Динимизде перзент тәрбиясына үлкен итибар берилген болып, буны бала туўылмастан алдын баслайды. Әлбетте перзенттиң ертеңги күни ким болыўы, перзенттиң әдеби, жәмийетке пайда тийгизиўи, адамлар арасында өз-ара ҳүрметти билиўи биринши нәўбетте ата-анаға байланыслы болады. Ҳәдиси шарийфте ҳәр бир бала фитратта туўылыўы, кейиншелик ата-анасына қарап өзгериўи айтылған. Солай екен, перзент тәрбиясындағы биринши ўазыйпа бул сол балаға жақсы ана ямаса жақсы әке таўыўдан басланады. Ҳар қандай ер адам перзент тәрбиясын әдеби гөззал ҳаял таўыўдан, ал ҳаяллар болса, әдеби гөззал күйеў таўыўдан баслаўы керек.
Перзентлеримиздиң ертеңги күни әдеп-икрамлы болыўында некениң орны үлкен. Себеби шаңарақтың уллы екенин түсинген жаслар ғана некеден өтеди. Солардан ғана кележекте ата-анасына, ўатанына пайда келтиретуғын перзентлер дөрейди. Өткинши ҳәўес ямаса «ғалабалық мәденият»ына еликлеп жүрген айрым жасларымыз некениң не екенин де билмейди. Шаңарақтың уллы екенин сезбеген, некениң не екенин билмейтуғын жаслардан дөреген перзентлер ертең ким болады. Перзентли болғаннан кейин ажырасып кетип атырғанларды көрип, булардың ата-анасы тәрбия бермеген бе екен деп ойланасан.
Некеден өтип, нәсл-насабы белгиленген баладан ғана ўатанына садық перзентлер шығады. Оның терисинде болса ҳәзирги европа не қыларын билмей атырған тек өзин ойлайтуғын әўладлар дөрейди. Демек, перзенттиң ертеңги күни жақсы адам болып жетисиўинде некеден өтиў шәрт екен.
Перзент еле ҳәмиле ўақтында анаға мүнәсибет жақсы болыўы керек. Себеби, перзент ана арқалы азықланады. Усындай ўақытта шаңарақ ағзалары, айнықса сол перзенттиң әкеси ҳаялына ҳәр тәреплеме көмеклесиўи керек. Айрымлар адамлардың: «ҳаялы қылыўы керек ислерди қылып жүрипти» гәплерине қулақ салмаў керек. Себеби, ол ҳаял сениң ҳаялың, перзент сениң перзентиң, ертең бир нәрсе болса биринши нәўбетте сен өзиң қыйналасаң.
Перзент туўылғаннан кейин оған шырайлы ат қойыў ата-ананың ўазыйпасы. Балаға ат қойғанда, ол бала кейиншелик өзиниң атынан уялмайтуғын болыўы керек. Айрымлар серияллардағы образлардың атларын қойып қояды ямаса қайсы бир ҳайўанның яки көзине көринген нәрсениң атын қояды. Бул дурыс емес. Перзентке ат қойғанда илажи барынша қудайға қулшылықты билдиретуғын атлардан қойылса жақсы болады. Ат қойғанда атты бузбастан қойыў керек. Мысалы Ибраҳимди Ибраим. Маҳмудты Мамут, Аҳмадты Әмет, Исҳақты Исақ, сондай-ақ қызлардың атларында да Ҳадийжаны Хатша, Фатиманы Патпа, Раҳиманы Раима ҳ.т.б.
Бала туўылғаннан кейин баланың оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтылады. Демек, азан айтыў баланың саў-саламат өсиўи ушын, ҳәр түрли балаларға зыян жеткеретуғын Умму сибян деген жинлерден аманда болыўы ушын керек екен.
Перзент туўылғаннан кейин қылынатуғын ислерден бири Аллаҳ таала берген усы неъмат ушын шүкрана қылыў болып табылады. Бунда әлбетте өзиниң имканынан келип шығып қылынады. Бул ис қылынса жақсы, егер имканияты болмай қыла алмаса зыяны жоқ.
Туўылған перзент егер ул бала болса, оларды сүннет қылыў әкениң ўазыйпасы. Бизлер сүннет деп айтатуғын бул ис негизинде хотна деп айтылып, оны қылыўдың ҳүкими сүннет болады. Бизлердиң халқымыда бул туўрыдан-туўры сүннет деп аталып кеткен. Бала туўылғанда жетинши күннен баслап сүннет қылса болады. Уламаларымыз баланы жети жасынан он жасына шекем сүннет қылса жақсы болады деген.
Баланы сүннет қылыў менен киши мәресим өткизсе болады. Бирақ бул мәресим шегарадан шықпаған ҳалда болыўы керек. Яғный дәбдебе менен үлкен той қылыўға болмайды.
Жоқарыда перзент көргенде қылынатуғын ислер айтлды. Енди перзентти тәрбиялаўда нелерге итибар бериў кереклиги ҳаққында айтамыз.
