Инсан алдында еки жол бар: ол соннан бирин таңлаўға мәжбүр. Биринде ләззет ҳәм рәҳәт бар, екиншисинде ләззет ҳәм рәҳәт азырақ болса да, кейин толық етип бериледи. Инсанға ақыл берилген, ол сол ақыл менен пайда ҳәм зыян, жақсы ҳәм жаманды парықлап алады. Қайсы бири пайдалы екенин ажыратып алса ғана, ѳмири мазмунлы болып, оның парқына бармайтуғын, яғный оған ақылы жетпеген адам ақымақ ҳәм надан болып табылады. Аллаҳ таала: “Және оны еки бәлентликке (еки түрли жолға) жоллап қойдық ғой!” (Балад сүреси, 10-аят).
Муфассирлер буны жақсылық ямаса жаманлық тѳбешиклери деп түсиндирген. Инсан “еки бийиклик” тен бирин таңлаў ҳәм қайсы бири менен өмир сүриў инсанның ақыл-парасатына пайлы. Егер инсан өз иман-ихтиярын нәпсине тапсырса, оны жаманлыққа жетеклейди. Нәпси рәҳәт ҳәм ләззетке өш, ҳеш қашан қыйыншылық ҳәм азап-ақыретти қәлемейди. Ләззет ҳәм рәҳәт болса жаман әмелде жақсы әмелдегиге қарағанда көбирек болады. Жақсы әмел ҳәм жақсылық қылыў инсанда туўма болады. Жаман әмел ҳәм жаманлық қылыў болса инсанға ѳмири даўамында қәлиплеседи. Дүньяға келген гөдек қәлби сап ҳәм гүнасыз, жаман әмел оған үлкейип барған сайын ата-ана ямаса басқа тәсирлер жәрдеминде өзлесип барады. Жаманға жақын жүрсең, қарасы жуғады, деген халық нақылы таўып айтылған. Сол себепли инсан жақсы әмелди етиўден ҳеш уялмайды, қайтама кеўилли болады, өзин руўхый жақтан жеңил сезеди. Бирақ жаман әмел қылса, бул тәбияатында жоқ екенлиги себепли биреўлер көрип қалыўын қәлемей уялғанынан жерге кирип кеткендей болып, бул қылығын ҳеш ким көрмеўи, жасырын ҳалда қалыўын қәлейди. Биреў көрмеген тәғдирде де, ақыр-ақыбет еткен исинен пушайман болады. Өзин кешире алмай, ҳүжданы қыйналып жасайды.
Жақсы инсан қандайда гүнә исти етип қойса, өз нәпсин айыплап, ѳкинеди, оны қайта ислемеўге қарар етеди ҳәм истиғфар айтады. Бирақ жаман әмелди еткенлер жеңиске ериссе де, қыямет күни жолығатуғын үлкен қәтерди естен шығарып, мақтанса, буннан зыян көреди. Аллаҳ таала:
وَمَنْ يَكْسِبْ إِثْمًا فَإِنَّمَا يَكْسِبُهُ عَلَى نَفْسِهِ وَكَانَ اللَّهُ عَلِيمًا حَكِيمًا. وَمَنْ يَكْسِبْ خَطِيئَةً أَوْ إِثْمًا ثُمَّ يَرْمِ بِهِ بَرِيئًا فَقَدِ احْتَمَلَ بُهْتَانًا وَإِثْمًا مُبِينًا
«Ким гүна қылса, оны тек өзиниң зыянына қылған болады. Аллаҳ – Билимли, Ҳикметли. Ким қәте ямаса гүна қылса, соң оны (қәтени) айыпсыз (адам)ға аўдарса, онда ҳақыйқатында да, дөҳмет ҳәм анық гүнаны (мойнына) көтерипти”, деп баян етеди (Нисо сүреси, 111-112-аятлар ).
Инсан қандайда бир адамға жаманлық етип, зулым менен дүньялық рәҳәтке еристим, деп ойласа, қатты алжасады. Бир ойшыл айтады: “Бир адамның еки баласы бар. Залым ул инисин урса ямаса ақшасын наҳақтан тартып алса, әкеси туўры етипсең, өзинен кѳрсин, дей ме? Бундай жағдайда әкеси қай-қайсысының тәрепин алады? Әлбетте, жапа шеккен баласының да. Оны разы етиўге ҳәм кеўлин алыўға ҳәрекет етеди. Залым баласы тартып алған пул орнына көбирек ақша берип, жапа шеккен баласын қуўантады. Залым ул буны көрип қатты азап шегеди. Егер ол әкеси азап шеккен инисин ҳүрмет етиўин билгенинде барма, оған ҳеш қашан зулым етпеген болады. Солай екен, зулым ақмақлықтың өз.
