Қайсы бир жәмийетте диннен хабарсызлық, илимсизлик, билимсизлик кѳбейсе, түрли ырым-сырымлар ҳәм зыянлы иллетлерге жол ашылады. Исламнан алдынғы жәҳилият заманынан берли инсанлардың сана-сезимине ҳәм дүнья қарасында жасап, оларды ҳақ жолдан адастырып келген айырым мәселелер кейинги пайытларда да кѳрине баслады. Ғайыпты билиў даўасындағы қараланған илимсизлик «палкерлик» деп аталады. Палкерликтиң «коҳинлик», «илмул-рамл», «мүнәжжимлик», «аррофлық» сыяқлы басқа атлары да бар. Палкерлик Қураны кәрийм ҳукими менен ҳарам етилген ҳәм шәриат жағынан қараланған ислерден. Аллаҳ таала Қураны кәриймде (Юнус сүресинде сондай баян етеди: “Алланы қойып, пайда да, зыян да жеткеза алмайтуғын затларға мүрәжаат етпең! Егер (сондай) қылсаңыз, ол жағдайда, әлбетте, Сиз залымлардансыз.
Ҳәзирги күнде затын жоғалтқан, қандайда бир исте гүманға барған айырым биреўлер, әсиресе илимсиз, билимсиз ҳаял-қызлар ямаса түскинликке түскен инсанлардың көпшилиги машқаланың шешимин табыў ушын палкерлерге бармақта. Шаңараққа тийисли ажырасыўлардың келип шығыўына себеп болып атырған, ағаны иниден ажырататуғын, қуда-қудағайлар, қоңсылар, кәсиплеслер арасына суўықшылық салатуғын палкерлер келешек илимин билиўин даўа қылмақта. Палкерлерге баратуғынлар болса ўақытлары, денсаўлығы, ақшасы бийкарға кетип атырғанына әҳмийет те бермейди. Бүгинги күнде дүньяның ең үлкен мәселелеринен бири болған сыйқыр, палкерлик ҳәм мүнәжжимлик болып табылады. Буған ҳүжжет ретинде төмендеги аят келтириледи: «Бәлки адамларға сыйқыр үйрететуғын шайтанлар кәпир еди» (Бақара сүреси, 102). Нәлетленген шайтанның адамларға сыйқыр үйретиўден гөзлеген бирден-бир мақсети - оларды мүшрикка айландырыў. Аллаҳ өзине шерик еткен инсанды ҳеш қашан кеширмейди. Бүгинги күнде көплеген жолдан азған айырым кимселердиң сыйқырға араласып жүргенине гүўа боласыз. Олар сыйқырды тек ғана ҳарам деп ойлайды ҳәм оның күпир екенлигин сезбейди. Бул жағдай әсиресе, ер ҳәм ҳаял арасындағы мүнәсибетлерде - ыссы-суўық ҳәм сол сыяқлы затларды қылыўда айқын көринетуғын болады. Олар бул ислеринде көпшилик бөлеги ширк ҳәм күпир болған сөзлерди қоллайды. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Жети қурбан етиўши гүналардан сақланыңлар», деп олардан бири сыйқыр екенлигин баянлаған (Бухарий, Муслим рәўияты). Ҳәр бир бенде Аллаҳ тааладан қорқыўы ҳәм дүнья-ақыретин күйдириб жиберетуғын бундай ислерден сақланыўы керек. Ўаҳб ибн Мунаббаҳ: «Айырым китапларда оқыдым: «Аллаҳ азза ўа жалла: «Меннен өзге қудай жоқ. Сыйқыр еткен ҳәм сыйқыр еттирген, пал ашқан ҳәм пал аштырған, шумланған ҳәм шумландырған айырым кимселер Меннен емес», дейди». Али ибн Абу Толиб (р.а): «Палкер — сыйқыршы, сыйқыршы болса кәпирдур» деген. Ибн Масъуд (р.