Фото

СОХТА САЛАФИЙЛИКТИҢ НЕГИЗИ - САЎАТСЫЗЛЫҚДУР

09 Март, 2023 637

Ғәрезсизлик шарапаты менен елимизде диний ҳәм миллий қәдириятларымыз қайта тикленди. Үлкемиз мусылманларының әсирлик арзыў-үмитлери жүзеге шықты. Бирақ, тилекке қарсы, бул неъматлардан пайдаланып, шүкирлик етиў орнына нашүкирлик ететуғынлар, душпанларымыздың ҳийлесине ушатуғынлар, бузғыншы ҳәм мутаассиб ағымлардың жалған ақидаларына ерип, адасқанлардың бар екенлиги адамды ренжитеди. Диний билими жүдә сайыз, түрли душпанлықларды келтирип шығаратуғын пикирлер ҳәм идеяларды әпиўайы халықтың санасына синдириўге урынып атырған шала саўат кимселерге ерип кетпеўи ушын жасларды дурыс жолға баслаў ҳәм сергекликке шақырыў, ҳәр биримиздиң тийкарғы миннетимиз.

Имам Бухарий рәўият кылған ҳәдисте: Пайғамбарымыз (саллаллаҳу алайҳи ўа саллам): «Тили ҳәм қолынан мусылманлар саламат болған инсан ҳақыйқый мусылман есапланады», деп келтириледи.

Бузғыншы күшлер өзлериниң тәсирине берилген кимселерди дүньяның тынышлығы кеткен ҳәм өзлери қоныслаған регионларына жәмлеў ҳәм сол арқалы жобаластырылған геосиясий мақсетлерди әмелге асырыўға ҳәрекет етпекте. Атап айтқанда, олар илим ҳәм мәрипаттан жырақ, надан кимселерди Ислам үлкеси болған, азан айтылатуғын, жума ҳәм ҳайыт намазлары оқылатуғын, қулласы, Исламның бес парызы емин-еркин орынланатуғын, мусылманлар тыныш-қәтержамлықта турмыс кеширип атырған Ўатанды тәрк етиўге үгитлемекте. Ал, ана журтын таслап, өзге еллерде сарсан-сергиздан жүриў, өзи сыяқлы белгили шахслар менен бирлесип, киндик қаны тамған елине қарсы қурал көтериў Ислам тәлийматына қарсы екени бәршеге мәлим.

Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳтың саллаллаҳу алайҳи ўа саллам алдына бир адам келип: «Я Расулуллаҳ, мен ата-анамды жылаған ҳалында таслап, ҳижрат қылыў ушын сизиң алдыңызға келдим», дейди. Ал, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ата-анаңның, алдына қайтып, оларды қалай жылатқан болсаң, сондай етип күлдир», деп жуўап береди.

Сондай-ақ өзин-өзи яки басқа бир жанды өлтириў — бул өз өмирин ҳәм өзгениң өмирин билқастан тоқтатыў есапланады. Шарият көз-қарасынан бул ҳәрекет қатты қараланады. Пәрўардигар берген өмирге жаўызлық етиў дәрежесиндеги үлкен гүна есапланады.

Қураны кәриймде Аллаҳ таала: «Кимде-ким билқастан бир мөминди өлтирсе, оның жазасы жәҳәннемде мәңги қалыў болып есапланады. Және оған Аллаҳ ғәзеп қылғай, нәлетлегей ҳәм оған үлкен азапты таярлап қойғай», деп ескертеди (Ниса сүреси, 93-аят).

Ҳәдиси шәрифте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «Ким таўдан өзин таслап өлтирсе, ол жәҳәннем отында мәңги, мудамы жығылып азапланады. Ким зәҳәр ишип, жанына қаслық қылса, жәҳәннем отында қолындағы зәҳәрди ишкен ҳалда мәңги азапланады. Ким өзин темир менен өлтирсе, жәҳәннем отында темирин қарнына урған ҳалда мәңги азапланады» (Имам Бухарий рәўияты).

Ҳәзир айырым топар ҳәм шахслар «өзин өлтириў» түсинигин шейитлик пенен қарыстырып түсиндирмекте. Шахстың белгили мақсетлер жолында «өзин-өзи өлтириў»и «шейитлик әмелияты» деп баҳаланыўы нағыз адасыў болып есапланады. Жаўыз нийетли күшлер өз ҳәрекетлерин ақлаў мақсетинде келтирген барлық дәлиллерди Ислам уламалары қаралаған ҳәм тийкарсыз деп тапқан.

Ал, ҳәзир бузғыншы тайпалар өзлери алға сүрип атырған идеяға ерисиў мақсетинде мусылманды кәпирге шығарыў түрлерин ойлап таўып, олардан пайдаланыўға урынбақта.

Ҳәдиси шәриплерде де өзге шахсты куфрге шығарыўдан ескертиледи. Соның ишинде, Имам Бухарий рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Егер адам жолдасына «Әй кәпир», десе, ол (сөз) екеўинин биреўине қайтады». Және бир ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деген: «Ҳеш бир адам басқа адамды пасық кәпир, деп айыпламасын. Егер ол адам бундай болмаса, айтқан гәпи өзине кайтып келеди». Мәзҳаббассымыз Әбиў Ҳанифа (раҳматуллаҳи алайҳ) мусылманлардын, биреўин де кәпирге ҳүким қылмаған. Ал, жаўыз нийетли кимселер өзлерине ермеген шахслар ҳәм дүзимлерди кәпирликте айыпламақта. Ислам әлеминиң жетекши уламалары қабыл еткен пәтиўада: «Төрт сунний мәзҳабтың барлығы мусылман есапланады. Оларды иймансызлықта айыплаў, жанына, намысына хәм мүлкине қастыянлық етиў дурыс емес», деп жәрияланған. Шайх Юсуф Қарзовий мусылманды кәпирге шығарыў ҳакқындағы сораўға былай жуўап береди: «Ким Аллаҳтан өзге илаҳ жоқ ҳәм Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Оның елшиси екенине қәлби менен тастыйықлаған ҳалда гүўалық берсе, мусылман есапланады. Оған толығы менен мусылманларға болынатуғын қатнаста болыў тийис».

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс оқыўшысы ОТАЖОНОВ УМАР.

Тэглер

Сергеклик