Фото

ЖАҚСЫДАН БАҒ ҚАЛАДЫ…

04 Март, 2023 514

инимиз де басқа тараўлар қатары тәбияатқа да өз мүнәсибетин билдирген. Динимиз нәзеринен шетте қалған ямаса итибар берилмеген ҳеш бир тараў жоқ. Кѳклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумысларына да алдынан өз мүнәсибетин билдирип, жер жүзин абаданластырыўға буйырип келген ҳәм өз орнында буны саўаплы әмеллер қатарында есаплаған.

Сол себепли нәл егип, бағ жаратыў, қоршаған әтирапты таза ҳәм пәкизе сақлаў текғана динимиз бәлки, халқымыздың әсирлер даўамында сынағынан өткен миллий қәдириятларынан бирине айналған.











Муқәддес динимиз Жер жүзин кѳклемзарластырыўға буйырған. Пайғамбарымыз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз үмметлерине нәл егиўге шақырып: “Егер қыямет болып қалса ҳәм қолыңызда хурма нәли болса, оны егип алсын”, деген (Имам Бухарый рәўияты).

Жерге нәл егиў ҳәр қашанғыдан да әҳимийетли екенлиги дәўирдиң өзи көрсетпекте. Тереклер, гүллер ҳәм түрли өсимликлер бул Аллаҳ тааланың бизлерге берген инамы. Ҳәр бир жаратылған жанзат өз ҳалында Рәббисине ибадат етеди, тасбеҳ айтады. Өсимликлер дүньясының тасбеҳи олардың жаснап, кѳгерип турыўында.

Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты басламасы менен республикамыздағы бәрше мешитлерде тазалаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, мешит қапталындағы жерлерге мийўе ҳәм декаратив тереклер егиў жумыслары исленди. Оған мешит хызметкерлери, аймақтағы нураныйлар қоршаған орталықтың азадалығына ѳзлериниң инсаныйлық қол кѳмеклерин ҳәм техникадан да жәрдемлерин берди.

Әзизлер халқымызда «Жақсыдан бағ қалады…», деген ибратлы сѳз бар. Ҳәр биримиз усындай саўаплы әмеллер ислеп, өзимизден бағ қалдырайық.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер