Фото

Дене-тәрбиясы әдеби

28 Февраль, 2023 397

Ел басшымыз инсанның физикалық ҳәм руўҳый жақтан бәркәмал болып жетилисиўине үлкен итибар берип, “Саламат, бәркәмал әўлад кәмалы спорт ҳәм физикалық тәрбия менен жипсиз байланыслы”, деп айтып өткен. Солай екен, ол кәмил болып, кәмал табыўы ушын руўҳый ҳәм физикалық тәрептен жетик болыўы керек. Себеби, инсан руўҳ ҳәм денеден ибарат қурамалы жанзат. Негизинде инсанның инсанлығы оның руўҳыятына байланыслы болса да, оны дүньяда денесиз ҳалда көрип, ойлап болмайды. Инсанды жоқтан бар қылған Аллаҳ таала Ҳижр сүресинде былай дейди: «Есле, Рәббиңниң периштелерге: «Әлбетте, мен кеўик ылайдан, өзгертирилген қара батпақтан адамды жаратыўшыман. Солай екен, қашан оны ислеп болғанымда ҳәм оның ишине Өзимниң руўҳымнан үплегенимде оған сәжде қылған ҳалларыңызда жығылыңлар», дегенин есле». (28-29 – аят). Аллаҳ таала инсан денесиниң жаратылыўына да айрықша итибарды қаратып, өзиниң уллы қүдирети ҳәм инсанға болған ҳүрметин Муминун сүресинде былай баян қылды: “Ант болсын, ҳақыйқатта, инсанды ылайдың ең жақсысынан жараттық. Соң оны беккем орында нутфа қылдық. Соң нутфадан алақа жараттық, алақадан шайналған гөш жараттық, шайналған гөштен сүйек жараттық, кейин, сүйекке гөш қапладық, соң оны басқа бир жанзат қылып пайда еттик. Солай екен, жаратыўшылардың ең жақсысы Аллаҳ уллыдур”. (12-14 – аят)

Руўҳтың тәрбиясы ўәжиб болғанындай, денениң тәрбиясы да зәрүр. Cоның ушын, ислам дини инсанның руўҳый ҳәм дене тәрбиясы кәмалаты ушын инсаният тарийхында теңи жоқ кәмил ҳәм исенимли тәлийматларды алып келген.

Адам бир нәрсеге итибарлы болыўы ушын оның ҳақыйқатынан аз болса да, билиўи лазым. Мысалы, бир гүлди тәрбия қылыўға бел байлаў ушын, биринши нәўбетте, оның қәдирин билиў лазым. Ислам дини инсанды өзиниң, дене саламатлығының қәдирин билиўге шақырады. Аллаҳ таала айтады: «Ҳақыйқатта, Биз инсанды ең жақсы көринисте жараттық». (Тийн 4)

Динимиз биринши болып инсан баласының денеси кәмил ҳәм саламат болып дүньяға келиўине әҳмийет берген. Соның ушын, әжаға-қарындас, әмеки-жийен киби жақын ағайинлердиң шаңарақ қурыўын ҳарам қылды. Қуда-қудағайлық узағырақ қаннан болыўын усыныс етти. Бир адам ҳәзирети Умарға өз қәўиминдеги туўылып атырған перзентлер әззи ҳәм майып болып қалып атырғанын айтқанда: «Сизлер басқа қәўимлер менен қуда-қудағай болыңлар”, ـ деп усыныс еткен. Кейин усы ис пенен қәўимниң машқаласы шешилген. Ерли-зайыплық мүнәсибетлеринде айырым мүнәсибетлерди Имам Муҳаммад перзенттиң дене тәрепинен кәмил болыўы ушын мустаҳаб санаған. Туўылған перзенттиң саламатлығына зыян болатуғын нәрсе анаға ҳарам қылынған.

Инсан баласы дүняға келген соң, оған итибар жәнеде күшейтириледи. Перзенттиң руўҳый ҳәм дене тәрбиясы атаـананың, атаـанасы қайтыс болса, жақынлары мойнына жүклетиледи.

Спорт ҳаққында сөз барар екен, мусылман адамда динимиздиң буған мүнәсибети қандай екен, деген сораў туўылыўы тәбийий.

Динимиз инсанға өзиниң геўдеси де ҳақлы, деп жәриялады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳәр бир түнди намаз, ҳәр бир күнди ораза менен өткерип атырған Абдуллаҳ ибн Амр ибн Ас разыяллаҳу анҳуға: “Ораза тут, бирақ аўзың ашық та жүрсин, таҳажжуд оқы, бирақ, уйқылап та ал, себеби мойныңда денеңниң ҳақы бар, көзиңниң де ҳақы бар, ҳаялыңның да ҳақы бар”, ـ деген.

