Фото

Халифа ҳәм халифалық түсиниклери

25 Февраль, 2023 601

«Халифа» сөзи араб тилинде орынбасар деген мәнини аңлатады. Ал, терминологияда бир исте бир адамға орынбасар болыўын билдиреди. Қураны кәрим ҳәм ҳәдийси шәриплерди үйренип шыққан уламаларымыз бул сөз еки түрли мәниде қолланылатуғынын билдирген.

Биринши мәниси — Қураны кәримде «Аллаҳтың халифасы» тәризинде келген. Солардан, Бақара сүўресиниң 30-аятында Аллаҳ таала былай дейди: «Еслең (Эй Муҳаммад!), Рәббиңиз периштелерге: «Мен Жерде халифа (Адам) жаратпақшыман …». Бул аяттағы халифа сөзинен Адам алайҳиссалам көзде тутылған, себеби ол зат Аллаҳтың жердеги халифасы болып есапланады.

Муфассир уламаларымыз бул аяттағы «халифа» сөзи еки түрли мәнини аңлататуғынын баян қылады: биринши мәниси бул, Адам алайҳиссалам өзлеринен алдын жерде жасаған жинлерден халифа болған делинсе, екинши мәниси — бул аяттағы халифа сөзи бирлик болып, оннан көплик, яғный адам әўладлары көзде тутылғанлығы уқтырылады.

Нур сүўресиниң 55-аятында да «халифа қылғанындай» сөзинен «Аллаҳтың халифасы» деген мәни көзде тутылған: «Аллаҳ сизлерден имам келтирген жақсы әмеллерди қылғанларға тап алдын өткенлерди (жер жүзине) халифа (ҳүкимдар) қылғанындай, сизлерди де жер жүзине халифа қылыўды ҳәм олар ушын өзи разы болған (Ислам) динин беккемлеўди ҳәмде олардың (Меккедеги көрген) қәўип-қәтерлеринен соң (Мадинада) қәтержамлыққа айландырып қойыўын ўәде қылды».

Бул аяттағы «халифа» сөзи «Аллаҳға орынбасар болыў» мәнисинде келгенлиги ашық-айдын көринип турыпты. Аллаҳ таала адам алайҳиссаламды жерде халифа қылған, яғный жер жүзин абат қылыў ўазыйпасын оған ҳәм оның қыяметке шекем даўам ететуғын әўладларының мойнына жүклеген.

Халифа сөзиниң екинши мәниси Пайғамбар алайҳиссаламның ҳәдийси шәриплеринде айтылған, яғный Оның орынбасары болатуғын халифалар болып есапланады. Саъид ибн Жумҳан Сафийна разыяллаҳу анҳуден рәўият қылады, Ол адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның: «Халифалық меннен соң отыз жыл. Оннан соң патшалық ҳәм әмирлик болады», — дегенлерин еситтим деди. Кейин Сафийна Әбиў Бакр еки жыл, Умар он жыл, Усман он еки жыл ҳәм Али алты жыл халифалық қылды, — деп қосымша қылды.

Ислам тарийхында халифа сөзи биринши мәрте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам дүньядан өткеннен соң Әбиў Бакр Сидиққа «халифату Расулиллаҳ (Расулуллаҳтың орынбасары)» деп қолланыла баслады. Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳу дүньядан өткеннен соң Умар разыяллаҳу анҳуға «халифату халифати Расулиллаҳ (Расулуллаҳтың орынбасарының орынбасары)» деп қоланыла баслады, лекин бул сөз узын болғанлығы ушын Умар разыяллаҳу анҳу: «Сизлер мөминлер жәмәәтисиз, ал мен сизлердиң әмирлериңизбен, солай екен маған «мөминлер әмири» (амирул-муъминин) деп айтың», — деди.

Кейинирек «амирул-муъминин» ҳәм «халифа» атлары умавийлердиң патшалары ушын қолланылған болса да, лекин оларға «хулофои рошидин» («туўры жолда жүриўши орынбасарлар») аты қолланылмаған. Себеби, бул атама Әбиў Бакр, Умар, Усман ҳәм Али разыяллаҳу анҳулар ушын қолланылған.

Халифалық. Бул атама өзинде дин ҳәм мәмлекет түсиниклерин жәмлеген дүзимге дәлил қылыўы қәнигелер тәрепинен айтылған. Дәслепки Ислам жәмийети пайда болып атырған ўақытта Муҳаммад алайҳиссаламның ўаҳийден соң Меккеде алып барған ис-ҳәрекетлери, ҳеш бир гүмансыз, сап диний көринисте болған. Мусылман тарийхшылары да буны тастыйықлап, мусылманлар исенимин беккемлеў ушын да усындай болыўы кереклигин атап өтеди. Усы мәниде Мадинаға ҳижрат қылынғаннан соң Пайғамбарымыз алайҳиссалам ис-ҳәрекетлери көбирек сиясий ҳәм хожалық көринисин алған. Солай болса-да, Мадинада қурылған мәмлекет Ислам динине тийкарланған, сап диний (теократик) мәмлекет болған. Онда еки тийкарғы дерек: Қуран (Аллаҳ) ҳәм Сунна (Муҳаммад алайҳиссалам) шешиўши орын ийелеген.

Мадинада мусылман жәмийетиниң дүзилиўи бул — толық диний көриниске ийе болған ҳәмде оған Аллаҳ атынан Муҳаммад алайҳиссалам басшылық қылған. Яғный, ол мусылманлардың диний ҳәм дүньялық басшысы болған. Атап айтқанда, Муҳаммад алайҳиссалам мәмлекет баслығы болыўы менен бирге, Аллаҳ тәрепинен сайланған Пайғамбар да болған. Ол Аллаҳтың жақсы көрген Расули болса да, бирақ инсан сыпатында мәңги жасамайтуғынлығы Қуран ҳәм ҳәдийслерде қайта-қайта билдирилген. Ал, даўам етежақ мусылман жәмийетиниң басшылары илаҳий көрсетпелерден үзилген ҳәмде басқарыў сиясатында дүньялық усыллардан пайдаланыўға өтетуғынлығы анық болған.

Ислам дининиң келешектеги табысы ҳәм раўажланыўы ушын тийкарғы шәрт: Ислам — мәмлекет динине айланыўы керек еди. Сол себепли Муҳаммад алайҳиссаламнан соң мусылманларға бас болған «хулафаи рашидин»лер Исламды және де ен жайдырыў, оның ҳүкимлерин қорғаў, мусылманлар кеўилине оның тәлиматын терең сиңдириўге ҳәрекет қылды. Бирақ, бул Пайғамбар алайҳиссалам ҳәдийслерине муўапық отыз жылды қамтып алып, оннан соң басқарыў толық дүньялыққа тийкарланғанлығына ҳеш қандай гүман жоқ еди. Атақлы Мыср тарийхшысы Абдулўаҳҳаб ан-Нажжардың айтыўынша, мәмлекет басқарыў дүзими диний көринисин жоғалтып, дүньялық түс алыўы Пайғамбар алайҳиссаламнан соң мәмлекетти басқарған «хулафаи рашидин»лер дәўиринде-ақ басланған. Екинши халифа Умар (634-644) дәўиринен баслап, мәмлекет баслығы «амирул-муъминин» деп аталыўы да дүньялыққа қойылған қәдем еди.

Дүньялық басқарыў системасы Умар разыяллаҳу анҳу дәўиринде-ақ қәлиплесип, ўалий, қазы, дийўан котиби ҳәм олардың ўазыйпалары анық белгилене баслады.

Мәмлекеттиң кеңейип барыўы халифа Умар дәўиринде қазылық лаўазымының енгизилиўине алып келип, нәтийжеде бир қатар жынаят кодекслери ислеп шығылды. Бул дәўирде Мадина, Куфа, Басра, Мыср, Дамаск қалаларында қазылар таярланып, оларға белгиленген муғдарда ис ҳақылар тайынланды.

Соның менен бирге ўәлийлердиң дәслепки дәўирдеги басшылықлары улыўма көринисте болған болса, кейинирек оның меншиклескенлиги бақланды. Мәселен, Амр ибн Остың Мысрға әмир болғанлығын улыўма көринисте болған деп атаў мүмкин. Кейинирек Умар ибн Хаттоб Абдуллаҳ ибн Саъдти хирож жыйнаўға тайынланғаннан соң оның ўәлийлиги арнаўлы болып қалды. Кейинирек өз алдына қазы тайынланыўы менен ўәлийдиң ҳүкимети әскерлерге басшылық етиў ҳәм намазға имамлық қылыў менен ғана шекленди.

Бундай усыллар дәўирлер өтип және де раўажланып барғанлығын көриўимиз мүмкин. Ал, бул тарийхта өткен түрли халифалық мәмлекетлерде дүньялық басқарыў системасы тийкарында басқарылғанлығынан дерек береди.

Ислам халифалығы тарийхый ҳуқуқый тәрептен (VII-XIX әсирлер) бес дәўирден ибарат тарийхый басқышты өз ишине алады:

1. Хулафаи рашидин халифалығы дәўири (632-661);

2. Шам умаўийлер халифалығы дәўири (664-750);

3. Ирак аббасийлар халифалығы дәўири (750-1258);

4. Мыср аббасийлар халифалығы дәўири (1261-1517);

5. Усманлы түрк халифалығы дәўири (1517-1924).

«Аҳли сунна ўәл жәмәә» уламалары халифаны «кәмил ҳәм ноқис (жетилиспеген)»ге ажыратқан. Олар бир даўыстан «кәмил халифа» Али разыяллаҳу анҳу менен жуўмақланғанлығына келискен.

