Фото

БАЙЛАНЫС АРҚАЛЫ ТАРҚАТЫЛЫП АТЫРГАН ХАБАРЛАР

10 Март, 2023 471

Инсандағы басқалар омирине, атрапта болып атырған итибарсызлық, бийпарўалықты анлататуғын тусиник. Хазирги кунде мамлекет ҳам жамийет омиринде диққатқа илайықлы озгерислер болып атырған бир ўақытта, ўатан мапи жолында ҳар бир инсаннан сергеклик, жуўапкершилик талап етилген шарайыттағы бийпарўалық бул иллет, балким жинаят.

Бугинги кунде Озбекистан келешегин ғайратлы шыжаатлы, руўхий кушли, иман исеними толық, ўатан тағдирине бийпарўа болмайтугын исанларсыз коз алдымызға келтирип болмайды. “Жоқары руўхыйлық – женилмес куш” шығармасында “Биреўдин омирине, шар-атырапта болып атырган ўақияларға бийпарўалық пенен де бийпарўа қарап, жасайтуғын адамнан қорқыў керек. Олардан ҳеш ўақытта жақсылық шықпайды. Себеби, оларда имансыз ҳам махсети жоқ болады. Олар хаттеки оз халқы ҳам ўатанынын келешегине бийпарўа инсандай қарайды. Алдыннан белгили, бийпарўа инсан душпаннанда қаўиплидир. Себеби, душпаннын ким екенлиги, негизги келбети сиз ушын алдыннан белгили болады. Бирақ бийпарўа адамнын келбетин бирден билип болмайды сонын ушын ол ишинизде журип, сизге қарсы тис қайрайтуғын душпанлар ушын имканиятлар жаратып береди. Белгили файласуфлардан бири сол омирдин хахихатын туўры тусинип, томендеги хақлы пикирлерди баян еткен: Душпанлардан қорықпа – арман барса, олар сени олтириўи мумкин. Душпанлардан қорықпа – арман барса, олар саған сатқынлық қылыўы мумкин. Бийпарўа адамлардан қорық – олар сени олтирмийди, сатқынлықта қылмайды, бирақ олардын тым-тырыс бийпарўа қарап турғанлығы себепли жер жузинде сатқынлық ҳам адам олтириўлер жуз берип атыр”, - деп тарип берген. Демек, бийпарўалық – махсети томен, адамларға хас пазийлет болып, инсанды руўхийлықтан улыуўма инсанийлық мартебесинен бийкар ететуғын иллетдир.

Булардан басқа, байланыс арқалы тарқатылып атырган хабарлардын хаммесиде туўры емес. Балким, бул мағлуматлардын базыларын отирик десек, мубалаға болмайды. Мын бир афсус болсын, коп адамлар бул мағлуўматларға исенип, оларды адамлар арасында тарқатып журеди ҳам озлери билмеген халында отирикши болып қалады. Бул албетте, отириктин бир кориниси. Зеро, Абу Хурайра (р.а) Пайғамбар (с.а.ў) дан риўаят қылған хадисте сондай делинген: “Адамнын ҳамме еситкенерин сойлейбериўи онын отирикшилигине жетерли далилдир” (Имам Муслим риўаяты)

Жане Абу Хурайра (р.а) Пайғамбар (с.а.ў) дан риўаят қылған басқа бир хадисте ол киси: “Адамнин хамме еситкенлерин сойлейбериўи онын отирикшилигине жетерли далидир”, - делинген (Имам Муслим). Бул хадистен коринип турғандай тармақ арқалы келген мағлуматларды тарқатыў ҳам “Басқа инсанлар менен бахам кориў” гуна екенлиги тусиниледи.

Инсан ол ямаса бул хабарды еситер екен, жолдан адаспаўы ушун ҳеш болмағанда: “Бул хабарды ким жазып атыр?”, “Қандай махсетде жазып атыр?” деген сораўларды, ен алды менен озине бериўи, оларға негизги жуўап таўыўға харекет қылыў керек.

Нокис қаласы Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний

орта арнаўлы ислам билим журты

3-талабасы Хужамбердиев Мухаммад

Тэглер