Фото

МӘЗҲАБ ДЕГЕНИ НЕ?

09 Январь, 2023 416

«Мәзҳаб» сөзликте - «бағдар, жол, ериў (еликлеў)» мәнилерин аңлатады. Шәрият терминологиясында мужтаҳидлерден бириниң аят ҳәм ҳәдислерден шәрият ҳүкимлерин шығарыў жолы «мәзҳаб» делинеди. Исламый мәзҳаблар шәрият дәлиллерин баян етиў ҳәм олардан ҳүким шығарыў медреселери есапланады. Мәзҳаблар шәрият ҳүкимлерин шығарыў ҳәм оларды үйрениў жолы болып саналады. Олар өз тийкаршылары атлары менен – тақўа, уқып, ижтиҳад ҳәм илимлерин бәрше мусылманлар мақуллаған мужтаҳидлердиң атлары менен аталады. Бир қанша мужтаҳидлердиң, соның ишинде Аўзаъий, Суфян Саўрий сыяқлы мужтаҳидлердиң мәзҳаблары олар әлемнен өтиўи менен жоқ болып кеткен. Ҳәзирги күнде Ислам әлеминде төрт уллы мужтаҳидтиң – Имамы Аъзам (Әбиў Ҳанифа), Имам Шафеъий, Имам Мәлик, Имам Аҳмад ибн Ҳанбал мәзҳаблары әмелдеги мәзҳаблар есапланады. Елимиз мусылманлары Имам Аъзам (Ҳанафий) мәзҳабына әмел қылады.



Muhammad al-Beruniy orta arnawli islam bilim jurti 3-kurs talabasi Obidov Rahimjon

Тэглер