Динимизде парыз болған ораза руўҳый ҳәм дене тәрбиясы болыў менен бирге инсанның өз дене саламатлығына болған ҳүрмети. Ҳәзирги күнге келип, медицина хызметкерлери инсанға бир жылда бир курс ашлық емлеўин алыўды усыныс етпекте. Олар динимиздеги оразадан хабарсыз ҳалда, бир курс ем 28-29 күн болыўын айтпақта.

Күнделик бес ўақыт намаз ҳақыйқый дене шынықтырыўдың әжайып үлгиси. Мусылман адам Рәббисине ибадат қылар екен, намазға таярлықта ҳәм намаз оқып атырғанда өзи сезбеген ҳалда көп дене тәрбиясына тән шынығыўларды ислейди.

“Дене тәрбиясы ден саўлықты сақлаўда ең жақсы усыл”, дейди Ибн Сина. Ҳақыйқатында да турақлы түрде дене шынықтырыў менен шуғылланып турыў саламатлығымызды беккемлейди. Ҳәммемиз билемиз, дене тәрбиясында дем алыў мәселеси әҳмийетли есапланады. Белгили медицина академиги, Россиялы Бутерина арнаўлы изертлеў алып барып, организмге туўры, аңсат ҳәм пайдалы дем алыў ушын денениң қандай турыў керек екенлигин анықлаған ҳәм оларды дем алыў шынығыўларына киргизген. Алымның көрсеткен бул шынығыўлары намаздағы қыям, руку ҳәм сәжде ҳаллары менен бирдей.

Ҳәр бир исте өрнек болған Пайғамбарымыз Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳәмме нәрсе шаңарақтан басланыўын көрсетип, тәлимـтәрбияны өз шаңарағынан баслаған. Тәлим-тәрбияда дене шынықтырыў әҳмийетли орын ийелейди.

Имам Аҳмад ҳәм Әбиў Даўытлар рәўият қылған ҳәдисте Аиша анамыз разыяллаҳу анҳа айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен сапарда ўақтымызда оның менен жуўырып жарысып, озып кеттим. Кейинирек денем аўырласқанда (және жуўырысып жарыстық) сонда ол меннен озып кетти, соң: “Баяғы менен бирге бир болды”, ـ деп қойды».

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам жас әўладтың дене тәрбиясына да айрықша итибар берер еди. Себеби, келешек саламат ҳәм күшли болыўы ушын бул, әлбетте, зәрүр.

Имам Аҳмад Абдуллаҳ ибн Ҳарис разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте ол айтады: “Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Абдуллаҳ, Убайдуллаҳ ҳәм басқа Аббастың көп балаларын сап қылып жарыстырар, “Ким маған биринши жетип келсе, оған пәлен нәрсе”, ـ дер еди. Олар жарысып келип оған урылар еди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам оларды сүйип, ажыратып қояр еди”.

Саҳабалардың арасында дене тәрбия жарыслары әдеттеги жағдай болған. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам жуғырыў, гүрес, сүзиў, ат шабыў киби шынығыўларға да көп итибар берген.

Имам Муслим рәўият қылған ҳәдисте Салама ибн Акўаъ разыяллаҳу анҳу Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен бирге қайтып киятырған ўақыттағы ўақыяда: Ансарлардан жуғырыўда ҳеш ким оннан оза алмаған бир саҳаба бар еди. Бир ўақыт сол адам: “Ким мениң менен Мадинаға шекем жуўырысады? Жарысатуғын бар ма?”, ـ деп қайтаـқайта айтып қалды. Мен оның сөзин еситип: “Үлкенлерди ҳүрмет қылмайсаң ба? Ҳүрметлилерден тартынбайсаң ба?” ـ дедим. Ол: “Яқ, тек Расулуллаҳтан”, ـ деди. Сонда мен: “Я Расулуллаҳ, руқсат бериң мен оның менен жарысайын”, ـ дедим. Ол: “Қәлесең”, ـ деди. Кейин оған: “Өзиңе келип ал”, ـ дедим де, секирип кеттим... Мадинаға оннан алдын бардым...”.

Имам Байҳақий раҳимаҳуллаҳ рәўият қылған хабарда Абдуллаҳ ибн Зубайр разыяллаҳу анҳу былай дейди: “Умар ибн Хаттаб пенен жарыстым. Оны уттым ҳәм оған: “Каабаға ант, сени уттым”, ـ дедим. Кейин ол мени утты ҳәм маған: “Каабаның Рәббине ант, сени уттым”, ـ деди.

