Фото

Илим, кәсип-өнер үйрениў

28 Февраль, 2023 545

“Илим ҳәм өнерсиз халықтың байлығы, жери ҳәм әспабы күннен-күн қолынан кеткениндей, әдеп-икрамы ҳәм абырайы да қолдан шығар, ҳәтте дини де ҳәлсирейди”-дейди Маҳмудхожа Беҳбудий. Бизиң қуяшлы үлкемизде илим үйрениў ушын көплеген имканиятларға кең жол ашылды. Ғәрезсиз мәмлекетимиздиң Конституциясы 41-статьясында “Ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе. Бийпул улыўма тәлим алыў мәмлекет тәрепинен кепилленеди. Мектеп ислери мәмлекет қадағалаўында” деп белгилеп қойылған. Ҳәтте, басқа еллерде ушыраспайтуғын илим алыўдың пулсыз он еки жыллық мәжбүрий тәлими енгизилди. Бул ел басшымыздың келешимизге, перзентлеримизге болған итибары, мийрибанлығы, ғамхорлығы нышанасынан.

Илим, билим мәнаўияттың зәрүрий өзеги болып ол инсанды кәмилликке шарлайды, ҳүрмет-иззетке бөлейди. Усы жерде Беруний бабамыздың мына сөзи есиме ериксиз түседи. “Гүмис өткинши, илим мәңги”. Қараң, қолда бар болған дүнья, байлық бирде болса бирде жоқ. Ал, илим, өнер мәнаўиятымызға қулыпланған байлық, ол ҳәмийше биз бенен бирге. Илим үйрениў арқалы ҳәр биримиз кәсипке, өнерге ийе боламыз. Оны пайдаланыўымыз арқалы жәмийетимизге үлес қосамыз ҳәм руўхый азық аламыз. Илим үйрениў өнер ийелеў, динимизде парыз дәрежесине көтерилген. Ҳәдиси шәрийфлеримизде “Ҳәр бир мусылман еркек ҳәм ҳаял-қызға илим үйрениў парыз” делинген. Аллаҳ таала илимли адамлардың дәрежесин көтерип Қураны кәриймде: «Әлбетте Аллаҳтан бенделери ишинде тек алымлар ғана қорқады». Сондай-ақ, «Билетуғынлар менен билмейтуғынлар тең болады ма?», деген. Усы аятлардың өзинен-ақ динимизде илим алыўға, өнер үйрениўге үлкен итибар берилгенин аңлаймыз. Айырым адамлар ислам динин «илимсизлик дини», «ескилик сарқыты», «ескише» деп атайды. Бундай адамларға тек ашынып қараўымыз керек. Аллаҳ таала айтқанындай: «Туўры жол қәте жолдан ажыралды». Динимиз инсаниятты ҳәмме ўақытта илим алыўға шақырған. Ҳәдиси шәрийфте: «Бесиктен қәбирге шекем илим изле!», делинген. Соныңдай-ақ, динимизде илим, өнер үйрениўди талап қылыў жәннеттиң жолы екенлиги де айтылған. Ҳәдиси шәрийфте: «Ким илим талап қылыў жолына түссе, Аллаҳ оған жәннеттиң жолын жеңиллестиреди», делинген. «Ҳикметли сөз мөминниң жойтып алған нәрсесиндей, мөмин оны қай жерде тапса оған ҳақлыдур», делинген ҳәдиси шарийфте ҳикметли сөз яғный илим мусылман адам ушын жойтып алған қәдирли затындай болыўы керек екенлиги уқтырылып атыр. Әдетте адам бир нәрсени жойтып алса, оны табыў ушын излейди, демек, ҳәр бир инсан илимге усындай мүнәсибетте болыўы керек.

Илим алыўдың және бир пазыйлети оның өткен гүналарға каффарат болыўы есапланады. Ҳәдиси шәрийфте: «Ким илим үйрениўге кириссе, өткен гүналарына каффарат болады», делинген.

