Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов Тахтакѳпир районында хызмет сапарында болды. Сапар даўамында райондағы «Халық» мешитинде болып, мешит жәмәәти менен ушырасты ҳәм ушырасыўда бүгинги күнде елимиздеги әмелге асырылып атырған реформаларға тоқталды. Атап айтсақ, Арал теңизи ултанындығы қурып қалған бир нешше гектар майданларды жасыл қаплама менен қаплаў ушын ўақыт пенен санаспай, сексеўил егиў жумысларының исленип атырғаны, билимлендириў тараўындағы унамлы ѳзгерислер, магистратура бағдарына оқыўға кирип, оқып атырған ҳаял-қызлардың контракт пулларының мәмлекетимиз тәрепинен тѳленип бериўи, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан дияры ушын қылып атырған қайырлы ислери инсан мәпи ушын екенлиги, бул қайырлы ислердиң тийкарында Аллаҳ тааланың уллы неъматы – тынышлық неъматының жатырғанлығы, тынышлық неъматының қәдирин урыс болып атырған еллердиң халықлары жүдә жақсы түсиниўи, бул неъматты берип қойғаны ушын биз шүкиршилик етиўимиз кереклиги ҳаққында айтып ѳтти.
Ушырасыўдан соң мешитте алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты ҳәм қурылысшыларға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты атынан ѳз миннетдаршылығын билдирди, елимиздиң тынышлығы ҳәм қәтержамлығы ушын дуўалар қылды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.