Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳǝм мийнет жǝмǝǝти Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери Досымбетова Тамара Жумабай қызының қайтыс болыўы мүнǝсибети менен туўған-туўысқанлары ҳǝм жақынларына терең қайғырыў билдиреди.
Досымбетова Тамара мийнет жолы даўамында билим ҳǝм үлкен тǝжирийбеси, инсаный пазийлетлери менен халқымыздың кеўилинен терең орын алған инсан еди. Республикамызда ҳаял-қызлар арасында диний-ағартыўшылық, үгит-нǝсиятлаў жумысларында белсендилик кѳрсетип келди.
Меҳрийбан ҳǝм реҳимли Аллаҳ таала Досымбетова Тамараны Ѳзиниң рахметине алғай. Биз Уллы Пǝрўардигардан дуўа етип сораймыз, марҳум апамызды Ѳзиниң шексиз рахметине, жǝннет бағларына алғай.
Иннаа лиллааҳи ўа иннаа илайҳи рожиъуун.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты