Саўшылық әдеплери қыз айттырыўға барған адамлар ҳеш жалған араластырмаўы керек. Ислам дини жақсылыққа буйырып жаманлықлардан қайтарады ҳәм жалған сөзди қолланыўдан қайтарады.
Ҳәзирги күндеги қыз айттырыўға барғанлар жигиттиң кемшиликлерин жасырғанындай қыз тǝреп те жасырады, нәтийжеде турмыс қурғаннан кейин жас шаңарақ бир-бириниң айыпларын билгеннен кейин ажырасып кетиўине себеп болыўын билмейди. Қыз айттырыўға барғанлар тек ғана ҳақыйқатты айтыўы керек. Себеби, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның муаззини (азан айтыўшысы) Билал (разияллаҳу анҳу) инисине Қурайш ҳаялларынан биреўиниң қолын сорап барды. Оларға былай деди:
- Бизлерди жақсы таныйсызлар. Қул едик, Аллаҳ таала азат етти. Жарлы едик, Аллаҳ таала бай етти. Мен сизлерден қызыңызды иниме сорап келдим. Берсеңиз Аллаҳ таалаға ҳамд болсын. Бермесеңиз - Аллаҳу акбар!
Олар өз-ара мәслаҳәтлести. Билалдың Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның жолдасы ҳәм мәртебеси бар екенин жақсы билип, қызын бериўге разы болды.
Олар қайтар екен, иниси сорады:
- Аллаҳ Сизди мағфират қылсын. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдындағы ҳүрмет-итибарымыз ҳәм оған жолдас екенлигимизди айтып, басқасын айтпай қойғанда болмайма?
- Мен ҳақ сөзди айттым ҳәм саған ҳақ некени рәўа көрдим, деп - жуўап берди Билал разияллаҳу анҳу.
Бул ҳǝдистен алынатуғын пайда сонда биз жас шаңарақлардың ажырасыўының алдын алыўымыз зәрүр. Неке - Исламдағы ең муқǝддес түсиниклерден бири болып, адамның некеленип, шаңарақ қурыўы ибадат есапланады. Бул ҳаққында ҳанафий мазҳабының ең ири уламаларынан болған Ибн Обидин раҳматуллаҳи алайҳ сондай деген: “Адам алайҳиссаламнан тап қыяметке шекем ибадат етип, белгиленген ҳәм де жәннетте де даўам ететуғын әмел екеў, олар: бириншиси - ийман, екиншиси - некедур”. Неке себепли шаңарақ қурылыўы мǝлим. Шаңарақ та бир киши жәмийет болып, оның басшысы ер адам болады. Егер ер адам өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарып, ҳадал, пәк болса ҳәм қол астындағы шаңарақ ағзаларына шырайлы мәмиле ҳәм мүнǝсибетте болса, шаңарағы тыныш, беккем ҳәм пәраўан болады. Солай екен, шаңарақтың бахытлы турмыс кешириўинде ер адамның орны күтә үлкен болып табылады.
Қличев Қошназар, Төрткүл районы, Жамбасқала жоме мешити имам-хатиби.