Дубайда Dubai Modest Fashion Week модалар көргизбеси өткериледи. Еки күн даўамында дүньяның ең жақсы ислам стилистлери шәрият қағыйдаларынан шықпаған ҳалда өз коллекцияларын көргизбеге қояды.
Биринши мәрте Өзбекстанлы муслима-модельер Халықаралық фестивалдың қатнасыўшысына айланды. Дизайнер Дилназа Шамсутдинова Sugar Plum Couture шахсый маркасын усынады. Муслима – дизайнер Өзбекстанда бул салада мода заманға сай тәризде раўажланып атырғанын көрсетип береди. Бийбаҳа миллий таўарлардан бас кийимине сай рәўиште жаратылған мода үлгилеринен болған коллекция халықаралық дәрежеде болады.