Жақсы ҳәм жаман әмел - кең түсиник. Қураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәриплерде жақсылық ҳәм тақўаға буйырып, жаманлық ҳәм гүнә ислерден қайтарылған. Жақсылық қылса да өзине, жаманлық қылса да өзине. Бир ғана ғыйбатты алып қарайлық. Психологлар айтадылар: «Жүдә ғыйбат қылғың келсе, ата-анаңның артынан сөйле. Буны еситкен адам: “Ата-ана да ғыйбат етиледи ме?” дейди. Ата-ана ғыйбат етилсе, олардың гүнаҳлыры өшириледи. Сол тәрептен ата-ана ғыйбат етиўге ҳақылы».
Ҳасан Басрийди бир адам ғыйбат еткенин еситип, ол ғыйбат етиўшиге бир ыдыста хурма жиберди ҳәм: “Сен маған жақсылықларыңды сыйлапсаң. Гүмансыз, жақсылықларың хурмадан қымбатырақ”, деди.
Ҳәзирги ўақытта жаман әмел ҳәм гүнә иске шақыратуғын, ийтермелейтуғынларға мүмкиншилик қапылары кең ашылып атыр. Туўрысыда, буннан жүдә абайлы болыў шәрт. Социаллық тармақлар ғыйбаттың уясына айланды. Биреў бир адамды жаманлап, бир зат жазса, басқалар оның мүнәсибетине “коммент”лер қалдырыўы себепли ғыйбатшының дигирманына суў қуймақта. Тийкарынан, бул процессте ғыйбат қылып атырғанлар өзлерише кеўилди тынышландырыўы мүмкин, бирақ бәрибир олар утылады. Себеби, ғыйбат етилген адам разы болмағаныншы ғыйбатшының гүнасын Жаратқан да кеширмейди.
Шайх Әли Тантаўийдиң айтыўына қарағанда, жаманлық төменде, жақсылық жоқарыда турады. Суў төменге қарай аққанындай, адамлар жаманлық ҳәм жаман әмелге қарай жапырылып түсер екен. Бирақ жақсылық жоқарыда болғаны ушын адамлар оған шығыў қыйыншылығынан қашар екен. Жаман ҳәм гүнә әмеллер оның көзин соқыр, қулағын герең етип қояды. Абул Аъла ал-Маррий: “Жақсылық қылыў қаншелли қыйын болса, жаманлыққа жүз тутыў соншелли аңсат”, деген.
وَمَنْ يَعْمَلْ سُوءًا أَوْ يَظْلِمْ نَفْسَهُ ثُمَّ يَسْتَغْفِرِ اللَّهَ يَجِدِ اللَّهَ غَفُورًا رَحِيمًا
Аллаҳ таала: «Ким жаманлық қылса ямаса өзине зулым қылса, соң Аллаҳтан кеширим сораса, Аллаҳты кеширимли, рейимли ҳалында табады», деп баян етеди (Нисо сүреси, 110 -аят).
Абу Дардо разияллаҳу анҳу деди: “Жақсылық еткениңизде Аллаҳға ҳамд айтың, мабада, қандайда бир гүнә исти етип қойсаңыз, әлбетте, Алладан мағфират сораң”. Абдуллаҳ ибн Аббас разияллаҳу анҳума: “Жақсылық ҳаққында ойлаў сол жақсылыққа әмел етиўге шақырды. Жаманлыққа ѳкиниш болса сол жаманлықты тәрк етиўге шақырады”, деди. “Бурынлары жақсы, саўап ислерди көп исленер еди, бирақ айтылмас еди, кейин ҳәм ислейтуғын, ҳәм айтатуғынлар келди, енди болса тек айтылмақта”, деди Умар ибн Ҳорис.
Инсан жаманлық ҳәм гүнә әмеллерден өзин тыйып, жақсы әмел тәрепке жүзленсе, Аллаҳ таала оның алдынғы гүнаҳларын кеширеди.
Сондай әмел ийелеринен болыў бәршемизге несийп етсин.
Бабамурод Эрали
Mehrob.uz cайтынан Тахтакѳпир районы Бас имамы Бахберген Надиров таярлады.