Басқаларға үйреткен илим, кәсип-өнер сырлары, тәрбиялық мазмунда жазылған китап ҳәтте қайтыс болғаннан кейин де пайда береди, бул ҳаққында Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Инсан қашан әлемнен өтсе үш нәрседе оның қылған исиниң саўабы тоқтамайды. Жарий садақа (инсанларға пайдасы тийеп туратуғын ислер: мектеп, медересе, көпир салыў, бағ жаратыў киби), пайда алынатуғын илим ҳәм оның ҳаққына дуўа қылатуғын жақсы(солиҳ) перзент», деди. Демек, кимде-ким адамларға пайда беретуғын илимди шәкиртлерине үйретип кеткен болса, ол адам ушын қайтыс болғанынан кейин де сол илими арқасынан саўап жетип турады.

Шәриятта ҳәтте илим, өнер үйрениў ибадат қылыўдан да үстин қойылған. Бул ҳаққында да ҳәдиси шәрийфте:«Бир шәриятты билетуғын алым шайтан ушын мың ибадатлы адамнан да жаманырақ есапланады»,делинген. Бул ҳәдиси шәрийфте диний илими бар адамның қәншелли уллы дәрежеси бар екенлиги айтылмақта. Себеби диний илими бар адамды шайтанның адастырыўы қыйын, ал ибадатлы адам егер илими болмаса шайтан оны адастырыўы аңсат болатуғын екен. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға еки адам ҳаққында айтылды, сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Илимлиниң ибадатлыдан абзаллығы мениң сизлерден ең кишиңизден абзаллығымдай болады», деди. Кейин Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Әлбетте, Аллаҳ, Оның периштелери, аспанлар ҳәм жердегилер, ҳәтте, уясындағы қумырысқа да балық та адамларға жақсылықты үйретиўшиге салаўат айтады», деди. Бул ҳәдиси шәрийфте де илим үйренген адамның пазыйлетиниң уллылығы айтылмақта.

Жоқарыда илим, кәсип-өнер үйрениўдиң, илимли болыўдың пазыйлети ҳаққында аз болса да айтылды. Енди илим алыўдың, кәсип-өнер ийелеўдиң илим бериўдиң кәсип-өнер үйретиўдиң өзине тән әдеплери ҳаққында сөз етейик.

Илимниң әдеплеринен бири оны жасырмаў, ҳәдиси шәрийфте: «Ким бир илимнен соралса, кейин, ол оны жасырса, қыямат күни Аллаҳ оны жалыннан болған жүген менен жүгенлейди», делинген. Демек, илимнен соралса, оны жасырыўы дурыс емес, себеби илимниң ийеси Аллаҳ таала, бендедеги илим болса, Аллаҳ тааланың оған берген илим есапланады. Мусылман адам Аллаҳ таала берген илимди Аллаҳ тааланың басқа бенделеринен жасырыўы мүмкин емес. Енди ким бир илимди еситип, оны еситкениндей етип жеткерсе, әне усындай адамлардың ҳаққына Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам дуўа қылған. Бул ҳаққында ҳәдиси шәрийфте: «Бизден бир нәрсени еситип, оны тап еситкениндей етип жеткерген адамды Аллаҳ жарылқасын. Айырым жеткерилген адам еситиўши адамнан аңлаўшырақ болады», делинген.

Илим бериўдиң, өнер үйретиўдиң және бир әдеби, үйрениўшиге түсиникли етип жеткериў, бул ҳаққында саҳабалар: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бир сөз айтатуғын болса, түсиникли болыўы ушын, оны үш мәрте қайтарар еди», деп рәўият қылған.

Илимди, өнерди ғәниймет билиў. Яғный үйретиўши (муғаллим, устаз) бар ўақтында үйрениў, ўақыттан утымлы пайдаланыў зәрүр. Ҳәдиси шәрийфте: «Аллаҳ илимди адамлар арасынан суўырып алмайды, бәлки алымларды өзине қайтарып алыўы менен алады», делинген.

