Фото

ЕГЕР ТАЯММУМ ҚЫЛЫП НАМАЗ ОҚЫСА, СОҢ ЎАҚЫТ ШЫҚПАЙ ТУРЫП CУЎ ТАБЫЛСА, НАМАЗЫН ҚАЙТАРМАЙДЫ

28 Февраль, 2023 440

٣١٢- عَنِ ابْنُ عُمَرَ t أَنَّهُ أَقْبَلَ مِنَ الْجُرُفِ حَتَّى إِذَا كَانَ بِالْمِرْبَدِ تَيَمَّمَ فَمَسَحَ وَجْهَهُ وَيَدَيْهِ وَصَلَّى الْعَصْرَ ثُمَّ دَخَلَ الْمَدِينَةَ وَالشَّمْسُ مُرْتَفِعَةٌ فَلَمْ يُعِدِ الصَّلاَةَ. رَوَاهُ الْبُخَارِيُّ وَمَالِكٌ وَالشَّافِعِيُّ.

312. Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Ол Журуфдан қайтып киятырып Мирбадқа жеткенинде таяммум қылды. Жүзине ҳәм еки қолына масҳ тартты ҳәм намазлыгер намазын оқыды. Соң Мадинаға кирди. Қуяш көтерилип турар еди. Намазды қайта оқымады».

Бухарий, Мәлик ҳәм Шафиъийлар рәўият қылған.

Шолыў: «Журуф» Мадинаи Мунаўўарадан үш мил узақлықтағы жер болып, ол жерде Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳудың мүликлери бар еди.

«Мирбад» болса түйе байлайтуғын жер болып, Мадинаи Мунаўўара менен Журуфтың арасында жайласқан.

Ҳәзирети Ибн Умардай адам Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан билмеген болса, бундай исти қылмаўлығы итибарынан бул ҳәдийсе рәўияты да ҳәдислер қатарына қосылған.

Усы рәўияттан алынатуғын пайдалар:

1. Сапарда болмаған адам да таяммум қылыўы мүмкинлиги.

2. Таяммум менен намаз оқығаннан соң ўақыт шықпай турып cyў табыў имканы болса да таҳәрат алып, намазды қайта оқыў шәрт емеслиги.

٣١٣- عَنْ أَبِي سَعِيدٍ t قَالَ: خَرَجَ رَجُلاَنِ فِي سَفَرٍ فَحَضَرَتِ الصَّلاَةُ وَلَيْسَ مَعَهُمَا مَاءٌ فَتَيَمَّمَا صَعِيدًا طَيِّبًا وَصَلَّيَا ثُمَّ وَجَدَا الْمَاءَ فِي الْوَقْتِ فَأَعَادَ أَحَدُهُمَا الصَّلاَةَ وَالْوُضُوءَ وَلَمْ يُعِدِ اْلآخَرُ ثُمَّ أَتَيَا رَسُولَ اللهِ r فَذَكَرَا ذَلِكَ لَهُ فَقَالَ لِلَّذِي لَمْ يُعِدْ: أَصَبْتَ السُّنَّةَ وَأَجْزَأَتْكَ صَلاَتُكَ وَقَالَ لِلَّذِي تَوَضَّأَ وَأَعَادَ لَكَ اْلأَجْرُ مَرَّتَيْنِ. رَوَاهُ أَبُو دَاوُدَ والنَّسَائِيُّ. وَاللهُ أَعْلَمُ.

313. Әбиў Саъид разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Еки адам сапарға шықты. Намаз ўақты болды. Екеўиниң суўы жоқ еди. Пәк топырақ пенен таяммум қылып намаз оқыды. Соң ўақыт шықпай турып cyў тапты. Сонда, олардан бири таҳәрат ҳәм намазды қайта оқыды. Екиншиси қайта оқымады. Соң Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның алдына келип, оған болған исти айтты. Сонда, ол қайтармаған адамға:

«Сүннетти таўыпсаң. Намазың жетерли», деди. Таҳәрат алып, намазын қайта оқығанға болса:

«Саған еки мәрте саўап бериледи», деди».

