Бухарадағы «Мир-Араб» медресесинде илим алып жүрген ўақытларымыз еди. Ҳәдистен ал-Хатийб ат-Табризийдиң «Мишкат ул-масабийҳ» китабын оқыйтуғын едик. Талабалардың жүдә көпшилигинде китап жоқлығынан олар китап ийесин қоршап отырар еди. Сонда ҳәдислердиң биринен «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Ким түйе гөшин жесе, таҳәрат қылсын», деген, мәнис шықты. Ол ҳәдис сөзбе-сөз аўдарма қылынып, өтип кетилди. Сонда ишимизде жасы үлкенирек бир талаба жүрексинип устазға:
«Тақсыр, буны қандай түсиниў керек?» деди.
«Нени?» сорады дамла.
«Ҳәзирги оқыған ҳәдисимизди-дә! Ҳаў, түйениң гөшин жеген адам таҳәрат етиўи керек, деп атырыпты-ғо?»
«Аўа, не болыпты?»
«Биз түйениң гөшин жесек, таҳәрат қылмаймыз ғо?»
«Себеби фиқҳ китапларында таҳәратты бузыўшы нәрселер қатарында түйениң гөши зикир қылынбаған».
«Ҳәдисте таҳәрат қылсын, дейилсе, фиқҳта шәрт емес, делинсе, қайсы бирин етиў керек?»
«Сиз, фиқҳта айтылғанын қыла бериң».
«Ҳәдис не болады?»
«Ҳәдисти билип қойдыңыз, жетеди!»
«Жүдә қызық ғо!» деди бирәдарымыз жуўаптан қанықпай.
«Сиз гәпти көбейтпей, биреў бир нәрсе дегенинен кейин, яқшы, дең».
Сабақтан соң талабалар тартысты даўам еттирди. Базылары «Бул ҳәдис мәзҳабымыз уламаларына жетпеген болса керек», деди.
Басқалары «Бул ҳәдис мансух болса керек», деди. Және биреўлери: «Биз билмейтуғын себеби болыўы мүмкин», деди.
Және базылары «Дамла да билмейди ме екен, анық жуўап бермеди», деди. Басқалары «Билетуғын шығар, биз қабыл қылыўға таяр емес шығармыз. Соның ушын айтпаған болса керек», деди. Қулласы, сораў жуўапсыз қалды.
Жыллар өтти. Аллаҳ таала мени де шет ел исламый илим дәргайларында илим алыўды несип етти. Сол жердеги ҳүрметли устазларымыздан биреўи, ҳәдислерден пайдалыныўда көп илимлерден хабардар болыў зәрүрлиги, базы бир ҳәдислердиң айтылыў себеплери ҳәм тарийхы бар екенлиги, егер солар итибарға алынбаса, улыўма басқаша мәни ҳәм түсиник шығып қалыўын түсиндирди. Буған мысал келтириўге өтти:
«Ишиңизде, түйениң гөшин жесе, таҳәрат қылсын, деген ҳәдисти оқыған яки еситкен бар ма?» деп сорады устаз. Талабалар:
«Бар», деди.
«Хош нени түсиндиңиз, бул ҳәдистен?» деп сорады устаз.
«Түйениң гөшин жеген адам таҳәратын тазалаўы зәрүрлигин»
«Демек, сизлерден ким түйе гөшин жесе, таҳәратын тазадан қылады. Солай ма? Бирақ, биз Мәликий мәзҳабындағылар бундай қылмаймыз».
«Биз де бундай қылмаймыз».
«Не ушын?»
«Себеби мәзҳабымыздың уламалары буны айтпаған».
«Мәзҳабыңыз уламалары не ушын буны айтпағанын билесиз бе?»
«Билмеймиз. Енди сизден билиўди үмит етемиз», дедик.
«Болмаса еситиң. Бул ҳәдисти көрип, түйениң гөшин жеген адам таҳәратын тазалаўы лазым, дегенлер болса, оларды әҳли зоҳир, делинеди. Яғный, булар – ҳәдисти зоҳирынан ҳүким шығарып сөйлей беретуғынлар, дегени. Бирақ, ҳақыйқый фақиҳ алымлар, шәръий дәлиллерди нәзик тәреплерине шекем аңлап жететуғынлар бундай қылмайды. Ҳәр бир дәлилди әдеўир тексерип көреди. Уламаларымыз бул биз мысал етип келтирип атырған ҳәдисти де тексерип көрген. Анықласа, бул ҳәдис мәлим бир мүнәсибет пенен айтылған екен. Бир күни Расулы Акрам саллаллаҳу алайҳи ўасаллам адамлар менен жәмәәт намазын оқып болып, зыяпатқа отырыпты. Ҳәмме таҳәраты менен келип, зыяпатқа отырыпты. Зыяпатта түйе гөши тартылыпты. Ҳәмме оннан ҳәз етип жепти. Усы арада биреўден қолайсыз ийис шығыпты. Буны ҳәмме өзинше ойлапты. Зыяпаттан және жәмәәт намазына турыў керек болыпты. Сонда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Ким түйениң гөшин жесе, таҳәрат қылсын», депти-де, өзи баслап таҳәрат алыпты. Расулуллаҳтың жоқары әдебин, адамларды қысыныспадан шығарыў ушын жол тапқанын қараң. Егер усындай қылмаса, ҳәмме намазға киргенде, бағанағы ийис шығарған адам жалғыз өзи таҳәрат етиўи керек еди. Себеби ийис шығарғанынан кейин таҳәраты кетеди, таҳәратсыз намаз оқып болмайды. Ал, отырғанлардың ҳәммеси таҳәрат қылғанда болса, ийис шығарған адам қысыныспадан қутылады», деп устаз сөзин таўысты.
Мине усы сабақ ҳәммемизге өрнек болды. Шәрият ҳүкимлерин, аят ҳәм ҳәдислердиң мәнилерин түсиниўде көп ҳәрекет лазым екенин және бир мәрте аңлап жеттик.
«Ҳәдис ҳәм турмыс» китабы 1-томынан