Билмеген нәрсесин үйретпеў керек. Ҳәдиси шәрийфте: «…алымлар қалмағанда адамлар илимсизлерди өзлерине баслық қылады. Кейин, солардан сорайды. Олар болса, илимсиз ҳалда пәтиўа береди. Буның менен өзлерин де, басқаларды да адастырады», делинген. Сондай екен, қашан илимсиз адамлар баслық (ата-ана, тәрбияшы, муғаллим, устаз) болса, онда, олар өзлерине бойсынғанларды да өзлерин де адастыратуғын екенин ҳәдиси шәрийфтен аңғарамыз. Соның ушын баслық (ата-ана, тәрбияшы, муғаллим, устаз) адамлар ҳәмме ўақыт илимли болыўы керек. Президентимиздиң “Бизге тек питкериўшилер емес, мектеп тәлим-тәрбиясын көрген шахслар керек” деп айтқанында келешектиң жарқын болыўы ушын жетик инсанларды тәрбиялаўда зыялылардың илим, тәлим-тәрбия бериўин яғный илимди ҳақыйқый қәниге, әдепли ҳәм жетик алымлардан алыўды нәзерде тутқан болса әжеп емес.

Илим, кәсип-өнер талап қылынғанда, талабаның қабыл алыўы оның нийетине байланыслы болады. Ҳәдиси шәрийфте: «Әмеллер нийетине байланыслы болады», делинген. Ҳәр бир илим үйренилгенде Аллаҳ тааланың ыразылығы жолында үйрениў шәрт болады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам дүнья ушын диний илим үйренген адамның аўҳалы қыямат та жаман болатуғынын баян қылған: «Ким Аллаҳтың ыразылығы талап қылынатуғын илимди тек дүньяның өткинши нәрсесине ерисиў ушын үйренсе, қыямат күни жәннеттиң ийисин де таба алмайды». Ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдиси шәрийфте: «Ким илимди Аллаҳ тааладан басқа ушын ямаса Аллаҳ тааладан басқаны қәлеп үйренсе, дозақтағы орнын алаберсин»,делинген.

Ҳәдиси шәрийфте: «Ким илимди алымлар менен тартысыў ушын, ямаса ақмақлардан үстин кетиў ушын яки өзин көрсетиў ушын яки оның менен адамларды өзине қаратыў ушын үйренсе, Аллаҳ оны дозаққа киргизеди», делинген. Демек, ҳәдиси шәрийфте айтылғанындай ҳеш бир мусылман илимди, өнерди алымлар менен тартысыў ушын, ақмақлардан үстин келиў ушын, өзин көрсетиў ушын ямаса адамларды өзине қаратыў ушын тәкаббирлық пенен үйренбеўи керек. Бундай қылғанларды Аллаҳ дозаққа киргизеди. Илим, кәсип-өнер тек Аллаҳ тааланың ыразылығы жолында үйренилип, Оның ыразылығы жолында үйретилиўи керек.

Илим, кәсип-өнер үйрениўдеги әдеплердиң бири ҳәмме ўақыт сабырлы болыў. Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Әлбетте қыйыншылық пенен жеңиллик болады»,деп айтады. Ҳеш бир нәрсе аңсатлық пенен болмағанындай, илим де аңсатлық пенен алынбайды, буның жолында көп қыйыншылықларды бастан өткериў, түнлери турып сабақ таярлаў керек. Данышпанларымыз: «Илим үйрениў ийне менен қудық қазғандай», деген. Илим үйренип кәсип-өнер ийелеўде пайыз бар, мәнаўияттың мийўеси бар.

Бердақ бабамыздың:

Бир себепкер жалғыз Алла,

Фердаўсийдей дана бар ма?

