Фото

Бузғыншы ағымның ақыбети

25 Февраль, 2023 404

Фирқа (топар) лар ҳаққында сөйлер екенбиз, бузғыншылыққа қаратылған ағымлардан бири болған Жалған (сохта) салафийлер болып табылады. Бул ағым динге берилген ағымлар қатламына киреди. Соңғы ўақытларда «салаф саўаплыларға ериў» ураны астында «Салафийлик» идеологиясын байрақ етип алған, өзлерин салафлардың исиниң даўамшыларымыз деп есаплайтуғын динге берилген жалған салафийлер пайда болғанын айрықша атап көрсетиў керек.

Ҳәзирги күнде жалған салафийлерди улыўмаластырып, еки топарға ажыратыў мүмкин.

• Бириншиси, мәмлекет басқарыўында шәрияттың үстинлигине ерисиў жолында ис-ҳǝрекетлер менен ҳәрекет ететуғын «радикал салафийлер». Бул тайпадағы жалған салафийлер жиҳад идеясының мазмунын бурмалап, оған жаўынгерлик, қопарыўшылық түсинигин бермекте. Олар текғана басқа дин ўәкиллери, бәлки мусылманларға қарсы зорлық, қопарыўшылық ҳәм де қарақшылық ис-ҳәрекетлерин дǝлиллеў ҳәм ақлаў ушын «жиҳад» түсинигинен пайдаланбақта.

• Екиншиси, өзлерин мәмлекеттеги әмелдеги нызам қағыйдаларға бойсынатуғын ҳәм оларға қарсы шықпайтуғын етип көрсететуғын, бирақ жаўынгерлик ислери менен шуғыллабайтуғын салафийлер есапланады. Олар өзлериниң диний пикирлеринен қайпаған ҳалда, арнаўлы бир мазҳабларға тийисли болыўды жақламайды. Олар бул идея астында дәстүрий мазҳаблардан ўаз кешиў ҳәм исламның дәслепки дәўирине қайтыўға шақырады.

Сўфиев Абдулҳаким.

Muslim.uz сайтынан Даўытбай Беканов таярлады.

Тэглер

Дин