Фото

Президентимиз Шавкат Мирзиёев қаламыздағы Имам ийшан Муҳаммад мешитине келди.

17 Декабрь, 2017 1422

Бүгин 16 декабрь күни Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев қаламыздағы Имам ийшан Муҳаммад мешитине келди. Президентимизди Өзбекстан Мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Усманхан Алимов ҳәм Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддиновлар күтип алды. Президентимиз Шавкат Мирзиёев мешитте нураныйлар ҳәм имам хатиблер менен сәўбетлести. «Өтмиште жасап өткен уллы әждадларымыз өмири ҳәм дөретиўшилигин терең үйрениў ушын бәрше шараятлар жаратамыз. Халық зыярат етип, ҳақыйқый мәнаўий азық алатуғын бундай мәнаўий-мәрипий мәканларды абат қылып, келешек әўладлар ушын сақлаўымыз керек», — деди Шавкат Мирзиёев.

Шавкат Мирзиёев быйыл 20—21 январь күнлери журтымызға келген сапарында Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Муҳаммад» мешитинде болып, бул жердеги имам хатиблер уқыбын асырыў оқыў орайы, жатақхана ҳәм китапхана, мешит әтирапын абаданластырыў ҳәм дөгерекке дийўал өриў, нанбайхана шөлкемлестириў, ҳәўиз, фонтан ҳәм басқа қолайлықларды қурыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Мешитимизде өткен 11 ай даўамында кең көлемли қурылыс ҳәм реконструкция ислери болып өтти. Мешит бинасының биринши қабатында Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты жайласқан болып, оның бәрше ханалары қайтадан оңлаўдан шығарылды. Екинши қабатында ахборот-ресурс орайы, 2 китапхана шөлкемлестирилди. Ыссы пол қурылды, есиклери жаңасына алмастырылды. Намаз оқыйтуғын тийкарғы зал реконструкция қылынып, гүмбез қайта исленди. Мешит қасынан минара, ҳәўиз, нанбайхана, автомобиллер ушын тоқтаў орны ҳәм басқа қолайлықлар жаратылды. Тереклер ҳәм гүллер егилди.

Сондай-ақ, мешит қасында имам-хатиблер уқыбын асырыў оқыў орайы қурылды.

Тэглер