Фото

Экстремизмниң жǝмийет ушын зыяны ақыбетлери

02 Март, 2023 363

Экстремизм - жǝмийет ушын дǝстүрий болған диний қǝдириятлар ҳǝм ақыйдаларды бийкар етиў, оларға қарсы болған идеяларды алдаў ҳǝм зорлық пенен үгит-нǝсиятлаўға тийкарланған теория ҳǝм ǝмелиятты аңлатады.

Экстремизм ҳǝм терроризм бир-бири менен байланыслы болған бирден-бир процесстиң избе-из раўажланатуғын басқышлары.

Экстремизм келип шығыўының биринши ҳǝм тийкарғы себеби ҳǝдден тыс берилген пикир ҳǝм кѳз-қараслардың пайда болыўы. Ҳǝдден тыс берилиў қандайда бир идеялардың туўры екенине қатты исениў, оларға тереңнен кетиў, “басқалар” ҳǝм “ɵзгеше” кѳз-қарас ҳǝм идеяларға тоқтаўсыз мүнǝсибетте болыў, басқа топар ҳǝм мазҳабларды улыўма бийкар еткен ҳалда, оларды тǝн алмаўда кɵринеди. Ҳǝдден тыс берилиў барлық дǝўирлерде түрли динге ҳǝм жɵнелислер арасында кескин келиспеўшилик ҳǝм соқлығысыўлар келип шығыўына себеп болған.

Ҳǝзирги ўақытта, дүньялық ҳǝм диний билимлердиң сайызлығы, сап диний түсиниклердиң негизги мазмунын билмеў де экстремистлик идеялардың тарқалыўина себеп болыўы мүмкин.

Жоқарыда айтылғанындай, экстремистлик шɵлкемлердиң кɵпшилиги ɵз атының муқǝддес ислам дини менен байланыстырыўға урынады. Олар ɵзлерин “бахыт тапқан топар”, деп ал, қалған мусылманларды болса кǝпир деп есаплайы.

“Ислам” сɵзиниң лексикалогиялық мǝнислеринен бири “тынышлық” болып, ол ҳеш қашан бузығыншылыққа, адам ɵлтириўге шақырмаған ҳǝм шақырмайды да. Заманагɵй терроршылар болса бузғыншылыққа ҳǝм адам ɵлтириўге, адамларды қǝўетерге салыўды ɵзлериниң ǝдетине айландырып алған.

Қураны кǝримде бийгүна адамлардың жанына қас қылыў қараланады. Атап айтқанда, “Ниса” сүресиниң 93-аятында: “Ким бир мөминди билип турып өлтирсе, онда оның жазасы – жәҳәннем. (Олар) ол жерде мәңги қалады. Және Аллаҳ оған ғәзепленеди, нәлетлейди ҳәм оған үлкен азапты таярлап қояды”, деп баян етиледи.

Ҳǝдислерде бул ҳаққында кɵплеген хабарлар келген. Атап айтқанда, Имам Термизий рǝўият еткен ҳǝдисте: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўǝсаллам: “Аллаҳ тааланың нǝзеринде бир мусылман адамды наҳақ ѳлтириўден кɵре, жарық дүньяның жоқ болып кетиўи жеңиллирекдур”, дейди”.

Олимхон Исақов,

Muslim.uz сайтынан Даўытбай Беканов таярлады.

Тэглер

Сергеклик