Фото

Мен инсанлардың ең пәс мәртебесиндемен…

16 Февраль, 2023 841

Имам Шәфеий өзин алым деп билмес, ҳақыйқый алым бул – Аллаҳ, деп айтар, Аллаҳ тааланың алдында өзин илимсиз санар еди. Имам Шәфеий айтады: «Бир күни өзиме өзим: «Мен алымман» деп айттым. Сол күни таң намазды адамларға оқып бериў ушын шыққанымда фатиҳа сүресин умытып қалдым, адамлар луқма берди. Кейин кеште шам намазға да шығып едим, және фатиҳа сүресинде алжасып кеттим, адамлар луқма берди, кейин қуптан намазында да сондай болды».

Имам Шәфеий қыйыншылыққа түскенде қылатуғын әдетине көре истихара намазын оқыды. Түсинде төмендеги ўақыяларды көрди:

Түсинде үлкен бир жерде адамлар Имам Шәфеийге ҳүким оқылып атыр екен, Имам Шәфеийдиң кеўлинен өткен «Мен алымман», деген гәпи ушын ол кисини өлтириўге ҳүким берилипти, сонда ҳүким шығарып атырғанлардан бири турып: «Оған ҳүкимди жеңиллетиў керек», депти, басқалар: «Неге?», деп сорапты. Ол: «Үммет Имам Шәфеийдиң ҳүрметин орнына қойыўды умытпаўы керек, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Қурайштан бир адам шығып дүньяны илими менен илимге толтырады», дегени Имам Шәфеийге туўры келеди», деди. Олар: «Ҳүкимди не менен жеңиллестиремиз?», деди. Ол: «Өлтириў ҳүкимин мынаған алмастырамыз, Имам Шәфеий басы аўған тәрепке кетеди ҳәм өзиниң нәзериндеги инсанлардың ең пәс мәртебедеги, ең жеркенишли адамды таўып қосын сүйеди», деди.

Имам Шәфеий сол ўақытта оянып кетти ҳәм түсинде болған ўақыяларды ойлай баслады кейин турып басы аўған тәрепке жүрип кетти. Имам Шәфеий аўылларда, қалаларда жүрип ең жеркенишли адамды излей баслады, ақырында бир шығынды үйилген жерде отырған кийимлер жыртық,түри әбеший бир адамды тапты. Кейин оның қасына барды, бирақ оннан ҳәм ол жерден шығып турған қоланса ийиске шыдай алмады, бирақ ойлаған мақсетине жетиў ушын оның қолын услады ҳәм енди сүйейин деп атырғанда, ол қолын тартып алып, Имам Шәфеийдиң бетине бир шапалақ берди ҳәм Имам Шәфеийге қарап: «Ҳәй Шәфеий әдепли бол, мен сол саған ҳүкимди жеңиллеткен адам боламан, өзиңниң қолыңды сүй, өзиңди ең пәс адам деп бил», деди.

Имам Шәфеий сонда өзин жерге таслап, дәрриў өзин ең пәс адам санады ҳәм өзиниң қолын сүйди ҳәм бир ләҳзе өзин алым, деп ойлағыны ушын тәўбе етти.


Идрисов Абдулазиз "Абдуллах Нарынжаный" мешити имам хатиби

Тэглер

Дин