Гүрес жәҳилият дәўринде де болып, Указ базары қасында қәўимлер арасында жыллық жарыслар болып турған. Араблар усы жыйынларды үлкен салтанат пенен өткерген. Умар ибн Хаттоб разыяллаҳу анҳу мусылман болмай турып да гүреске шебер болған. Динимиз усы шынығыўды мақуллап оны ен жайдырыў менен бирге оннан адамлар әдетленген жаўызлық, сөгиниўшилик улыўма айтқанда инсаныйлыққа кери ислерди шығарып таслады.

Әбиў Даўыттың рәўиятында келиўинше, Рукана ибн Абду Язид Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен гүрескен, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам оны жеңген.

Имам Заҳабий: “Рукананы Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам еки мәрте жеңген”, ـ дейди.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Абул Асўад алـЖумаҳий киби күшли саҳабалар менен де гүреске түскен. Жас саҳабалар да гүреске түскен. Имам Ҳасан менен Имам Ҳусайн да Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның алдында гүрескен.

Сүзиўге келсек, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ат миниў менен сүзиўдиң бийкаршы ис емес екенлиги ҳаққында өзлери ҳәдиси шәрийфлеринде айтқан.

Ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳу Шам әмирине жазған хатында: “Балаларыңызға жазыўды ҳәм сүзиўди үйретиңлер”, ـ деп айтқан екен.

Имам Суютий сүзиўдиң пазыйлети ҳаққында келген ҳәдислерди ҳәм уламалардың сөзлерин жыйнап бир китап жазған. Имам Суютий төмендегилерди айтқан:

“Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам саҳабалары менен бир көлге түсти ҳәм “Ҳәр ким өзиниң қасындағысына қарап жүзсин”, ـ деди. Кейин өзи Әбиў Бакр тәрепке сүзди ҳәм оның мойнынан қушақлап: “Егер мен өзиме халил тутқанымда Әбиў Бакрди тутқан болар едим, бирақ ол мениң саҳыбым”, ـ деди”.

Басқа бир ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Мадинадағы бир үйди көрсетип: “Анам менен мына жерде турғанбыз, мен Баний Адий ибн Нажжар қәўми қасында жүзгенбен”, - деген.

Сол ўақытта Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам алты жаста болған.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ат шабыўға да айрықша әҳмийет берген.

Имам Бухарый, имам Муслим ҳәм басқалар Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳадисте төмендегилерди айтқан:

“Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам миниўге таярланған атларға Мадина қаласының сыртында Ҳафя менен Санийятул ўадаъ арасында, миниўге таярланбаған атлар менен Санийятул ўадаъ пенен Бану Зурайқ мешити арасында жарыс өткизди”. Имам Термизий рәўиятында Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳу: “Мен утқанлардан бири болдым, кейин атым мени бир дийўалдың үстине ылақтырып жиберди”, ـ деген.

Ҳафя менен Санийятулўадаъ арасы 6ـ7мил, Санийятул ўадаъ пенен Бану Зурайқ мешити арасы шама менен 1 мил болған. (1мил 750 метрге туўры келеди).

Имам Бухарий Анас ибн Маликтен рәўият қылған ҳәдисте: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның Азба деген түйелери бар болып, ҳеш утылмаған еди. Бир саҳралы адам жас түйе менен келип, оны утты. Саҳабаларға бул қатты батты. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам олардың жүзлеринен буны сезип, былай деди: “Аллаҳ тааланың әдетине көре дүньядан нени жоқары дәрежеге көтерсе, оны әлбетте пәслетиўи анық”.

Буған уқсас мысалларды және көплеп келтириўимиз мүмкин. Бирақ усының өзинен-ақ динимизде дене тәрбияға болған әҳмийетти билсек болады.

Дене тәрбиясында миллий халық ойынларының да орны айрықша. Өсип киятырған жас әўладты миллий халық ойынларынан хабардар қылып, оның қатнасыўшысы етип тәрбиялаў заман талабы. Неге дегенде, тарийхтан бизге мәлим, ата-бабаларымыз мәрт, батыр, шыныққан, саламат болғанлығы миллий спорт түрлерине итибар менен қарағанлығынан дерек береди.

Дене тәрбиясы саламатлықты беккемлейди, ағзаларды шынықтырады, физикалық жақтан туўры раўажланыў ҳәм қәбилийетиниң асыўына жәрдем береди. Сондай-ақ, пикирди тынықластырады, қан айланысы ҳәм аўқаттың сиңиўин жақсылайды. Халқымыздың «саў денеге сап ақыл», деген нақылында терең мәни бар. Себеби дене тәрбиясының ҳәр тәреплеме физикалық шыныққан, саламат пикирли, мәрт, беккем ерк-ықырарлы, ўатанын қорғай алатуғын кәмил инсанларды кәмал таптырыўда орны гиреўли.

Шамсуддин Баҳауддиновтың «Кәмил инсан» китабынан