Баланы тәрбиялаўда мүтәж болатуғын ҳәмме қәрежетлер әке тәрепинен қапланыўы керек. Бул әкениң миннети есапланады. Пертзентти тәрбиялағанда ата-ана оларға мийрибан болыўы керек. Айрымлар балаға қатты қол болыў керек, дейди. Бул қәте ис. Балалар арасында теңликке де итибар бериледи. Ата-бабаларымыз балалары арасында ҳәтте оларды сүйгенде де әдалат қылыўды жақсы көрген. Аллаҳ таала ҳәр бир нәрсени себеплери менен жаратқан. Аш адам аўқат жемесе қарны тоймағанындай, тәрбия берилмесе, перзент те әдепли болып ер жетпейди. Соның ушында перзент тәрбиясына үлкен итибар берилген.
«Тәрбия» сөзи өсириў, дүзетиў, зыяда қылыў мәнилерин аңлатады. Балалар тәрбиясы ата-аналардың ең жуўапкерли ҳәм узақ даўам ететуғын миннетлери есапланады. Басқа миннетлер айрым бир ислерди қылыў менен таўсылса, перзент тәрбиясы даўамлы болатуған исдур. Негизинде ата-ананың усы перзентти Аллаҳ таала оларға бергени ушын қылатуғын шүкирлери де усы перзентти тәрбиялаўдай үлкен исти мойынларына алып, жуўыпкершиликли ҳалда атқарыўлары менен болады.
Тәрбияның бир бөлеги балаға жақсы әдеп үйретиўдур. Әдеп бул – мақтаўға ылайық сөз ҳәм әмеллерди қылыў, уллы хулқларды услаў, өзиңнен үлкенлерди ҳўрметлеп, кишилерди иззет қылыў, ҳтб. Усы ҳәм буған уқсас тәрипелер гөзленген әдепке тәрип бола алады.
Тәрбия ҳәм әдеп мәселесинде биринши нәўбетте ата-ана өз балаларын өрнек болыўы керек. Соның ушын да ата-ана балаларына ҳәмме ўақыт жақсы ҳәм гөззал өрнек болыўлары лазым. Ҳәмме жақсы сыпатларын көрсетип, жаман сыпатлардан узақта болыўы керек. Ата-ана балаларына жақсы сыпатларда өрнек болыўы менен бирге, оларға әдеплерди қунт пенен, зерикпестен алып барыўлары зәрүр. Себеби ата-ананың перзентлерге беретуғын нәрселериниң ишинде ең қымбатлысы ҳәм зәрүри әдепдур.
Перзент әтирапта болып атырған ўақыя-ҳәдийселерге, өзгерислерге қатнаслылық руўхта тәрбияланыўы тийис.
Президентимиз айтқанындай: «Жаслар ортасында саламат турмыс тәризи принциплерин енгизиў, оларды гиябентлик, шеттен кирип келип атырған ҳәр қыйлы зыянлы тәсирлерден, «ғалабалық мәденият» нықабы астындағы қәўип-қәтерлерден сақлаў мәселелери ҳеш қашан итибардан шетте қалмаўы тийис».
Анас ибн Малик разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Перзентлериңизди ҳүрметлең ҳәм олардың әдебин гөззал қылың», - дедилер».
Бала ата-анасы алдындағы аманат болып, оның қәлби таза гәўҳардай болады. Ол ҳәр қандай нақышты қабыл етеди. Егер ол жақсылыққа үйретилсе, жақсы болып өседи. Усындай тәрбиялағаны ушын, оның саўабыата-анасына ҳәм тәрбияшыларына болады.
Ата-ана баланы кишкенелигинен гүзетип барыўы керек. Оны тек диндар ҳәм ҳадалдан жейтуғын ҳаял ғана емизиўи керек. Ҳарамнан ҳасыл болған сүтте береке болмайды.
Балада пайда болатуғын жаман сыпатлардан бириншиси аўқатқа өшлик. Соның ушын ата-ана балаға аўқатланыў әдебинен тәлим бериўи лазым. Бийҳуўда нәрселерден баланы сақлап, ата-бабаларымыздан даўам етип киятырған миллий әдеп-икрамлық сабақларын бериў керек. Баланың бир жаман ис қылғаны сезип қалынса, оның айыбын ҳәммениң алдында әшкар қылмаў керек, ҳеш кимге билдирмей әке тәрептен жазаланыўы, адамлар билип қалса уят болыўы түсиндирилиўи керек. Бирақ жаза көбейтирилип жиберилмеўи керек, себеби бул баланың бетиниң қатып кетиўи алып келеди. Әке баланың алдында өзиниң әкелик дәрежесин сақлап турыўы керек. Ана болса, баласын әкеси менен ескертип турыўы керек.
Күндизи ҳәм биймәҳел уйқылаўға баланы әдетлентирмеў керек. Бунда ол ериншекликке үйренип қалыўы мүмкин.
