Фото

ИНТЕРНЕТТИҢ ЕКИ ЖҮЗИ

09 Март, 2023 403

Жаслық инсан өмириниң ең әҳмийетли басқышы болып, бул дәўирде ол нағыз күшине толған пайыты болады. Усы дәўиринде инсан өмир деп аталатуғын гүзар жоллардың кесиспесинде турады. Усы кесиспеде инсанға туўры жол таңлаўына жәрдем берилип, жақсы жолға бағдарланса, келешеги айдын болады. Бул оны дүнья ҳәм ақырет бахтына еристиреди. Егер, итибарсыз қалып, бул кесиспеде жаман жолға бурылып кетсе, өзи, шаңарағы, туўысқанлары, халқы, Ўатаны ушын жүдә кеўилсиз ҳәдийселерге қәдем қойған болады. Буның менен оның бул дүнья ҳәм ақыретте жақсылыққа ерисиўи қыйынласып қалады. Жаслар ҳәр бир миллеттиң келешеги екенин есапқа алатуғын болсақ, оларға итибар қаратыўдың әҳмийети де артады. Өйткени, ҳәр бир шахстың ким болыўы жаслығынан басланады. Жаслық ўақтында қәлиплесип қалған сыпатлар инсанға өмир бойы жолдас болады. Соның ушын да жаслардың әдепли болыўы ушын ҳәрекет етиў жүдә әҳмийетли ис есапланады.

Ҳәдиси шәрифте Пайғамбарымыз алайҳиссаллам: «Қыямет күни адам баласының қәдеми оннан бес нәрсе ҳаққында: өмирин неге сарыплағаны, жаслығын неге кеткизгени, малын қалай жыйнап, қай жерге жумсағаны, алған илимине қалай әмел қылғаны ҳаққында соралмағанынша, Аллаҳ тааланыӊ алдынан үзилмейди», деп айтылған. Демек, Мөмин адам өзине берилген өмир неъматы әзиз екенин, оннан үнемли пайдаланыў өзиниң муқәддес ўазыйпасы, әхиретте оның ҳәр бир ләҳзесинен соралыў барлығын бир дем болсада умытпаслығы лазым. Усы итибардан интернетке кирип, керексиз нәрселерге саатлап ўақыт сарыплаў ўақыттың қәдирине жетпестен оны ысырап қылыў динимизде қайтарылған. Себеби, Интернетдеги имкәниятлар көбейип кеткенинен базылар, жалған хабарлар, сүўретлер ҳәм видеокөринислер тарқатыўға әдетленген. Интернет еки тәреплеме – ҳәм жақсылыққа ҳәм жаманлыққа хызмет қылыўы мүмкин болған нәрсеге айланды. Бизиң ўазыйпамыз оны жақсылыққа хызмет қылдырып, оның зыянларынан шетлениўге ҳәрекет қылыў. Егер бүгин биз ата-аналар, устазлар жасларға интернеттен пайдаланыў тәртибин үйретпесек өзлери билип-билмеген ҳалда ҳәр қыйлы ағымларға кирип кетиўи мүмкин. Ўақыт, имканият қолдан берилсе, кейин кеш болыўы ҳәммемизге мәлим.

Биз күнделикли қолланатуғын «Интернет» сөзи шет тилдеги қысқартылған сөз болып, тилимизде «халықаралық мағлыўматлар торы» деген мәнисти аңлатады. Интернеттиң тынымсыз раўажланыўы ақыбетинде ол тек мағлыўматлар усыныў ҳәм қабыл етиў менен шекленип қалмай, буннан да үлкен көлемдеги ислерди алып барыўға хызмет ететуғын болып қалды. Турмыстың барлық тараўларында интернет жәрдеминде аңсат, арзан ҳәм тезлик пайдалары гөзленетуғын болды.

Интернетте пайдалы мағлыўматлар менен бир қатарда зыянлы, бузық мағлыўматлар да тарқалмақта. Исенимге зыянын тийгизетуғын, бузықшылық ҳәм уятсызлықты үгитлеўши, әдепсизликти тарқатыўшы ҳәм соған уқсас инсаният әўладына ар келтириўши ислерди үгитлейтуғын сайтлар көбейип бармақта. Айырым адамлар интернет арқалы бир-бирине жала жаўмақта, хорлап, сөгиспекте, бир-бирин шерменде қылмақта ҳәм тағы басқалар. Усы интернет арқалы тек мораллық бузықлықлар емес, ал сиясий, социаллық, финанслық, илимий ҳәм басқа көплеген тараўларда да жынаятлар жүз бермекте. Турпайы етип айтатуғын болсақ, интернет бул жынаятларды әмелге асырыўды аңсатластырмақта. Төменде халық аралық заманагөй байланыс ҳәм хабар қуралы болған интернеттен пайдаланыўдың айырым улыўма әдеплери ҳаққында қысқаша сөз етемиз: Интернеттен пайдаланбақшы болған адам нийетин жақсы етиўи керек. Әлбетте, инсан ҳәр бир нәрседе болғаны сыяқлы, интернеттен пайдаланыўда да тек жақсылықты, руқсат етилген нәрселерге муўапық жумыс ислеўди нийет етиўи лазым болып табылады. Әне сонда ғана бул исинен пайда табады, гөзлеген мақсетине ериседи. Адам бир жақсылықты нийет етсе, бир саўап алады, ал сол нийетине әмел қылғанда, саўабы он есе көбейеди.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс талабасы Нурмуҳаммедов Нурмуҳаммед

Тэглер

Сергеклик