Қытай Арқа-Батысындағы Синцзян провинциясы пуқарасы Муҳаммадтың қылған иси ҳаж мәўсими сенсацияларынан бирине айланды.
Өз дининиң парыз әмеллеринен бирин қылў ушын ол велосипедте жолға атланды!
Ол басып өтиўине туўры келетуғын қашықлық адамды ҳайран қалдырады — Муҳаммад велосипед педалларын 8150 километр даўамында айландырып, Тоиф қаласына жетип барған ҳәм ол жерде оны жергиликли велосипедшилер клубы ағзалары күтип алды.
Муҳаммад бул жылы ҳажға атланған 14 500 қытайлы мусылманлардан бири болды.
Қалғанлар Саудия Арабстанына әдеттеги жоллар менен барады. Айтыў орынлы, бул рекорд бириншиси емес. Жақынды Босния пуқарасы Сенад Хажич ҳажға пияда атланып, бир жылда 5430 километрди басып өткен еди!
Ол желкесиндеги 20 килолы жол қалтасы менен 5340 км қашықлықты артта қалдырып, 7 мәмлекет — Босния, Сербия, Болгария, Туркия, Иорданияны кесип өтти ҳәм Саудия Арабстанына жетип барды.