Дүнья өмири адамлар имтиҳан қылынатуғын мүддет болып саналады. Имтиҳан адамның жалғыз өзине келгени сыяқлы, гейде пүтин бир халықтың да басына келеди. Буны өткен жылларда пандемия шәраятында гүўасы болдық. Усы жылдың 9-январынан басланған қатты суўық та, бизлер ушын 50 жылдан берли бақланбаған бир сынақ болды. Бул суўық тек елимиздиң емес, қоңсы еллер ҳәм Европа мәмлекетлеринде де бақланып атыр. Ҳәттеки бул қолайсыз ҳаўа-райы Саўдия Арабстаны аймағында да бақланған. Ол жерде қатты жаўын жаўыў ҳәм айырым орынларда қар жаўыўы жүз берди.
Әлбетте, өмир бир тегис болмайды. Гейде тәбийий апатлар, ҳәдден тыс ыссы ямаса қатты суўық, кеселликлер, бағыўшысынан айырылыў себепли адамлар қыйын аўҳалда қалады. Әне сол ўақытларда мусылманлардың өз-ара дослық байланыслары ҳәм муҳаббатлары қыйыншылықларды жеңип өтиўде әҳмийетли орын тутады. Оннан қалса ҳәзирги сынаўлы күнлерде жақсылықлар, иҳсан қылыў ҳәм илажы барынша басқаларға жәрдем бериўдиң саўабы үлкен. Себеби усы күнлерде қоңсы-қоба ҳәм мәҳәлледеги мүтәж шаңарақларға зәрүр азық-аўқат, көмир ҳәм ысытыў әсбапларын иҳсан қылыў кеўилдеги ис болатуғын еди. Керек болса, мүмкиншилиги бар адамлар бул пурсатты ғаниймет билип, имканиятынан пайдаланып қалыўы, үлкен саўапларды қолға киргизиўге ҳәрекет қылыўы керек. Себеби бул сынаўлы күнлерде бир сәтте өтип кетеди, кейин бундай әжир саўап берилетуғын сәтлер табылмаўы мүмкин.
Және ҳаўаның кескин суўып кетиўи айырым кәсип ийелери: абаданластырыў электр-енергиясы, газ тәмийнаты ҳәм ишки ислер хызметкерлери сыяқлы инсанларға үлкен жуўапкершилик жүклейди. Сынақтың көбирек жүги оларға түсти. Усындай қыйын жағдайда бизлер бул тараў хызметкерлерине көмекши болыўымыз, меҳир көрсетиўимиз, шырайлы мәмиле қылыўымыз, ҳеш болмаса олар ушын дуўа қылыўымыз керек болады.
Қатты суўық ҳәмме нәрсеге, тийкарынан, керекли үскене ҳәм техникаларға да жаман тәсир қылады, авариялар көбейеди. Бул нәрселер тараў қәнигелерине жумысын биротала қыйынластырады.
Динимиз тәлийматларында өз-ара жәрдем, мөминлердиң кеўлине қуўаныш салыў, өзи жақсы көргенин басқаларға да рәўа көриў, қыйын аўҳалда қалғанларға жәрдем бериў ҳәм өзгелердиң итияжын үстем көриў сыяқлы қәсийетлер мақталады ҳәм усыларға шақырылады. Бул әмеллер ибадатларға теңлестириледи.
Қыйын сәтлерде бир-биримизди өз-ара қоллап-қуўатлаў, ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўдиң тийкары – барлық мөминлердиң динде туўысқан ҳәм аға-ини екенинде. Бул ҳаққында Аллаҳ таала мынандай дейди:
яғный: “Әлбетте, мөминлер бирадар” (Ҳужурот сүреси, 10-аят).
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул ҳаққында мынандай деген:
яғный: “Мусылман мусылманның бирадары” (Имам Бухарий рәўияты).
Демек, мөмин-мусылманлар бир-бирине аға-ини ҳәм бирадар болғанынан кейин, олар арасында өз-ара әмел қылыныўы керек болған ҳақ-ҳуқықлар ҳәм беккем байланыслар болады.
Мөмин адам басқаның мүтәжин питиретуғын ҳәм қыйыншылығын кетиретуғын, өзгелерге қалыс жәрдем беретуғын болыўы керек. Себеби Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул ҳаққында мынандай деген:
яғный: “Аллаҳға ең сүйкимли бенде – адамларға көбирек пайдасы тийетуғыны! Аллаҳ таала ең жақсы көретуғын әмел – мусылманның қәлбине қуўаныш киргизиўиңиз, оннан уўайым-қайғыларын кеткизиўиңиз, мойнындағы қарызын үзип бериўиңиз, ашлығын кеткизиўиңиз! Мусылман бирадарымның мүтәжин питириў ушын жүриўим Мәсжидүн Нәбәўийде бир ай итикаф отырыўымнан жақсырақ. Ким ашыўын тыйса, Аллаҳ таала оның айыпларын жабады. Ким өш алыўға қәдир болып турып, ғәзебин жутса, Аллаҳ оның қәддин Қыямет күнинде аманлық пенен толтырады. Ким бирадарының исин питириў ушын жүрип, оны питирсе, Аллаҳ аяқлар таятуғын Күнде оның аяқларын сабыт қылып қояды” (Имам Табараний рәўияты).
Динимизде дүнья ҳәм ақырет жақсылығына жетиў ушын мусылман адам өзи жақсы көрген нәрсени өзгелерге де рәўә көриўи ҳәм жақсы көргенинен иҳсан қылыў керек. Бул ҳаққында Аллаҳ таала мынандай деген:
яғный: “Өзлериңиз жақсы көрген нәрседен напақа қылмағаныңызша жақсылыққа (жәннетке) ерисе алмайсыз. Не затты напақа қылсаңыз да, Аллаҳ оны биледи” (Әли Имрон сүреси, 92-аят).
Және бир аятта мынандай дейди:
яғный: “Садақаны ашықтан-ашық қылсаңыз, жүдә жақсы. Егер жасырын қылсаңыз ҳәм жарлыларға берсеңиз, бул өзлериңиз ушын (және де) жақсы ҳәм ол сизлерден гүналарыңызды жуўады. Аллаҳ ислеп атырған ислериңизден хабардар” (Бақара сүреси, 271-аят).
Аяттан садақалардың барлық түрлерин әшкере ямаса жасырын бериў дурыс екени, бирақ жасырын садақаның абзал екени мәлим болып атыр. Бирақ орны келсе, нәпил садақаларды көрип өрнек ҳәм ибрат алсын, деген нийет пенен әшкере берилгени жақсы.
Иҳсан қылыўдың саўабы туўралы ҳәдиси шәрийфлерде де оғада көп мағлыўматлар бар. Садақаның пайдасы тек бул дүньяда емес, қәбир ҳәм қыяметте де бар екени ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
яғный: “Әлбетте садақа өз ийесин қәбир ыссылығынан сақлайды. Садақа қылыўшы мөмин Қыямет күни өз садақасы саясында турады” (Имам Табараный Уқба ибн Амир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған).
Садақа ҳәм иҳсанның барлық көринислери, ол нәпил болсын, парыз болсын, барлығы да гүналардың өширилиўине себеп болады. Бул ҳаққында Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
яғный: “...Суў отты өширгениндей, садақа гүналарды өширеди” (Имам Термизий рәўияты).
Уламаларымыз садақа иҳсан – инсанның ийманы бар екенин тастыйықлаўшы әмел деген.
