٣٠٥- عَنْ عِمْرَانَ بْنِ حُصَيْنٍ الْخُزَاعِيِّ t أَنَّ رَسُولَ اللهِ r رَأَى رَجُلاً مُعْتَزِلاً لَمْ يُصَلِّ فِي الْقَوْمِ فَقَالَ: يَا فُلاَنُ مَا مَنَعَكَ أَنْ تُصَلِّيَ فِي الْقَوْمِ؟ فَقَالَ: يَا رَسُولَ اللهِ أَصَابَتْنِي جَنَابَةٌ وَلاَ مَاءَ قَالَ: عَلَيْكَ بِالصَّعِيدِ فَإِنَّهُ يَكْفِيكَ. رَوَاهُ الْبُخَارِيُّ وَالنَّسَائِيُّ.
305. Имрон ибн Ҳусайн ал-Хузаъий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам адамлар менен намаз оқымай, ажырап шетте турған бир адамды көрип қалды:
«Ҳәй пәленши, неге адамлар менен намаз оқымай турыпсаң?» деди.
«Я Расулуллаҳ, маған жунублық жеткен еди. Cyў жоқ», деди.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Сен ушын пәк топырақ бар. Сол сағанжетерли », деди».
Бухарий ҳәм Насаий рәўият қылған.
Шолыў: Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:
1. Шәриятқа терис ис қылған адамды көргенде, оннан не ушын бундай қылғанын сораў лазымлығы. Өзинен сорамай турып, оның үстинен ҳүким шығарып жибермеў.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам жәмәәт пенен намаз оқымаған адамды көрип, оған:
«Сен жәмәәт пенен намаз оқымағаның ушын пәлен болдың», демеди. Бәлки:
«Ҳәй пәленши, неге адамлар менен намаз оқымай турыпсаң?» деди. Соң оның жуўабына қарап, ҳүким шығарды.
2. Cyў таба алмаған адам таяммум қылыўы.
3. Жунублықтан де таяммум қылыў мүмкинлиги.
Таҳәраттың орнына қылынатуғын таяммум да, ғусылдың орнына қылынатуғын таяммум да бирдей болады.
4. Таяммум ушын пәк топырақ болыўы кереклиги.
Бул да Ислам шәриятының мусылманларға илажы барынша аңсатлық жаратыўына дәлил.
٣٠٦- عَنْ أَبِي ذَرٍّ t عَنِ النَّبِيِّ r قَالَ: إِنَّ الصَّعِيدَ الطَّيِّبَ وَضُوءُ الْمُسْلِمِ وَإِنْ لَمْ يَجِدِ الْماَءَ عَشَرَ سِنِينَ فَإِذَا وَجَدَ الْمَاءَ فَلْيُمِسَّهُ بَشَرَتَهُ فَإِنَّ ذَلِكَ خَيْرٌ. رَوَاهُ أَصْحَابُ السُّنَنِ.
306. Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Әлбетте, пәк топырақ, егер он жылға шекем cyў таба алмаса да, мусылманның пәклениў ўәситасы. Қашан cyў тапса, оны денесине жеткизсин. Әлбетте, сол жақсы», деди».
«Сунан» ийелери рәўият қылған.
Шолыў: Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:
1. Пәкизе топырақ cyў жоқ ўақтында пәклениў ўәситасы екен.
Яғный, ибадат ушын таҳәрат ҳәм ғусыл орнына өтетуғын пәклениў ўәситасы.
2. Таяммум ушын ўақыт шегараланбағанлығы.
Оның қашанға шекем даўам етиўи суўдың бар яки жоқ екенине байланыслылығы.
3. Cyў табылыўы менен таяммумның бузылыўы.
4. Жетерли cyў бар жерде үзрсиз таяммум қылып болмаўы.
٣٠٧- عَنْ عَمْرِو بْنِ عَاصٍ t قَالَ: احْتَلَمْتُ فِي لَيْلَةٍ بَارِدَةٍ فِي غَزْوَةِ ذَاتِ السَّلاَسِلِ فَأَشْفَقْتُ أَنْ أَغْتَسِلَ فَأَهْلِكَ فَتَيَمَّمْتُ ثُمَّ صَلَّيْتُ بِأَصْحَابِي الصُّبْحَ فَذَكَرُوا ذَلِكَ لِلنَّبِيِّ r فَقَالَ: يَا عَمْرُو صَلَّيْتَ بِأَصْحَابِكَ وَأَنْتَ جُنُبٌ؟ فَأَخْبَرْتُهُ بِالَّذِي مَنَعَنِي مِنَ الاِغْتِسَالِ وَقُلْتُ: إِنِّي سَمِعْتُ اللهَ يَقُولُ - وَلاَ تَقْتُلُوا أَنْفُسَكُمْ إِنَّ اللهَ كَانَ بِكُمْ رَحِيمًا - فَضَحِكَ رَسُولُ اللهِ r وَلَمْ يَقُلْ شَيْئًا. رَوَاهُ أَبُو دَاوُدَ وَالْبُخَارِيُّ.
307. Әмир ибн Ас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Затус Саласил ғазатында суўық түнде иҳтилам болып қалдым. Ғусыл қылсам аўырып қаламан, деп қорқып таяммум қылдым. Соң шериклериме таң намазын оқып бердим. Олар буны Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасалламға айтты. Ол:
«Ҳәй Әмир, жунуб болып турып шериклериңе намазға өттиң бе?» деди. Мен өзимди ғусыл қылыўдан тосқан нәрсениң себебин оған айттым:
«Аллаҳтың: «Өзиңизди өзиңиз өлтирмең. Әлбетте, Аллаҳ сизлерге жүдә меҳрибан», дегенин еситкенмен», дедим.
Сонда, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам күлди ҳәм ҳеш нәрсе демеди».
Әбиў Даўыт ҳәм Бухарий рәўият қылған.
Шолыў: Әўели, ҳәдистиң рәўийи Әмир ибн Ас разыяллаҳу анҳу менен жақыннан танысып алайық:
Әмир ибн Ас ибн Ўаил Суҳамий ал-Қураший, кунясы Әбиў Абдуллаҳ (574-663 миладий) Ҳайбар жылында Исламға кирди.
Ол Холид ибн Ўалид ҳәм Усман ибн Талҳа менен үшеўи Мадинаға ҳижрат қылады ҳәм Исламға киргениниң хабарын берип, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламға байъат қылады. Соң Аллаҳтан гүналарын кешириўди сорайды. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Ислам ҳәм ҳижрат алдынғы гүналарды өширеди», деп марҳамат қылады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Әмир ибн Ас Қурайш қәўиминиң жақсы адамларынан», деген.
Әмир ибн Ас араблардың баҳадырларынан еди.
Ол ҳәммеси болып 39 ҳәдис рәўият қылған. Оннан балалары Абдуллаҳ, Әбиў Усман ан-Наҳдий, Қобиса ибн Зуўиб ҳәм басқалар рәўият қылған.
Әўел Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам оны Затус Саласилға, соң Умманға баслық қылған. Кейин ала Шам, Мысыр ҳәм Фаластинда бир неше жыл әмийр болып турды.
Ол қайтыс болыўдан алдын көп жылаған. Балалары:
«Неге жылап атырсыз, өлимнен қорқып атырсыз ба?» деп сорағанда, ол:
«Өлимнен кейин не болыўымнан қорқып атырман», деди. Сонда балалары:
«Қорқпаң, әке, өмириңиз жақсылық пенен өтти, Исламға кирдиңиз, удайына Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның қасында болдыңыз. Шам ҳәм Мысырды фатҳ еттиңиз», деди.
Сонда Әмир ибн Ас айтты:
«Мениң өмирим үш бөлимге бөлинеди. Алдын кәпир едим, егер солайынша өлгенимде, инсанлар Қудайға шүкир, буннан қутылдық, дер еди. Соң Исламды қабыл қылып, мусылман болдым, егер усындай ҳалатта өлгенимде, жәннетке түсиўим анық болар еди. Булардан кейин әмийр болып, байлықлар ҳәм зәўлим үй-жерлерге ийе болдым. Булар мени пайдама яки зыяныма болды ма, усы ҳаққында билместен әрмандаман».