Хулафаи рашидиннен соң мусылманларға бас болғанларға келсек, олар салтанат тийкарында мусылманларды басқарған. Умаўий ҳәм аббасийлер «халифа» атамасы орнына өзлери ушын «амирул-мөминин» атамасын көбирек қолланғанын айрықша атап өтиў керек. Тек ғана XVI әсирге келип, түрк султанлары мәлим бир сиясий мақсетлерди гөзлеп өзлерин «халифа» деп атаған ҳәм бул жағдай 1924-жылға шекем, яғный Усманлы түрклер салтанаты таўсылғанша даўам етти. Хулафаи рашидиннен соң умаўий, Аббасий, усманли түрк султанлары өзлери ушын халифа атамасын қолланған болса да, олар ҳақыйқый халифа емес, ал әмир ҳәм патша (яғный «ноқис (жетилиспеген) халифа») болған. Ал, булардың ҳәкимиятты мирасхорлық жолы менен әўладтан-әўладқа мийрас қалдырыў усылында басқарғаны халифа сөзи әййемнен қолланылған «үрп, атама» сыпатында Ислам мәденияты тарийхынан орын алғанлығының дәлили болып есапланады. Хулофои рашидин дәўиринде халифа мусылманлар ишинен мәсләҳат пенен сайланбағанлығы мәлим. Ҳәтте ҳәзирети Умар: «Бир үйден бир қурбан жетер!» деп улының халифа етип сайланбаўы ушын кеңеске ескертиў берген еди. Ал, ҳәзирети Али улының халифалығы ушын: «Буйрық та бермеймен, қадаған да етпеймен», — деўи менен халифа сайлаўды пүткиллей мусылман жәмәәти ықтыярына тапсырған еди. Яғный, бул дәўирде халифалық атадан балаға мийрас сыпатында өтпеген.

Ислам тарийхында биринши мәрте халифа сайлаў иси салтанат көринисиндеги патшалыққа айланыўы Шам ўәлийи Муаўия ибн Әбиў Суфён дәўиринде басланды. Мине усы ўақыттан баслап халифалық атадан балаға өтетуғын патшалыққа айланды. Бул да Саъйд ибн Жумҳон Сафийна разыяллаҳу анҳуден рәўият қылынған Пайғамбарымыз алайҳиссаламның: «Халифалық меннен кейин отыз жыл, соң патшалық болады», — деген сөзлериниң тастыйықланыўы болып есапланады. Умаўийлер дәўиринде басланған бул мәмлекет дүзимин олардан кейин Аббасийлер, соң усманийлер енгизди.

Мусылман жәмийетлериниң диний көринистен дүньялық көриниске өтиўи ҳаққында ақыйда китапларында да айтылған болып, солардан имам Таҳаўийдиң «ақыйда ат-Таҳаўия» атлы белгили китабында: «Мусылман патшаларының бириншиси Муаўия болып есапланады. Ол адам мусылман патшаларының ең жақсысы», — делинген. Ҳақыйқаттан ҳәм хулафаи рашидинлер дәўири менен умаўийлер дәўири салыстырылса жүдә көп парықлар көзге тасланады. Хулафаи рашидинлер халықтың ишинде араласып жүрген, мешитлерде олар менен бирге намаз оқыған болса, умаўий халифа Ўалид ибн Абдулмалик Мадинадағы Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мешитин зыярат қылыўға барғанда ол жерден барлық халайықты қуўып шығарған екен. Муаўия ибн Әбиў Суфён дәўиринде Ирак ўәлийи болған Зиед ибн Убай адамлардың үйине дийўалды ойып-тесип кирген адамның көкирегин жарыў, өлиниң кепинин урлаған урыны тирилей көмиў ҳәм соған уқсас шариатта болмаған бир қатар жынайый жазаларды қолланғаны тарийх китапларында айтылған.

Ямаса қәҳәри қаттылығы менен танылған халифа Абдулмәлик ибн Марўон заманласларына былай деген екен: «Меннен Әбиў Бакр ҳәм Умар сыяқлы шырайлы мәмилени талап қыласызлар, өзиңиз сол дәўирдегидей жасай аласызлар ма?». Қулласы, олар толық мәниде патшаларға айланған еди.

Өткен уммаўий, Аббасий ҳәм усманий түрк ҳүкимдарлар әмелде жәмийеттиң диний турмысына тәсир көрсетпеген. Соның ушын да мәлим дәўирден соң диний искерлер қатламы (фақиҳ, муфассир ҳәм муҳаддислер) көзге көрине баслады. Диний мәселелер бойынша жәмийетшилик пикирин халифалар емес, ал тек диний улама ҳәм фақиҳлар раўажландырған. Ўақыт өтиўи менен ҳүкимдарлар мәмлекет ислери менен, ал уламалар диний мәселелер менен шуғылланғанын атап өтиўге болады.

“Ислам мағрифаты: негиз ҳәм түсиник” китабынан.

Елликқала районы “Абдулла норинжаный” жоме мешити имам-хатиби Идрисов Абдулазиз.

Тэглер

Сергеклик