Тәрбияның екинши бөлими бул балаға тәлим бериўдур. Илим болса бир нәрсени ҳақыйқатта қандай болса, исеним менен сондай түсиниўдур. Илим үйрениў ҳәр бир адам ушын парыздур. Демек ҳәр бир адам илим талап қылыўды өзи ушын парыз деп билиў керек. Илим бесиктен қәбирге шекем талап қылынады.
Тәрбияның үшинши бөлеги бул дене шынығыўыдур. Ҳәзирги күнимизде саламатлықты сақлаў, кеселликке ушырамаўлық ушын, дене тәрбиясы қаншелли әҳмийетли екенин ҳәмме түсинип жеткен. Үлкен-киши иләжи барынша дене тәрбиясын қылыўға ҳәрекет қылады. Буған айнықса раўажланған мәмлекетлердиң халықлары жүдә берилген. Ҳәммениң күшли, епшил, саламат ҳәм кеселликлерге шыдамлы болғысы келеди. Буның ушын болса, дене тәрбиясы менен шуғылланыў лазым. Соның ушында ата-аналарға балаларының дене тәрбиясына айрықша итибар бериў ўазыйпасы жүклетилген.
Жаслық инсан өмириниң ең әҳмийетли басқышы болып, бул дәўирде ол нағыз күшине толған пайыты болады. Усы дәўиринде инсан өмир деп аталатуғын гүзар жоллардың кесиспесинде турады.
Усы кесиспеде инсанға туўры жол таңлаўына жәрдем берилип, жақсы жолға бағдарланса, келешеги айдын болады. Бул оны дүнья ҳәм ақырет бахтына еристиреди. Егер, итибарсыз қалып, бул кесиспеде жаман жолға бурылып кетсе, өзи, шаңарағы, туўысқанлары, халқы, Ўатаны ушын жүдә кеўилсиз ҳәдийселерге қәдем қойған болады. Буның менен оның бул дүнья ҳәм ақыретте жақсылыққа ерисиўи қыйынласып қалады.
Жаслар ҳәр бир миллеттиң келешеги екенин есапқа алатуғын болсақ, оларға итибар қаратыўдың әҳмийети де артады. Өйткени, ҳәр бир шахстың ким болыўы жаслығынан басланады. Жаслық ўақтында қәлиплесип қалған сыпатлар инсанға өмир бойы жолдас болады. Соның ушын да жаслардың әдепли болыўы ушын ҳәрекет етиў жүдә әҳмийетли ис есапланады.
Жаслық дәўири инсан ушын берилген илаҳий неъматлардан бири болып, инсан бул неъматқа шүкирлик етиўи, бунда ҳасла нашүкир болмаўы зәрүр есапланады. Ал, ҳәр бир неъматтың шүкирлиги неъмат бериўши Затқа мақтаў сөзлерин тил менен айтып, қәлби менен тастыйықлаў ҳәм ең әҳмийетлиси, берилген неъматты неъмат бериўши Затты разы қылатуғын тәризде ис етиў менен жүзеге шығады.
Жасларды жолдан азғыратуғын шайтан малайларынан ең қәўиплиси нәпси бәлеси есапланады. Бул нәпси бәлеси жасларды - жигитлерге қызлар менен, қызларға жигитлер менен ҳарам-напәк байланыслар орнатыўға, соның менен бирге, шегиў, арақхорлық, нәшебентлик сыяқлы апатшылыққа алып баратуғын жолларға баслайды. Сондай-ақ, жасларды қумарпазлық, бузғыншы ҳәм тегин тамақ болыўға шақырады. Демек, барлық жасларымыз, жигит ҳәм қызларымыз нәлетленген шайтанның «нәпси бәлеси» атлы малайынан абайлы болыўы керек.
Жасларды жолдан азғыратуғын шайтан малайларынан және бири жаман дослар есапланады. Жасларымыз өзлерине дос таңлаўда жүдә абайлы болыўы, ойлап ис алып барыўы керек. Олар билип-билмей арақхор, қумарпаз, бузық адамлар менен досласып қалмасын, жаман достың кесири тийетуғыны турған гәп.
Жасларды жолдан адастыратуғын шайтан малайларынан және бири бузық жолларға шақырыўшы динлер, ағым, ҳизб ҳәм топарлар есапланады.
Ҳәзирги күнлери шайтанның бул түрдеги малайлары да жүдә көбейген. Олар түрли мәмлекетлер, үлкелер ҳәм журтларға ҳәр тәрептен ҳәр қыйлы жылтырақ атамалар ҳәм шақырықлар менен кирип келмекте. Айырым сада жаслар олардың торына түсип қалып, өзлериниң, ата-аналары, шаңарақ ағзалары, ағайин-туўғанлары ҳәм жақынларының жүзин төмен қаратыўға себеп болмақта. Бундай жаўыз күшлерден жасларымыз ҳәр демде абайлы болып турыўы, өзлигин, мәзҳабларын, миллетлерин умытпаўы керек.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний ўрта махсус ислом билим юрти
1 курс талабаси Аллаяров Шарапатдин