Орайлық Азия өзиниң географиялық ҳәм геосиясий орны көзқарасынан ҳәр түрли бирге ислесиў қатнасықлар системасы кесилискен аймақта жайласқан.
Ол Каспий теңизи, Арал-Иртыш суў бассейнлеринен ҳәзирги Пакистан ҳәм Ҳиндстанға шекемги үлкен аймақты ийелеген регионда жайласқан болып, тарийхы узақ өтмишке барып тақалады. Бул үлке халықлары ҳаққындағы жазба мағлыўматлар Грек дереклери ҳәм эрамызға шекемги VI-IV әсирлерге тийисли Иран ҳәм Түрк жазыўларында ушырасады. Ал, кейинирек жазылған ҳәр түрли дереклерде бул регион ҳәр қыйлы миллет ҳәм динлер орайы сыпатында көрсетилген.
Орайлық Азия халықлары арасында әййемнен көплеген: буддизм, зардуштийлик, христиан, монизм сыяқлы диний тәлимат ҳәм көзқараслар болған.
Ислам дининиң Орайлық Азияға тарқалыўы мусылманлардың усы аймаққа тиккелей кирип келиўи менен байланыслы; 643-644-жыллардан баслап алдын Хорасандағы Нишапур, Обинаҳёр, Тус, Жом, Обвард ҳәм оннан басқа да қалалар ийелеп алынған. Хорасан найыбы Убайдуллаҳ ибн Зыяд басшылығындағы әскерлер Муаўия разыяллаҳу анҳудиң пәрманы менен Бухараға жүрис қылып, Пайкент ҳәм Ромитанды ийелейди. Бирақ, Орайлық Азияның үзил-кесил ийелеп алыныўы араб сәркардасы Әбиў Ҳафс Қутайба ибн Муслим ал-Бaҳилий (660-715) аты менен байланыслы.
Қутайба ибн Муслим Ирак ўәлийи Ҳажжаж ибн Юсуф тәрепинен Хорасанға найып етип сайланды. Себеби, Уммаўийлер дәўиринде Хорасан Ирак ўәлийлери тәрепинен басқарылатуғын еди. Қутайба 706-707-жыллары Жайхун дәрясынан өтеди. 714-жылы Қутайба Түрк ҳақанларынан келетуғын жәрдемди кесиў мақсетинде Шаш оазисине барады. Сол жылы тийкарғы жолдағы Исфижабты (Сайрамды) ийелейди. 715-жылы Ферғана патшасы өз мәмлекетин таслап қашып кетиўге мәжбүр болады. Сол жылы Қутайба Қашғарға шекемги жерлерди бойсындырады.
Үлкеде жаңа сиясий күштиң пайда болыўы ақыбетинде Орайлық Азия аймағы екиге бөлинди: Маўарауннаҳр (Дәрья арты) ҳәм екиншиси — Ароди ат-түрк (Түрк, яғный арабларға бойсынбаған ҳүкимдарлардың жерлери). Екеўинде де Исламласыў еки түрли болған.
Усы жерде бир пикир жүритип көрсек, советлер дәўиринде шыққан китапларда Орайлық Азияға Ислам дини Қутайба ибн Муслим ҳәм оның әскерлери тәрепинен жайылғанлығы, оған шекем бул жерде мусылманшылық болмаған дегенге усаған пикирлер жазылған деп жазылған. Бул бир тәреплеме пикр болып есапланады. Себеби, қысқа 10 жыл ишинде бундай үлкен аймақта жасайтуғын халық арасындапүткиллей жаңа тәлиматты жайыў мүмкин емеслиги гүмансыз.
Дереклерде келтирилиўине қарағанда, Қутайбадан 70 жыл алдын саҳаба Саъд ибн Әбиў Ўаққас разыяллаҳу анҳу бул аймақта Исламды динине дәслепки шақырыўшылардан болған. Саъд ибн Әбиў Ўаққас разыяллаҳу анҳу ҳәм оның менен келген саҳабалар разыяллаҳу анҳумлер жүргизген үгит-нәсият жумыслары нәтийжесинде Шаш, Сайрам, Фараб сыяқлы бир неше қала ҳәм аўыл халқы Исламды ықтыярый рәўиште қабыл қылған. Уллы бабамыз Аҳмад Яссаўий өзиниң “Ҳикмет”леринде Саъд ибн Әбиў Ўаққас разыяллаҳу анҳуди Ташкент қаласының арқасында жайласқан Сабронда жасаған деб айтқан.
“Ислам мағрифаты: негиз ҳәм түсиник” китабынан.
Елликқала районы “Абдулла норинжаный” жоме мешити имам-хатиби Идрисов Абдулазиз.