Ўатан меҳри ең дәслеп, инсанның өз шаңарағы, үйи, мәҳеллеси ҳәм туўылып өскен жерине болған меҳир-муҳаббаты болып есапланады. Ўатанға муҳаббат жоқары инсаный пазыйлетлерден екени көп айтылады. Бул ҳаққында: «Ўатанды сүйиў ийманнандур» делинген ҳикметти еске түсириўдиң өзи жеткиликли. Ўатанды сүйиў инсанға тән тәбийий туйғы болғаны ушын Ислам оны ийманның бир бөлеги деп қарайды. Атақлы саҳаба Билал разыяллаҳу анҳу Мадинаға ҳижрат қылып, өзиниң муқаддес үлкесин еслеп қосық оқыйтуғын еди. Бул да, әлбетте, ҳәр бир инсанның кеўилинде өзиниң туўылып өскен жерине муҳаббатлы болатуғыны тәбийий екенин билдиреди.
Ислам инсанды сүйиўге буйыратуғын дин. Ол барлық инсаный туйғыларды қәдирлейди. Мине усындай туйғылардан бири меҳир-мириўбет, сағыныш ҳәм муҳаббат болып есапланады. Олар, дәслеп, ата-ана, аға-ини, яр-дослар менен байланыслы. Басқаша айтқанда, инсанның туўылып өскен үйи, мәҳәллеси, аўылы, бир сөз бенен айтқанда, Ўатан деген түсиникте жәмленген.
«Ўатан» атамасы тийкарынан арабша сөз болып, ана журт деген мәнисти аңлатады.
Ол кең мәниде қандай да бир халықтың ўәкиллери жәмлесип жасап турған, олардың ата-бабалары әзел-әзелден жасап келген аймақты билдиреди. Тар мәниде инсан туўылып өскен үй, мәҳәлле, аўыл нәзерде тутылады. Ибн Халдун «Ўатан бул инсанның туўылып өскен жери, оның нәрестелик шағынан-ақ меҳир қойған ошағы болып есапланады», — деп тәрийплеген.
Бир инсанды өз Ўатанынан сүргин етиў, мәжбүрлеп қуўып жибериў үлкен гүна екени муқаддес китабымызда жазылған. Қураны кәримде: «Ядыңызға түсириң, сизлерден «Бир-бириңиздиң қаныңызды төкпейсиз, һзлериңизди (бир-бириңизди) журтыңыздан қуўып шығармайсыз», — деген ўәдеңизди алған едик», — делинеди (Бақара, 84). Буннан көринип турғанындай, Ўатаннан қуўып жибериў өлтириўден кейинги ең аўыр гүналардан екен. Пайғамбарымыз Муҳаммед саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Меккеден Мадинаға ҳижрат қылып атырып, Мекке шегарасына жеткенде изине қарап: “Әй, туўылған ана журтым, егер қәўимим мәжбүр етпегенде, сени тәрк етпес едим”, — деген.
Келтирилген аят, ҳәдис ҳәм ибратлы мысаллардан мәлим болғанындай, Ўатан инсан ушын муқаддес, ҳеш бир нәрсе менен алмастырып болмайтуғын туйғы. Ол өз өзинен сүйилиўге, қәдирлениўге ылайық.
Ўатан — муқаддес дәргәй. Оны қорғаў, душпанлардан сақлаў, раўажландырыў жолында хызмет етиў ҳәр бир мусылманға ҳәм парыз, ҳәм қарыз. Пайғамбарымыз Муҳаммед саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан Саъид ибн Зайд разыяллаҳу анҳу рәўият қылып: Малын, жанын, динин ҳәм халқын қорғаў жолында қайтыс болғанлар шейитлик дәрежесинде”, — деген (Әбиў Даўыт рәўияты).
Ҳәдисте санап өтилген мал, жан, шаңарақ ҳәм дин адам өмириниң мазмуны Ўатанды аңлатады.
Шариат китапларында Ўатанды сақлаў фарзи айн, яғный бәршеге теңдей буйырылған әмел, деп белгиленген.
Ўатанды қорғаў жолында уйқыламастан сақшылық еткен көздиң ийесин дозақ оты да күйдирмейди екен. Бул ҳаққында ибн Аббас разыяллаҳу анҳуден рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз Муҳаммед саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: еки көз ийесин дозақ күйдирмейди: Аллаҳ тааладан қорқып жылаған, Аллаҳ таала жолында сақшылық етип уйқыламаған адамды, — деген (Термизий рәўияты).
Елимиз даңқын дүняға танытқан уллы бабаларымыздан Нажматддин Кубро ҳақыйқый Ўатанды қорғаўшысы қандай болыў керек екенлигине айқын мысал бола алады. Мыңлап шәкиртлер шығарған бул улама монголлар бастырып келгенин еситип, бириншилерден болып Ўатанды қорғаўға шығады. Монгол ҳүкимдарлары оның халық ишиндеги абыройын көрип, оған қаланы таслап өзи қәлеген жағына кетиўин усыныс етеди. Ўатанды өз жанынан үстин қойған шайх басқыншыларға қарсы саўашқа киреди ҳәм байрақты көтерип, ләшкерди алға баслап баратырған да ҳәм шейит болады. Ол байрақты қатты қысып услап алғаны сонша, ҳәтте байрақты қолларын кесип алып ғана ерискен. Тарийхымызда бундай мысаллар жүдә көп.
Ўатанды қорғаў қаншелли саўап болса, оған қыянет етиў қурал менен бастырып кириў соншелли гүна, ең аўыр жазаға ылайық жынаят есапланады.
Жокарыдағы мысаллардан сондай жуўмақ шығады, Ана Ўатан ҳеш қашан сатылмайды, оған қыянет те қылынбайды. Демек бундай қыянетти ҳеш қандай диний ҳәм дүнялық нызам ямаса тәлимат ақламайды.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
орта арнаўлы ислам билим журты 3-курс талабасы
Сапаров Сардар