Ҳәзириги ўақытта дуньяда жүз берип атырған глобал сиясий процеслер, ҳәр турли мәпдар күшлердиң өз мақсетлери жолында алып барып атырған геосиясий ойынлары ақыбетинде, ғәрезсизлик жолына өткен жас мәмлекетлердиң тынышлығы ҳәм қәўипсизлиги үлкен қәўип астында қалып атыр. Әсиресе, халықаралық сиясатта дин факторынан пайдаланыўға пәт берилип атырғаны бул қәўипти және де күшейтпекте. Қарсыласларымыз динимиздиң негизги мақсетин бузып көрсетиўи менен оннан өз мәплери ҳәм бузық режелери жолында пайдаланыўға урыныўлары барған сайын ҳәўиж алмақта. Батыс мәмлекетлериниң ғалаба хабар қураллары тынымсыз түрде халыққа Ислам динин бузғыншылық, жаўызлық, зорлық дини деп көрсетиўге ҳәрекет етип атыр. Сол тәрептен де жәмийет алдында адамлардың динимиз қәдириятлары менен «Исламды қайта тиклеў ураны» астында белгили бир күшлер гөзлеп атырған, динге байланысы болмаған сиясий ҳәм басқа агрессив мақсетлер арасындағы парықты түсинип алыўына ерисиў зәрурлиги туўылды.
Бул ғәрезли ҳәрекетлер тәсиринен бизин елимиз де шетте қалып атырған жоқ. Кейинги пайытлары Орайлык Азия аймақларында да айырым диний-сиясий ҳәм экстремистлик күшлер динди сиясийлестириўге, сол жол менен адамлар, әсиресе, жаслардың санасына тәсир өткериўге бар күши менен ҳәрекет етпекте. Биринши Президентимиз И. А. Каримовтың: «Аллаҳ қәлбимизде, жүрегимизде» китабында айтып өтилгениндей, «бул жаўыз кимселер еле сана-сезими қәлиплеспеген, тәжирийбесиз жасларды өз дузағына илиндирип, олардан өз мақсетлери жолында пайдаланбақта. Ал, бул Исламның инсанпәрўарлық идеяларының абыройын төменлетиўге себеп болмақта». Бундай жаўыз ис-ҳәрекетлердиң елимиз тынышлығы хәм пәраўанлығына кәўип туўғызыўы, миллетлер аралық ҳәм динлер аралық татыўлыққа зыян жетиўи, адамларды бир-бирине қарсы түрли топарларға бөлип таслаўы, олар арасында бузғыншылық идеяларын жайыўы турған гәп.
Бундай кең көлемли ҳәм пуқта ойланған ҳәрекетлерге қандай факторларды қарсы қойыў мүмкин? Бунын ушын алды менен жасларымызға сыртқы бузғыншы күшлердиң диннен өз мәплери жолында пайдаланыў ҳәрекетлериниң маңызын сап диний дереклер тийкарында ашып бериў керек. Ислам дини зорлық, қан төгиў ямаса бузғыншылыққа үгитлемейтуғыны, керисинше, бул дин тынышлық, инсаныйлық, кеңпейиллик, жақсылық дини екенин кең түсиндириў лазым болады. Тийкарында Ислам дини ҳәр қандай зулым, қан төгиў биреўге азар бериўден пүткиллей жырақ, ең гөззал ҳәм жақсы әмеллерди орынлаўға шақырыўшы дин болып есапланады.
Мине усы тәрептен алып қарайтуғын болсақ, ийман ҳәм кәпирлик мәселеси де Исламдағы ең нәзик, әхмийетли мәселелерден есапланады. Бир инсанның мусылманлықты талап етиўинде қаншелли ырасгөй екени жалғыз Пәрўардигарға ғана аян. Соның ушын да өтмиштеги көплеген уллы уламаларымыз, ойшылларымыз өзлеринше қарар етиўден сакланған, бир инсанды кәпирге шығарыў барысында жүдә абайлылық пенен ис тутқан.
Бирақ, бүгинге келип, уллы бабаларымыз дәстүрлери умытылды, бир-еки китапты оқып алып, өзин алым санайтуғын, адамларды болар-болмасқа кәпирге шығаратуғын ағым ҳәм топарлардың ўәкиллери пайда болды. Бундай ағым ҳәм топарлар (мысалы, «Ҳизбут таҳрир» «ИШИМ»сыяқлы) ийман ҳәм кәпирлик мәселелеринде жүдә батыл болып кеткен. Исламды еле терең үйренбеген, жетерли билим алмаған айырым жасларымыз оларға ойланбастан ерип, наданлық жолына кирип қалып атыр. Усы жерде «Неге бундай болып атыр? Олардың қәтеси неде? Машқаланың шешими бар ма?» деген сораўлар туўылыўы тәбийий. Бул мақаламызда усы сораўларға жуўап табыўға ҳәрекет қыламыз. Аллаҳ таала бенделерин сөзлердиң ең гөззалына, пайдалысына ериўге шақырады: «(Әй Му-ҳаммед,) Мениң сондай бенделериме хош хабар бериң, олар гәпти тыңлап, соң оның ең гөззалына ереди. Әйне усылар Аллаҳ ҳидаят еткен затлардур ҳәм әйне усылар ғана ақыл ийелери болып табылады» (Зумар, 17-18).
