлар оғада көп. Олар бөлеклениў, динде терең кетиў ҳәм мәзҳабсызлық туқымларын шашпақта.
Жаслар илимин асырыў ушын китапханалар бар, бос ўақытын мазмунлы өткериў ушын дөгереклер ашылған. Ийманы, итиқады беккем, илимли, физикалық саламат жаслар келешегимиз гиреўи.
Жуўмақласақ, балалар тәлими ҳәм тәрбиясы менен ата-аналар ҳәм жуўапкерлер шуғылланса, келешекте олардан да имам Бухарий, имам Матуридий, Хоразмий, ибн Сина, Ферғаний сыяқлы уламалар жетилисип шығады, инша Аллаҳ.
MUHAMMAD AL-BERUNIY O'RTA MAXSUS ISLOM BILIM YURTI 2-KURS TALABASI TO'XLIBOYEV QOSIMXON