Фото

«Өзбекстан Ислам академиясын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында» Өзбекстан Республикасы Президенти шешими қабыл қылынды.

16 Декабрь, 2017 1425

Шешимниң толық текстин http://uza.uz/oz/documents/zbekiston-islom-akademiyasini-tashkil-etish-chora-tadbirlari-15-12-2017 силтемесинен алыўыңызға болады. Оған көре төмендегилер Академияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленген:

«Қурантаныўшылық», «Фиқҳ илими», «Ҳәдистаныўшылық» ҳәм «Кәлам илими» қәнигеликлери бойынша магистрларды, сондай-ақ, бул салада терең изертлеўлер алып барыўшы илимий ҳәм илимий-педагог кадрларды таярлаў;

Ислам дининиң, Қураны кәрийм ҳәм ҳәдис илиминиң ҳақыйқый маңызын, фиқҳ, ҳәдистаныўшылық мектебиниң илимий-мәнаўий тийкарларын ҳәр тәреплеме шуқыр үйрениў ҳәм изертлеў;

Ислам дининиң негизги маңызын, оның адамзатты ийгиликке елтиўши дин екенин илимий тийкарланған ҳалда шуқыр үйрениў ҳәм соған адамларды шақырыў; Ислам дини саласындағы әҳмийетли темалар бойынша халықаралық илимий-әмелий әнжуманларда қатнасыў;

Мәмлекетимизде өз ислерип алып барып атырған ҳәм сырт ел жоқары диний тәлим журтлары ҳәм де басқа шөлкемлер менен жақыннан бирге ислесиў;

Кадрлар таярлаў ушын жетик қәнигелер ҳәм оқытыўшыларды шақырыў арқалы илим-пән ҳәи тәлимниң өзара интеграциясын шуқырластырыў;

Илмий изертлеўлер нәтийжелери бойынша диний-мәрипий, мәнаўий әдеп-икрамлық жөнелислериндеги илимий-жәмийетлик әдебиятларды таярлаў ҳәм баспадан шығарыў;

Ислам әлеминде жүзеге келген әҳмийетли мәселелерге тийисли илимий-әмелий әнжуманлар өткериў;

Илимий изертлеўлердиң жөнелислери ҳәм темаларын белгилеў, халықаралық илажларда қатнасыў, илимий-әмелий әнжуманлар шөлкемлестириў, илимий мийрасты үйрениў ислеринде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы менен бирге ислесиў.

Тэглер