а) айтады: «Әлбетте, сыйқырлық оқыў, тумар тағыў ҳәм ыссы-суўық қылыў ширкдур» (Ибн Ҳиббон, Ҳәким рәўият еткен). Кимде-ким тумар ямаса моншақ тағып, бул көз тийиўинен сақлайды, деп исенсе ширк алып келген болады. Хитобий (разияллаҳу анҳу) айтады: «Егер Қуран ямаса Аллаҳ тааланың исимлери менен дем салса, бул мүмкин болады. Себеби, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Ҳасан ҳәм Ҳусайн (разияллаҳу анҳума) ға дем салып: «Сизлерди Алланың толық кәлиймалары менен ҳәр бир шайтан, шыбын-ширкейден ҳәм ҳәр бир жаман нәзерден өз панаҳында сақлаўын сорайман», дер еди. (Ҳәким. Саҳиҳ ҳәдис). Палкерлерге қатнап атырған апаларымыз, қарындасларымыздың бул жолдан қайтыўын сораймыз. Аллаҳ таала Қураны кәриймде бул илим тек өзинде екенлигин айтқан. Аллаҳ пенен Аллаҳтың илимин таласып атырған бенделер әлбетте қор болажақ. Сол ғарғыс алған, патас ҳәм жеркенишли мақлуқлардың алдына барып, ийман, исенимди аяқ асты етпейлик, әзизлер. Кимде-ким усы исти еткен болса, тоба қылсын.
Мѳмин адам басына мүсийбет жеткенде сабыр етеди. Бул ис Аллаҳтан екенин биледи ҳәм Аллаҳға еле де күшлирек жалыныў менен сыйынып, мүсийбетке ғам-қайғыға жубаныш излейди. Мѳмин адам кесел болса, тез де сыйқыршыға жуўырмастан шәрият рухсат берген медициналық қураллар менен емленеди, өзине-өзи Қуран аятларын оқып дем салады ҳәм тағы басқа. Ҳәзирги күнде түрли дуўхан ҳәм сыйқырлаўшыларға барыў да қәўипли болып қалған. Себеби, олардың кѳбиси шәриятта болмаған әллеқандай гүманлы дуўалар менен дем салады. Сыйқыр, яғный көзбоямашылық, ыссы-суўық қылыў үлкен гүна болып табылады.
Сыйқыр еткени ушын алынатуғын ақша да, шәриятда қадаған етилген исти еткени ушын ҳарам. Аллаҳ тааланың қәлеўи болмаса, ҳеш кимге зыян жеткере алмаўы Қураны кәримде келтирилген. Олар келешекте болатуғын ислерди алдыннан айтып бериў даўасы менен ҳәммени алдап, өз дузақларына илинтиреди. Адамларды түрли болмағыр сезимлерди, шумланыўлардың пайда болыўы болса қаншадан-қанша шаңарақлардың бузылып кетиўине, қоңсы-қоба, жақын ағайынлар, әға-ини, қуда-қудағайлардың арасына суўықшылықтың түсиўине алып келмекте. Мешитлерге зияратқа келген адамлар ямаса жасларымыздан жолымды ашып бериң, бахтым ашылсын деп палкерлердиң гәпине ерип зыяратқа келеди. Әлбетте ҳәр бир ис Аллаҳтан. Ислам инсанларда ушырайтуғын түрли кеселликлерди медицина арқалы, қәлб кеселликлерин болса Қураны кәрийм аятлары менен емлеўге буйырған. Ҳәр биримиз динимиздиң буйрығына бағыныўымыз ҳәм түрли палкер, дуўаханларға барыў үлкен гүна екенлигин жақсы аңғарыўымыз керек. Әззи бендемиз, егер де Аллаҳ тааланың сынаўы келсе, палкерлерге жуўырмайық. Аллаҳ таала сынақ-мүсийбетлерге сабыр-тақат еткенлерге уллы саўаплар бериўин умытпайық, әзизлер! Ҳәммемизди бундай палкерге барыў мүсийбетлерге берилиўимизден Өзи асырасын.
О. Машарипов
Zamaxshariy.uz сайтынан Бозатаў районы “Сүйин ийшан” мешити имам-хатиби Қ.Изтилеўов таярлады.