Түсиндирер “Шарҳи молла”

Мен алымлық излер едим.-деген қосық қатарларында илим сырларын ийелеўде ҳарып-талмастан илим үйрениўге деген қуштарлықты сезиўимизге болады.

Илим алыўшы, кәсип-өнер үйрениўши сабыр-тақатлы болыўы, тәкаббирликтен сақланыўы керек. Ҳәмме ўақыт устазын ҳүрмет қылыўы шәрт. Уламалардың айтыўынша илим үйрениўши үш нәрсени ҳүрмет қылыўы: сабақты үйретип атырған устазды, үйренип атырған китапты, жазып атырған дәптерди. Және илим үйрениў ушын үш тәрептен ҳәрекет болыўы керек: Илим, кәсип өнер үйретип атырған устаздан, үйренип атырған оқыўшы, талабадан ҳәм талабаның ата-анасынан.

Халқымызда «устаз атаңдай уллы» деген нақыл бар. Ҳақыйқатында да ата-ана баланың дүньяға келиўине себепши болса, устаз сол баланың кәсип-өнер ийелеўине, әдеп-икрамлылықты үйрениўине себепши болады. Илим, өнердиң шамшырағы есапланған устаз, муғәллим ямаса усылар қатарында болғанларды ҳүрмет етиў илимге болған ҳүрмет белгиси. Бул ҳаққында А.Наўайы:

Ҳақ жолында ким саған үйретсе бир ҳәрип,

Оның хызметин болмас қайтарып.-деген.

Илим, билим, тәлим ҳаққында данышпанларымыздан бизге бир нешше қунлы, тәкирарланбас қол жазба мийнетлер, китаплар жетип келген. Билим, ақыл, қәнәәт, әдалатық мәселелери өз сәўлесин тапқан әдеп-икрамлылыққа байланыслы пәнди-нәсиятларды өз ишине алған Юсуф Ҳас Ҳажибтиң «Бахытқа баслаўшы билим» шығармасын айтып өтсек арзыйды. Мысалы:

Билим менен бахыт жолы ашылар,

Ел ғамын ойлаған оған асығар.

Билимсизлик бир апатқа жолығар,

Билимлилик жасқа қарай толығар. ҳтб усындай қатарлар менен бахыттың гилти билим деп уқтырады.

Аҳмед Югнакий өзиниң қунлы «Ҳибатул ҳақойиқ» дөретпесинде:

Сөз етпекши едим және билимди,

Жолдас болғай саған бәрҳә билимли,

Билимли адам турар күниңе жарап,

Билимсиз адамлар, мийўесиз дарақ,

Бири өтпес пышақ, биреўи алмас,

Билимсизлер билимлиге тең болмас.

Ҳәмме ўақыт билим керек жигитке,

Билимсизлер усар майсыз жиликке,

Илимсизлер болар майсыз сүйектей,

Иши боп-бос, бирақ елге керектей. –деп алым менен наданды бир-бирине қайшы сүўретлейди. Яғный инсан илим менен бахыт-саадат жолын тапса, наданлығы себебинен бахытсызлықларға гириптар болады деп, илим үйрениўге тырысыўға, илимди ҳәм илим үйретиўшини, алымды қәдирлеўге шақырады.

Илимниң бостаны китап есапланады. Демек китапқа әҳмийет бериў, оны таза услаў, жоқары жерге қойыў илимди ҳүрметлеў болады. Сондай-ақ китапты әсте ашыў, ашқанда оған зыян жеткермеў, оны бүклемеў, оған жазбаў, қолға түпирип бетин ашпаў керек. Китапқа ҳәм дәптерге қап кийгизиў жақсы әмел. Соның менен бирге китапты оқымақшы болған адам таҳәратлы болса нур үстине ағла нур болады. Шайхул Ислам имам Ҳалўаный: «Мен бул илимге тек оны ҳүрметлеп еристим! Қағазды ҳәмме ўақыт таҳәрат пенен услар едим, таҳәратсыз китапқа жақынласпас едим», - деген. Китапты таҳәратлы оқыў жақсы әмел. Қураны кәриймди оқымақшы болған ҳәр қандай адам таҳәрат алыўы керек. Бирақ оннан басқа китапларды таҳәратсыз услаў жаиз.