Әмир ибн Ас разыяллаҳу анҳу ҳижраттың 43-сәнесинде Фитр ийди күни Мысырда қайтыс болды. Балалары Абдуллаҳ жаназасын оқыды ҳәм әне усы жердеги Миқта қәбирстанына жерленди.
Затус Салалил ғазаты Мадинаи Мунаўўарадан он күнлик жол қашықлықта болған бир жердиң аты менен аталып қалған. Бул ғазат 8-ҳижрий сәнениң жумадул уўла айында болып өткен.
Ҳәдис қаҳарманы Әмир ибн Ас разыяллаҳу анҳудың өзиниң айтыўынша, сол ўақытта қатты суўық екен. Ғусыл қылса, аўырып, қатты болып қалыўдан қорқып, таяммум қылған ҳалда шериклерине таң намазына Имам болыпты. Ўақыядан хабардар болған шериклери енди намазымыз не болады, деп ойлап, бул ҳаққында Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламға айтыпты. Ол ықрар болыў ушын Әмир ибн Ас разыяллаҳу анҳудан истиң ҳақыйқатын сорапты. Ол болған исти айтып, өз пикирин айтқанынан кейин күлип, индемепти.
Бул Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның тақрирлары болады. Яғный, басқа бир адамның қылған исин шәриятқа туўры келиўин ықрар етиўи болады.
Бул ҳәдисти усы бөлимде келтириўден мақсет, cyў болса да өзине зыян жетиўинен қорыққан адам суўық ҳәм соған уқсас тосқынлықлар себепли таяммум қылса мүмкинлигин айтыў.
Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:
1. Суўық себепли өлимнен қорыққан адам таяммум қылса жайыз.
Сондай-ақ, душпаннан яки жыртқыш ҳайўаннан қорқып cyў ала алмаса да таяммум жайыз.
Суў жүдә суўық болғаны ушын оннан зыян көриўден қорыққан адам да таяммум қылса жайыз.
2. Таяммумлы адамның таҳәратлы адамларға Имам болыўы мүмкин екенлиги. Базы уламалар бул Әмир ибн Ас разыяллаҳу анҳуға тән, ол баслық болған, дейди.
3. Шәръий ислерде екиленип қалғанда алым ҳәм баслық адамнан сораў ҳәм екилениў себепшиси үстинен шикаят қылыў дурыслығы.
4. Биреўдиң үстинен шикаят түскенде сол ўақытта ҳүким шығармай, оның өзинен ҳақыйқатты сорап билиў зәрүрлиги.
5. Исламның аңсатлық дини екени.
6. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бар ўақтында да ижтиҳад қылыў мүмкин болғаны.
7. Қылған исине Қуран аятынан дәлил келтириў.
8. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның дәргайы кеңлиги.
9. Базы қызық нәрселерден күлиў мүмкинлиги.
10. Исламда инсан өмири ҳәм саламатлығы жүдә қәдирли екенлиги.
٣٠٨- عَنْ جَابِرٍ t قَالَ: خَرَجْنَا فِي سَفَرٍ فَأَصَابَ رَجُلاً مِنَّا حَجَرٌ فَشَجَّهُ فِي رَأْسِهِ ثُمَّ احْتَلَمَ فَسَأَلَ أَصْحَابَهُ فَقَالَ: هَلْ تَجِدُونَ لِي رُخْصَةً فِي التَّيَمُّمِ؟ قَالُوا: مَا نَجِدُ لَكَ رُخْصَةً وَأَنْتَ تَقْدِرُ عَلَى الْمَاءِ فَاغْتَسَلَ فَمَاتَ فَلَمَّا قَدِمْنَا عَلَى النَّبِيِّ r أُخْبِرَ بِذَلِكَ فَقَالَ: قَتَلُوهُ قَتَلَهُمُ اللهُ أَلاَّ سَأَلُوا إِذْ لَمْ يَعْلَمُوا فَإِنَّمَا شِفَاءُ الْعِيِّ السُّؤَالُ إِنَّمَا كَانَ يَكْفِيهِ أَنْ يَتَيَمَّمَ وَيَعْصِبَ عَلَى جُرْحِهِ خِرْقَةً ثُمَّ يَمْسَحَ عَلَيْهَا وَيَغْسِلَ سَائِرَ جَسَدِهِ. رَوَاهُ أَبُو دَاوُدَ.
