Ислам тек диний ҳүкимлерден ғана ибарат дин емес, бəлки ол жəмийет мəнəўийты ҳəм мəрийпатын пайда етиўши ҳəм кəмилликке жетеклеўши, атап айтқанда, оның социаллық-сиясий, руўхий-ағартыўшылық талапларын қандырыўшы тəлимат. Бирақ, исламый ҳүкимлердиң орынланыўы даўамында инсан диний илимсизлик себепли, көпшилик машқалаларға дус келиўи тəбийий ҳал. Мине сол машқалалардан бири мутаассиблик ҳəм динде терең кетиў.
Шəриятымыз диний мутаассибликке ҳəм динге терең берилиўге бəрқулла қарсы болған. Муқаддес динимиздиң тийкарғы дереклери есапланған Қурандағы аяты кəриймалар ҳəм Суннадағы ҳəдиси шəрийфлерде диндеги бул бидъатлар қатты қараланған. Себеби, бул еки иллет түрли заманларда ҳəр түрли атлар астында динимизге сəўлелендирип болмас дəрежеде зəрер жеткизген, бул ҳал ҳəзир уранлар астында даўам етпекте.
Диний мутаассиблик, динде терең кетиўдиң өзи не? Динимиздиң усы еки иллетке мүнəсибети қандай?
Мутаассиблик — оның сөзлик мəниси қайсы бир итиқадқа яки дүняқарасқа оғыры берилгенлик, өз пикиринде қатаң турып алып, басқалардың пикирин инабатқа алмаў ҳəмде инкар қылыў ҳəм ҳəмийше өзин ҳақ деп билиў. Ҳəзирги ўақытта бул "фанатизм" да делинеди. Мутаассиб (фанат) киси биле тура гə туўры, гə натуўры болсын, өзине мақул болған бир пикирде беккем турып, өзиниң пикирин ҳақ, басқалардың пикирин болса наҳақ деп итиқад қылған ҳалда өз пикирин əмелде көрсетиўге ҳəрекет етеди.
Динде ғулу (ғулуў) кетиў — "динде терең кетиў, диний ҳүкимлер ҳəм ибадатларды орынлаўда ҳəддинен асыў, туўры жолдан аўысып, натыўры жолға аўысыў" мəнилерин аңлатады.
Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рəўият қылынған төмендеги ҳəдис буның дəлили: 'Бани Асад қəўимине тийисли бир ҳаял қасымда отырған еди. Сол пайыт Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам үйге кирип келип: "Бул ҳаял ким — деп сорады. "Бул сол, түнде уйқыламай намаз оқып шығатуғын ҳаял", — дедим. Соң, сол ҳаялдың көп намаз оқыўы ҳақында сəўбетлестик, Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Бундай қылмаңлар, салиҳ əмеллерди қурбыңыз жеткенинше орынлаңлар, қанша ибадат қылсаңыз да Аллаҳ таалаға мəлел келмейди, бирақ, өзиңизге мəлел келип қалмасын! — деди. Ҳəдистен мəлим болады, ҳəр бир инсанға динде терең кетиўден ямаса мутаассиблерше қандай да бир парыз қылынбаған əмелди өзине ўəжиб қылып алып, соң орынлай алмайтуғын жағдайға түсип қалғаннан гөре, турақлылық, яғный ўəсатийлик жолын таңлап салиҳ əмеллерде мудамы болыўы жақсырақ екен. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сол ҳəдис арқалы динде терең кетиўдиң ақыбети жақсы болмаўын мəлим етип, ибадатқа тийисли əмеллерден тақат жететуғынын алыўға буйырған. Атап айтқанда, ибадатлардың шəртлерин орындаўда да ғулу кетиў динимизде қатты қараланады. Мəселен, таҳəрат ҳəм ғуслда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлеринде көрсетилген мөлшерден артық суў қолланыўды уламаларымыздың айырымлары "ысырап" десе, базылары "ғулу"дың бир көриниси деп те айтқан. Сондай-ақ, ғулу əмели инсанның жеп-ишиўи, ҳəм ҳəтте кепинлениўинде де бар. Өйткени, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам : (Мəййитти) кепинлеўде ҳəддиңизден аспаң , — деп буйырған.
Негизинде, Аллаҳ табарака ўа таала тəрепинен нəзил етилген муқаддес динимиз — Исламның тийкарын қураған əмеллер бенделердиң тақатынан келип шыққан ҳалда парыз қылынған, яғный турақлылық ҳəм кеңпейилликке тийкарланған.
Nokis Muhammad al-Beruniy orta arnawli islam bilim jurti 3-kurs talabasi Madaminov Abdulhay