Илим үйрениўге талапланған, шайланған адам талабан болса, илим үйрениўши ҳәр бир инсан талаба есапланады. Талаба дегенимиз арабша сөз болып талап қылыўшы, сораўшы, оқыўшы мазмунын береди. Талаба яғный илим алыўшы қунт пенен кирисиўи, нийетти дүзиў етиўи, нәпсисин пәклеўи, илим мәжилислеринде болыўы, илим үйретиўши устазды ҳүрмет етиўи, бийҳуўда таласып-тартыспаўы, сабақта өз ўақтында болыўы, шығып кетпеўи, дыққат пенен тыңлаўы, керекли китап, дәптер, ручка алып кириўи, оларды таза тутыўы, сабақ тапсырмаларын инта пенен орынлаўы киби әмеллер илимге болған әдебимизди белгилейди.

Өз орнында илим бериўши әдепли, пәкизе, өз кәсибиниң қәнигеси, илимин еледе жетилистириўи ушын тәжирийбе асырыўы яки өз үстинде изленип барыўы, шәкиртлерин, талабаларына бирдей қараўы, тәлим-тәрбия бериўге ықлас қойыўы, илимди оны алыўшының ылғап алыў қәбийлетине қарап үйретиўи, өзи анық билмеген илими ҳаққында айтпаўы, өзиниң кәсибинен басқа илимлерди қараламаўы, соның менен қатар адамгершиликли сыпатлары менен әдеп-икрамлылылықта үлги болыўы, үйреткен илимин оқыўшыларға миллет қылмаўы, керисинше олардың илимге умтылыўын пазыйлет деп билиўи, мийзамкеш болыўы керек. Усы жерде бир нәрсе ҳәр бир адамды ойландырары сөзсиз. Устаз, оқытыўшы сыйлықты тек Аллаҳ тааладан үмит етиўи керек, талабаларынан (студентлерден) емес. Дәмегөйлик жаман иллет. Соныңдай устаз, оқытыўшы талабада әдепсизликти көрсе, ҳәммениң алдында емес, пинҳамы, әндамлы түсиндириўи керек. Бақырып-урыспаў керек. Себеби дым қаталлық, бақырыс устаздың оқыўшы алдындағы ҳүрметине шық түсиреди.

Әзиз оқырманларым! Илим, билимниң де апаты бар. Аўа, бул умытыў, яғный алған илимди, өнерди, тәлим-тәрбияны умытыў. Буның алдын алыў ушын алған илимимизди шарлап, ўақты-ўақты менен тәкирарлап, толықтырып, жетилистирип барыўға әдетлениўимиз керек. Және бир апат келтиретуғын тәрепи жаманлықлар жолында пайдаланыў. Илимди тек ғана жақсылықлар жолында пайдаланыўымыз керек.

Ата-бабаларымыздан қалған бир нақыл бар: «Жаслықта алған билимиң тасқа ойылған нағыстай, қартайғанда алған илимиң суўға ойылған нағыстай». Демек, илажы болғанынша жаслық ўақытта илим алып, кәсип-өнер үйрениўимиз керек. Өнер ийелеў бойынша Кайкаўыс «Қабуснама» шығармасында былай нәсият етеди: «Өнерли адам үйренген өнериниң кәмиллиги менен қәдири, мәртебеси басқалардан бәлент екенин билип, өнерин әўелгиден де зыяда етиўге ҳәрекет етеди ҳәм бурынғыдан да жақсы өнермент болады. Жетер, буны билген адам өнерден бас тартса бул ақылсызлық нышанасы. Өнер үйрениўде мийнет етпек, денени жалқаўлық, яғный бийкаршылықтан қутқарыў пайдалы. Неге дегенде бийкаршылық денениң ириңлесип кеселлениўине себеп болар». Бул ҳаққында Бердақ шайыр дөретпелерине көз жуўыртсақ:

«…Көзли ҳәм аяқлы, тили бир шолақ,

Өнерсиз, билимсиз қолдан жақсырақ»-деп айтқан болса, Сократ бундай дейди: «Дүньяда данышпаннан уллы, өнерден жақсырақ нәрсе жоқ». Өнерди ҳеш қашан тат баспайды, отта күймейди, суўда батпайды. Өнердиң үлкен кишиси де болмайды. Ҳәр бир адамның өз уқыбы ҳәм интасынан келип шығып таңлаған, бейимлескен кәсип-кәри, өнери болады. Бизге мәлим, Даўыт (алайҳисаллам) пайғамбарлық мәртебесине ийе болсада темиршиликти кәсип етип, луқма жеген. Аўа, инсанның өзи ҳадал жол менен таўып жеген бир асам аўқаты менен бир уртлам суўынан ләззетлирек, мазалы тағам болмаса керек.

Ҳәр бир инсан илим үйренип, өнер ийелеўи нәтийжесинде ел параўанлығы, ўатан тынышлығы ҳәм раўажланыўына үлес қосады, шәкиртлер таярлап, изинде солиҳ перзентлер қалдырады.

Бизиң ғәрезсиз елимизде басқа мәмлекетлерге уқсамайтуғын үстинлик тәреплеримиздиң бири илим үйрениў яки тәлим менен тәрбия исиниң биргеликте алып барылыўында. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жәҳән тәжирийбесинде болмаған кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасының енгизилиўи бул ел басшымыздың илимий мәртлиги нәтийжеси. Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасының бас мәқсети де кәмил инсан ҳәм жетик тәжирийбели қәниге таярлаў. Ел басшымыз «Тәлимди тәрбиядан, тәрбияны тәлимнен ажыратып болмайды»-дейди «Жоқары мәнаўият жеңилмес күш» китабында. «Тәлим менен тәрбия арасында бир аз парық бар болса да екеўи бир-биринен айырылмайтуғын бири-бирине байланған жан менен тән киби» -дейди Абдулла Аўланий. Себеби устаз, оқытыўшы өз оқыўшысына илим үйретеди, турмыс сабағынан тәлим береди. Ҳадал менен ҳарамды, дана менен наданды, ақ пенен қараны ажырытып алыўға тәрбиялайды. Буннан көринип турыпты тәлим менен тәрбия биргеликте уйғын ҳалда алып барылған жерде алынған илим инсанды кәмилликке алып шығады. Илимди тек ғана теориялық тәрептен үйренип ғана қойып оны өзимизден баслап әмелиятта қолланбасақ, алған илимимиз, тәрбиямыз арқалы қулқымызды әдеплер менен беземесек бизден кәмиллик жүз бурады. Жәҳән илиминде екинши устаз дәрежесине ерискен ал-Фарабийдиң «Билим, ағартыўшылық (маърифат) жақсы әдеп пенен безелмеги керек»-деген қатарлары пикиримиздиң тастыйығы. Неге дегенде алған илимимиз тәжирийбеде қолланылыўы, пайдаланыўымыз бенен зийнетленеди, мәртебесине ийе болып қәдир-қымбаты артады, өмир жолымыздың рәўшанына айланады.

Аллаҳ таала «Бақара» сүреси 44-аятында: «Китапты тиләўат қылған ҳалыңызда адамларды жақсылыққа шақырып, өзлериңизди умытасызлар ма? Ақылды ислетпейсизлер ме?!» деген (44-аят). Демек, ҳәр биримиз алған илимимизге әмел қылыўымыз керек.

Шамсуддин Баҳауддиновтың «Кәмил инсан» китабынан