308. Жабир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Бир сапарға шыққан едик. Бизлерден бир адамға тас тийип, басын жарып қойды. Кейин сол адам иҳтилам болып қалып, шериклеринен:
«Маған таяммумға руқсат таўасызлар ма?» деди.
«Сен суўды ислетиўге қәдир болып турғаныңда, биз саған руқсат таўа алмаймыз», деди.
Кейин, ол ғусыл қылды ҳәм өлип қалды. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасалламның алдына келгенимизде оған бул ҳаққында айтылды. Сонда, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Оны өлтирипти. Аллаҳ оларды өлтирсин! Егер билмесе, сорасалар болмайды ма?! Әлбетте, наданлықтың шыпасы сораў. Оған тек ғана таяммум қылыўы, жарақатқа шүберек байлаўы, соң оның үстинен масҳ тартыўы ҳәм денесиниң қалғанын жуўыў жетерли еди», деди».
Әбиў Даўыт рәўият қылған.
Шолыў: Үлкен саҳаба Жабир ибн Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан қылынып атырған усы рәўиятта да саадат әсириндеги турмыстың көринислеринен бири ҳаққында сөз бармақта.
Базы адамлар тәрепинен қылынған қәте, оның жаман ақыбети ҳәм нәтийжелери баян етилмекте. Бирақ, сол дәўирдеги қәтелер де, жаман ҳәдийселер де бийҳуўда кетпей, әсирлер даўамында мөмин-мусылманларға пайда келтиретуғын әмелге айланар еди.
Сапарда тас тийип, басы жарылған саҳабаны алайық. Ол сапарда болса да, басы жарылып жарақатланса да, өзин пәклеў, ибадат қылыў нийетинде болды. Жарадар адам ғусылдың орнына таяммум қылса болады ма, яқ па, билмес екен. Шериклеринен бул ҳаққында сорады. Шериклери де билмес екен, бирақ абайлылық жолын услады, қыйын ҳәм қәўипли болса да негизги ибадатты қылыў керек, деп ойлады. Бирақ, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам буның шешими буннан басқаша екенин баян етип берди.
Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:
1. Бир ҳүкимди билмеген адам шериклеринен сораўы лазымлығы.
2. Бәрқулла намазды қалдырмаўлыққа ҳәрекет қылыў лазымлығы.
3. Баслықтың жоқлығында болып өткен ҳәдийселерден оны хабардар қылыў кереклиги.
4. Бир мәселени анық билмей турып, пәтиўа бермеў кереклиги.
5. Билимсиз пәтиўа берип, жаман ақыбетке себеп болыў аўыр екени. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бул ҳаққында былай мәрҳамат қылған:
«Оны өлтирипти, Аллаҳ оларды өлтирсин!»
6. Билмеген нәрсени сораў кереклиги.
«Егер билмесе, сорасалар болмайды ма?!»
7. «Әлбетте, наданлықтың даўасы сораў».
Соның ушын билмейтуғынлар билетуғынлардан бәрқулла сорап ис қылыўы керек.
8. Жарақатлы адам ғусыл ҳәм таҳәрат ўақтында жарақатына cyў тийгизбеўи мүмкинлиги. Егер жарақатты байлап алған болса, сол байланған шүберек үстинен масҳ тартыўдың өзи жетерли екени. Жарақаты жоқ ағзаларын жуўыўы, кереклиги.
9. Исламның аңсатлық дини екени.
10. Исламда инсанның өмири ҳәм оның саламатлығы жоқары дәрежеде қәдирлениўи.
Шайх Муҳаммад Садықтың «Ҳәдис ҳәм Турмыс» китабынан