Әбиў Даўыт ҳәм Насаий рәўият қылған.

Шолыў: Усы ҳәдистен таяммум менен намаз оқып, ўақыт шықпай турып cyў таўылып қалса, намазды қайта оқымаў абзал екени шығады. Имам Шафиъийдан басқа ҳәмме уламалар усыған иттафақ қылған.

Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:

1. Намазды таяммум менен болса да тезирек оқып алыўға ҳәрекет қылыў зәрүрлиги.

2. Ижтиҳад қылыў мүмкинлиги.

3. Таяммум менен оқылған намазды қайта оқымаў абзаллығы. Себеби ол намаз, ўақтында ҳәмме шәртлери бар болған ҳалда оқылған намаз.

Соның менен таяммумның себеплерине тийисли базы ҳәдислер жыйнағын да үйренип шықтық. Әлбетте, бул ҳәдислер бәрше ҳәдислерди өз ишине алған емес. Енди ҳәдистен басқа дәлиллерди де қосып таяммумға себеп деп келтирилген факторлар дизимин көрип шығайық:

1. Таҳәрат ҳәм ғусылға жетерли суўдың жоқ болыўы.

2. Суўды пайдаланыўға қүдиретиниң жоқ болыўы.

(Тутқын, қамалған, жырқыш ҳайўан яки душпаннан қорыққан шахыслар киби).

3. Кеселлик яки дәрттиң дүзелиўи артқа сүрилиў қәўипи.

4. Суўға ҳәзир яки келешекте мүтәжлик болыўы.

Таҳәрат алып қойса сол турмыс мүтәжлигине жетпей қалыўы.

5. Егер cyў излеп кетсе, мал-дүньясы жоғалыў қәўипи болса.

6. Қатты суўық яки суўдың дым суўықлығы.

7. Cyў алатуғын әсбап яки ўәситаның жоқ болыўы.

8. Намаз ўақты шығып кетиўи қәўипи.

Ислам шәриятында таяммумды еңгизиўдиң ҳикметлери көп. Әўели, таяммум аңсатлықты гөзлеп еңгизилген. Егер таяммумға руқсат берилмей, не қылып болса да cyў таўып таҳәрат ҳәм ғусыл қылыў керек, делинсе, адамларға қыйын болар еди. Себеби инсан турмыста түрли жағдайда болыўы мүмкин. Бәрқулла cyў таўыла бермейди. Таяммумға руқсат анық мусылманларға жүдә үлкен жақсылық болған.

Бул руқсат Исламдағы ҳәр бир жеңилликтиң белгисине айланып қалған. Адамларда аңсатлық тәрепин алыў ҳаққында сөз барғанда: «Суў болмаса, таяммум», делинген екен, енди бул исти қылаберемиз», деп әдетке айланып қалған.

Екиншиден, таяммум тәртипти, әдетленген исти тәрк қылмаўлық шарасы. Егер cyў таппаған яки буны ислетиў имканына ийе болмаған адамға таяммумға руқсат берилмесе, ол ибадатларды ўақтынша таслаўға мәжбүр болады. Бул болса оны жаман нәрсеге әдетленип қалыўына себеп болады. Кейин ала cyў арқайын болса да ериншеклик қылатуғын болып қалады.

Үшиншиден, таяммум намаздың қаншелли әҳмийетли ибадат екенин көрсетеди. Ҳәдислерден үйренгенимиздей, таяммум тийкарынан, намазды өз ўақтында оқыў ушын еңгизилген.

Төртиншиден, таяммум Аллаҳтың буйрығына бойсындырыўдың айқын көриниси. Таяммум менен материаллық мәнидеги пәклениў, яғный, кирди кетириў ҳасыл болмаўы мүмкин, бирақ онда Аллаҳтың буйрығына бойсыныўның, мәнаўий пәклениўдиң жоқары көриниси бар.

Шайх Муҳаммад Садықтың «Ҳәдис ҳәм Турмыс» китабынан