Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға ҳамду мақтаўлар болсын.
Пайғамбарымызға салаўат-дурудлар болсын.
1. Аллаҳға бойсынған бенде истиғфар айтады;
2. Истиғфар айтқан бенде пайғамбарлар, солиҳлар жолынан жүреди;
3. Истиғфар айтқан адам ийман-исенимге ериседи;
4. Истиғфар бендени гүнаҳлардан пәклейди;
5. Истиғфар айтқан адамның гүнаҳлары саўаплы ислерге алмастырылады;
6. Истиғфар айтқан адамға ырысқы-несийбелер көбейтирип бериледи;
7. Истиғфар бенденинг мәртебесин көтереди;
8. Бахыт ҳәм ығбал, тынышлық-қәтержамлық алып келеди;
9. Истиғфар себепли адамлар да, жәмийет те бузғыншылықлардан пәкленеди;
10. Истиғфар жаўын жаўыўына себеп болады;
11. Истиғфар мал-дүньяға берекет киритеди;
12. Истиғфар айтқан инсан перзент неъматы менен сыйланады;
13. Дийқаншылық, шарўашылықтағы өнимлилик те Истиғфар айтыў менен тығыз байланыслы;
14. Истиғфар айтыўшы дозақтан қорғалады;
15. Истиғфар бендениң жәннетке кириўине себеп болады;
16. Истиғфар Алланың рахмети түсиўине, бендениң жағдайының унамлы тәрепке өзгериўине себеп болады, жақсылықларды көбейтеди;
17. Истиғфар денени қуўатлы, саламат етеди, кеселликлерди арытады;
18. Истиғфар айтқан адамның турмысы пәраўан болады;
19. Истиғфар менен ўатан тыныш болады, ел-журт раўажланады;
20. Истиғфар инсан кеўилин қәтиржам етеди;
21. Басқа түскен бәлелерди арытады;
22. Бендени Аллаҳға жақынластырады;
23. Истиғфар айтқан адам Алланың марҳаматына ийе болады;
24. Истиғфар мәжилис каффараты;
25. Истиғфар ғыйбатқа каффарат болады;
26. Шайтан ғулғуласын қайтарады;
27. Аллаҳ Истиғфар айтқан бендени жақсы көреди;
28. Истиғфар айтыў Алланы разы етеди;
29. Ғам-қайғыларды кетказеди;
30. Қуўаныш алып келеди;
31. Жүзди нурландырады;
32. Ырысқы-несийбе келиўин аңсатластырады;
33. Истиғфар айтқан адамның дуўасы қабыл болады;
34. Аллаҳ Истиғфар айтыўшының аўырын жеңил етеди;
35. Көп Истиғфар айтқан адам қыямет күни саўабын көрип кеўилли болады;
36. Дүньядан өтип кеткен ата-аналар перзентлери айтқан Истиғфар себепли жәннетте жоқары мәртебеге көтериледи;
37. Истиғфар адамды түскинликтен қутқарады;
38. Ѳкиништи, пушайманды кеткизеди;
39. Кеўилди тынықластырады;
40. Истиғфар айтқан адамның рысқы кең болады, кәсип-ѳнерине берекет киреди...
Шаддот ибн Авс разияллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким саййидул Истиғфар -
اللهُمَّ أَنْتَ رَبِّي لاَ إِلَهَ إِلاَّ أَنْتَ خَلَقْتَنِي وَأَنَا عَبْدُكَ وَأَنَا عَلَى عَهْدِكَ وَوَعْدِكَ مَا اسْتَطَعْتُ أَعُوذُ بِكَ مِنْ شَرِّ مَا صَنَعْتُ أَبُوءُ لَكَ بِنِعْمَتِكَ عَلَيَّ وَأَبُوءُ بِذَنْبِي فَاغْفِرْ لِي فَإِنَّهُ لاَ يَغْفِرُ الذُّنُوبَ إِلاَّ أَنْتَ
«Аллаумма анта роббий лаа иләҳә иллә анта холақтаний ўә әнә ъабдука ўә әнә ъала ъаҳдика ўә ўəъдика мастатоъту əъузу бика мин шарри ма сонаъту, абуъу лака биниъматика ъалаййа ўә абуъу бизамбий фағфирлий фаиннаҳу ла яғфируз зунуба илла анта»ны кешки пайыт айтып, таң атқанша қайтыс болса, жәннетке киреди. Ким таңда айтып, сол күни қайтыс болса, онда да жәннетке киреди», деди.
Мәниси: Аллаҳым, Сен пәрўардигарымсаң, Сеннен басқа қудай жоқ. Мени халық еттиң ҳәм мен Сениң қулыңман. Мен Саған берген сѳзимде ҳәм Саған берген ўәдемде ылайық болғанымша турыппан. Еткен ислеримниң жаманынан Сениң атың менен панаҳ тилеймен. Маған ада еткен неъматларыңа ықрар болдым. Ҳәм тағы гүнаҳларыма да ықрар болдым. Мениң гүнаҳларымды кешир. Себеби, Сеннен басқасы гүнаҳларды кешире алмайды.
Имам Бухарий рәўиятлары.
Күниңизди Истиғфар менен жарытың.
Хуршид Маъруф тайёрлади
Islam.uz сайтынан «Халқабад» мешити имам-хатиби Дәрменбай Байымбетов таярлады.