Фото

Дағстандағы кексе жастағы саўапталап машина меңгериўшиси ҳажға бийпул барады

13 Декабрь, 2017 1295

Маҳачқаладағы маршрутлы такси меңгериўшиси, жума күнлери жолаўшыларды бийпул тасыў менен атағы шыққан ғаррының арзыўы әмелге асатуғын болды. Ол бийпул ҳажға баратуғын болды.

Ҳажға барыў ушын қаржы қайырқомлық жолы менен жыйналды. Ҳажға барыў ушын 160 мың рубль төлениўи керек еди. Бирақ 100 мың жыйналды, соннан кейин сақый адамлардың бири өз есабынан 75 мың рубль өткерип берди.

Хабарларға қарағанда, машина меңгериўшиси бир неше мәрте инфаркт ҳәм инсультты басынан өткерген. Бирақ буған қарамай ол адамлар ушын хызмет көрсетиўде даўам етпекте.

Тэглер