Бүгин Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң нәўбеттен тыс жыйналысы болып өтти.
ИБИШ Туркияда нәўбеттен тыс жыйналып, Қуддус мәселесин өзара додалады.
Мәжлисте 48 мәмлекет ўәкиллери қатнасты. 16 мәмлекеттен мәмлекет баслықлары келди (Аўғанстан, Әзербайжан, Бангладеш, Индонезия, Палестина, Гвинея, Иран, Қатар, Кувейт, Ливия, Ливан, Сомали, Судан, Того, Иордания ҳәм Йемен). Жибути, Малайзия ҳәм Пәкстаннан бас ўәзирлер келди. Комор атаўларынан мәмлекет хаткери, Омандан бас ўәзир орынбасары, Қазақстан ҳәм Өзбекстаннан парламент ағзалары қатнасты.
ИБИШ де гүзетиўши дәрежесиндеги Арқа Кипр түрк республикасынан президент Мустафа Ақынжа қатнасты. Мәжлистиң ҳүрметли мийманы сыпатында Венесуэладан президент Николас Мадуро келди.