Исламда ең уллы қәсийетлерден бири – ийсар болып табылады. Яғный өзи мүтәж болып турғанда да өзгелерге жәрдем бериў, жақсылық қылыў ҳәм бөлисиў. Аллаҳ таала мадиналы мусылманларды әйне усы сыпат пенен мақтап, мынандай дейди:
яғный: “Олардан (муҳажирлерден) алдын бул үлкеде (Мадинада) жасаған ҳәм ийманын сақлағанлар (ансорлар) өзлериниң журтларына ҳижрат қылып келгенлерди жақсы көреди ҳәм кеўиллеринде оларға берилген нәрселерде (олжалар себепли) қызғанышты сезбейди ҳәм де өзлериниң мүтәжлиги болса да, оларды (иҳсан қылыўда басқа мүтәжлерди) өзлеринен үстин қояды. Ким өзиниң нәпсиниң сықмарлығынан сақланса, онда, әне солар – (ақыретте) утысқа ерисиўши” (Ҳашр сүреси, 9-аят).
Садақа менен ҳәргиз мал азаймаўы ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
яғный: “Үш нәрсеге ант етемен: “Бендениң малы садақа менен кемтик болмайды. Бенде бир зулымға ушыраса ҳәм оған сабыр қылса, әлбетте, Аллаҳ оның иззетин зыяда қылады. Бенде тиленшилик есигин ашса, әлбетте, Аллаҳ оған жарлылық есигин ашады” (Имам Аҳмад рәўияты).
Динимизде бериўши қол алыўшы қолдан абзал екени көп атап өтиледи. Аллаҳ таала мол ырысқы ҳәм имканият берген адамлар: “Сонша мал дүньяны адамлардың арасынан маған берген Аллаҳға ҳәмд ҳәм сәнелер болсын. Мени қыйналған мусылманларға жәрдем бериўшилерден қылды. Буның шүкирлигине енди қолымнан келгенинше адамларға жәрдем беремен”, деп ҳәрекет қылыўы мақсетке муўапық. Себеби Аллаҳ таала қәлеген адамды бай қылады, қәлегенин болса жарлы. Байды мүтәж, мүтәжди болса бай қылыў Аллаҳ таалаға оғада аңсат.
Түрли себеплер менен қыйын аўҳалда ҳәм мүтәж болып қалғанлар болса, түскинликке түспей Аллаҳ таалаға дуўа қылып, қыйын жағдайдан шығыў жолларын излеўи лазым.
Қыйыншылыққа дус келингенде Қураны кәрийм ҳәм ҳәдислерде келген дуўаларды оқыў лазым. Ол туўралы Қураны кәриймде мынандай делинеди:
яғный: “Зуннунды (Юнусты есле) Сол ўақытта ол (өз қәўиминен) ғәзепленип (аўылынан) шығып кетти. Кейин, ол Бизди өзине қарсы шықпайды, деп ойлады. (Биз оны балыққа жуттырдық). Кейин, қараңғылықтан турып: «Сеннен басқа илаҳ жоқ, Сен (бәрше кемшиликлерден) пәксең, әлбетте, мен (өзиме) зулым қылыўшылардан болдым», – деп нида қылды” (Әнбия сүреси, 87-аят).
Уламаларымыз усы аятқа муўапық басына ис түскен адам,
"Лә иләҳа илләә әңта субҳаанака инний күңту миназзо'лимийн"
Дуўасын көп айтсын, деген. Және истиғфарды көп айтыў да, кәмбағаллық, бийперзентлик ҳәм қурғақшылық сыяқлы машқалаларды көтереди.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мүсийбет сәтлеринде төмендеги дуўаларды оқыйтуғын екен:
“Ким “Ләә ҳәўлә ўә ләә қүўўәтә иллә билләҳ”ты айтса, тоқсан тоғыз дәртке даўа болады. Ең жеңили ғам”, деген (Имам Табараний ҳәм Имам Ҳәким рәўияты).
Қашан жәмийетте аўызбиршилик, өз-ара жәрдемлесиў ҳәм ҳүрмет болса, ҳәр қандай қыйыншылықлар, күтилмеген апатларды жеңип өтиў мүмкин.
Кегейли районы «Ийшан қала» жоме мешити имам-хатиби Нажимов Ғайрат.