Пайғамбарымыз Муқаммадтан (саллаллаху алайҳи ўа саллам) рәўият кылынған ҳәдиси шәриплерде де инсанлар жақсы әмеллер қылыўға, жаманлыклардан қашыўға шақырылады: «Мусылман — қолы ҳәм тилинен ҳеш ким зыян көрмеген адам. Мөмин — басқалардың малы ҳәм жанына зорлық етпейтуғын адам. Муҳожир — гүналарды тәрк еткен адам. Аллаҳ жолында мужаҳид — нәпсине қарсы гүреске кирискен адам»; «Үмметим ҳеш қашан жаманлықта бирлеспейди»; «Инсанларға жақсылықгы үйретиўши адамға Аллаҳ таала, Оның перипггелери, аспан хәм Жердеги барлық жанзатлар, ҳәтте уясындағы қумырысқа менен теңиздеги балықлар да салаўат айтады».
Динимиздиң бул көрсетпелеринен шегинип, адасқан топарларға ерип кеткен жасларымыз наданлықлары, диннин, негизги маңызын аңлап жетпегени ақыбетинде ийман ҳәм күпир мәселесинде бир неше қәтелерге жол қояды. Келиң мине усы қәтелерди кеңирек көрип шығайық:
Бизиңше, олар жол қойып атырған қәтелердиң бириншиси мәселеге женил-желпи қараў, асығыслық қылыў болып есапланады. Бирер шахс яки пүткил бир жәмийетти кәпирликте айыплаў яки кәпирге шығарыў жүдә қолайсыз ис болып, буған түсинбеслик мүнәсибетте болыў жарамайды. Себеби, буның артында кәпирге шығарып атырған яки шығарылып атырғанлардан бири ушын қорқынышлы ақыбет жатыр. Имам Бухарий Әбиў Ҳурайрадан (разыяллаҳу анҳу) рәўият қылған ҳәдисте Расулуллах (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам) былай деген: «Адам өз жолдасына «Әй, кәпир!» десе, кәпирлик екеўиниң биреўине қайтады». Ҳәдистен көринип турғанындай, өзгени кәпирге шығарыў әпиўайы кемситиў сөз емес, керисинше өз ақыретинен айырылып қалыў итималын туўдыратуғын қәўипли мәселе есапланады. Соның ушын да ҳанафий мәзҳабы уламалары басқа мәзҳаблардың алымларына қарағанда такфир (кәпирликте айыплаў, кәпирге шығарыў) мәселесине көбирек әхмийет берген. Бул ҳаққында жазылған шығармалардың бириншиси мысрлы алым ҳижрий 768-жылы қайтыс болған Муҳаммед ибн Исмаил ибн Рашидий қәлемине тийисли. Оның «Кәпир сөзлер» атлы шығармасына биринши болып ҳанафий алымларынан алым Алийу Қори толық шолыў жасаған.
Мусылман адамның бирер бир гүнасы яки билмей қылған қәтелери ушын кәпирге шығарыў яки көпшилик халқы мусылман болған үлкелерди «кәпирлер үлкеси» деп атаў Ислам ақадасына улыўма қарсы. Уллы мәзҳаб басшымыз Имам Әбиў Ҳанифаның (раҳимахуллаҳу анҳу) ақидаға тийисли «Фиқхул акбар» китабында баян етилген төмендеги пикирлерди келтирип өтиў мақсетке муўапық болады: «Бир де бир мусылманды кылған гүнасы себепли кәпирге шығармаймыз, ол үлкен гүна болса да. Егер оны ҳадал деп исенбеген болса, оннан ийман исмин алып тасламайыз, оны ҳақыйқый мөмин деп атай беремиз. Оны бузық (пасық) мөмин деп атаў мүмкин, тек кәпир деп емес».
Демек, диний билими жүдә сайыз, түрли душпанлыкдарды келтирип шығаратуғын пикирлер ҳәм идеяларды әпиўайы халықтың санасына синдириўге урынып атырған шала саўат кимселерге ерип кетпеўи ушын жасларымызды дурыс жолға салыў хәм сергекликке шакырыў ҳәр биримиздин, тийкарғы миннетимиз есапланады.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы
ислам билим журты 1 -курс талабасы
Муфтуллаев Абдулбасит