Бүгинги глобалласыў процесинде Ислам үмметлери арасында түрли топарлар келип шықпақта. Билип-билмей ҳǝр қыйлы топарлардың тәсир шеңберине түсип қалған айрым жаслардың бундай қәте жолға кирип атырғаны гүзетилмекте. Кейинги пайытларда Ислам идеологиясы ҳәм тарийхына қарсы идеялары менен көринип атырған “жалған салафийлик” ағымы өзлериниң исенимлик ҳәм ҳуқықый мәселелерин көбинесе сириялы Ибн Таймия (1263-1328) тәлийматы менен тийкарламақшы болады. Ибн Таймия дөретпелеринде, Исламға түрли бидъатлар кирип қалғаны айтылып, мусылманлар ҳәм олар жасап атырған жәмийетлерди, Қуран ҳәм сүннет тәлийматына тийкарланған жолға салыў зәрүр, деген идеялар алға сүриледи.
Жалған салафийлер жәмийети екиге: “мусылман” ҳәм “динсизлер”ге ажыратады. Буның менен басқа диндегилерди душпан санап, динлер арасында кек салыўға урынады. Олар тек ғана басқа дин ўәкиллерине, бәлки шәрият ҳүкимлерин олар ойлағандай толық атқармай атырған мусылманларды да сондай деп атайды.
Бүгинги күнимизде ҳәр бир мусылман жеке тәртиптеги топар менен шуғылланыўы керек, деген сɵз де улыўма тийкарсыз. Имам Аҳмад айтады: “Ким динде еликлеў жоқ десе, Аллаҳ ҳәм Оның расули алдында пасықдур. Оның сөзи сүннет ҳәм салафи саўаплылар кѳз-қарасларын бийкарлаўдур”. Мужтаҳид Абдуллаҳ ибн Ўаҳб айтады: “Ҳǝдис илимлери, егер фиқҳ илими болмаса, адастырады”.
Имам Абу Бакр Ҳарауий айтады: “Инсанлар динде еки топар болады: муқаллид ҳәм мужтаҳид. Мужтаҳидлердиң илимли болыўы шәрт есапланады. Дин илими болса, Қуран ҳәм сүннетке ҳәм ол екеўи де араб тилине тийисли болады. Енди, ким Қуран ҳәм сүннетти, олардың ҳүкимлерин, турақлы билсе, алдын ҳәм кейин келген ҳүкимлерин ажырата алса, сол адамның топары дурыс ҳǝм оның дәрежесине жетпегенлер оған еликлеўи орынлы болады. Мужтаҳид болмаған адамға болса, илимпазлардан сораўы ҳәм еликлеў парыз болады.
Бизиң дәўиримизде де еки жүзден артық жалған салафийликке уқсас жат ағымлар бар.
Исламда қандайда бир мусылманға ҳүжим етиў ямаса оны наҳақ өлтириўге ҳеш рухсат берилмеген. Бундай қопарыўшылықты еткен айырым биреўлер ушын ақыретте үлкен азап бар. Аллаҳ таала: «Ким бир мөминди билип турып өлтирсе, онда оның жазасы – жәҳәннем. (Олар) ол жерде мәңги қалады. Және Аллаҳ оған ғәзепленеди, нәлетлейди ҳәм оған үлкен азапты таярлап қояды”, деп баян етеди (Ниса сүреси, 93-аят).
Аяты Кǝримадан билгенимиздей мусылманды кәпирге шығарыўдан қатты абайлы болыў керек. Өзлерине Қуран ҳәм ҳәдиси шǝрифлерден келген шырайлы атлар қойып, шын мәнистеги мусылманшылықты даўа қылып атырған ҳәр қыйлы ағымлардың жат идеяларына сергек болыў зәрүр. Ислам тынышлық, меҳир-ақыбет ҳәм әдеп-икрамлық дини екенин ҳеш ядтан шығармай, келеси әўладларға да негизги мақсетти, шәриятты, уламаларымыз жолларын жеткизиўде тынбай мийнет етиўимиз зǝрүр болады.
Норин районы «Қурбан ата» мешити имам-хатиби Авазбек Тўраев.
Muslim.uz сайтынан Даўытбай Беканов таярлады.