Фото

ДИНИМИЗДЕ БАХЫТ ГИЛТИ

14 Январь, 2023 503

Перзент тәрбиясына унамсыз тәсир ететуғын және бир фактор - шаңарақтың бузылыўы. Бул баланың руўхыйлығын пүткиллей өзгертип, өмирге болған қызығыўшылығын, меҳрин сөндиреди. Нәтийжеде, оның жүрис-турысы, ис-ҳәрекетлеринде өзгерислер жүз береди.

Ҳәзирги күнлери перзент тәрбиясы барған сайын қурамаласып баратырғаны ҳақыйқат. Бул мәселениң бир ушы телевизор ҳәм компьютерлер, смартфонларға барып тақалса, және бир ушы шаңарақлық орталыққа да байланыслы. Егер шаңарақ басшылар жақсы болса, бала да оларға қарап үлкейеди. Кериси болса-не? Ата-ана тез-тез жәнеллессе, буның ашыўы баладан алынса-не? Әне усындай жағдайларда шаңарақ жуўапкершилигин билмеў ақыбетинде ажырасыўлар жыл сайын көбейип баратыр. Усы ажырасыўлар артынан мыңлап балалар тәғдири бар екенлиги, жәмийет ушын қәншелли зыянлы екени көринеди. Бир машқала кейнинен және машқалалар туўдырыўы тәбийий. Атап айтқанда, жаслар арасындағы жынаятшылықтың көбейиўи үйренилип шыққанда, олардың көпшилиги ажырасқан, шаңарақлардың перзентлери екени анықланған. Демек ажырасқан шаңарақ көбейген сайын, ата-анасының тәрбиясын алмай, көше урысы, жынаятшылардың тәрбиясын көрип өскен, тәрбиясыз балалар саны артыўы анық. Машақаланың және бир тәрепи жалғыз қалған аналар саны артып, олар пул табыў ушын түрли жолларға түсип кетип атырғанында. Бирақ, шаңарақта өмирлик жолдасы болмағаннан кейин «қолдан бергенге қус тоймайды» дегениндей, нәрестелерди жегизип, ишгизиўдиң өзи бола ма? Сонлықтан, пул табыў ушын балаларын таслап, сырт елге жол алып атырған ҳаялларымызда көбейген. Бул орында және балаға жәбир. Себеби, оның тәрбиясына, жүрис-турысына жуўапкер ата-ана жанында болмағаннан кейин баланың кеўли өксик, тәрбиясы нуқсанлы болыўы анық.

Ал, мәселениң шешими динимизде. Себеби, онда инсан камалаты ушын барлық факторлар жетик тәризде баян етилген. Шаңарақ қурыў, ерли-зайыплының өз-ара мүнәсибетлери ҳаққында өзине тән нызам-қағыйдалары енгизилген. Егер шаңарақта усы динимизде көрсетилген қағыйдаларға әмел қылынса, бундай шаңарақ бахытлы болады.

Тилекке қарсы, көп үйлерде жасларды шаңараққа тәрбиялаў мәселесинде динимиз көрсетпелери үйретилмейди. Шаңарақта жигиттиң де, қыздың да өз ўазыйпа ҳәм миннетлери, перзент көргеннен кейин, оның ҳақысын орынлаў ҳаққында Аллаҳтың буйрықлары бар екенлигин билмейди. Билсе де, ийман-исеними әззилиги себепли оларға әҳмийет бермейди. Ақыбетте, бул бойынша машқалалар тамыр жайып бара береди.

Шаңарақтың бузылыўына себеп болып атырған факторларға нәзер тасланса, көпшилиги сабырсызлықтан келип шығады. Себеби, Аллаҳ таала Қураны кәриймде:

«Олар менен татыў турмыс кешириң. Егер оларды жаман көрсеңиз, онда (билип қойың) бәлким, Аллаҳ сизлер жаман көрген нәрседе (сизлер ушын) көп жақсылықларды қылып қойыўы мүмкин». (Ниса сүреси, 19-аят), - деген.

Аятта Аллаҳ таала тыныш-татыў жасаўға буйырып өз-ара мүнәсибетлерде, ҳәттеки жаман көрген жағдайда да сабырлы болыўға шақырып, көплеген жақсылық инәм етиўди ўәде етпекте. Бул қандай жақсылық екенин билмеймиз. Бирақ, Аллаҳтың ўәдеси ҳақ екенлигине ийман келтиремиз.

Шаңарақлық мүнәсибетлер ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деген.

«Мөмин күйеў мөмин ҳаялды жек көрмесин, егер оның бир қулқын жаман көрсе, басқа қулқы себепли оннан разы болып кете береди».

(Имам Муслим рәўияты).

Демек, күйеўи ҳаялының айырым пейилинен ғәзепленсе, шаңарақты бузыўға асықпаўы, ол оның басқа жақсы қәсийетлери де бар екенлигин көз алдыға келтирип, кеўлин тоқ қылыўы лазым. Дәл сондай, ҳаяллар да күйеўиниң жаман тәрепин көре берместен, оның өзине тән пазыйлетлери бар екенлигин инабатқа алыўы зәрүр. Жек көриўшиликти муҳаббатқа айландырыўға ҳәрекет етип, шырайлы сабыр етсе, ўақыт өтиўи менен шаңарақ беккемленип бара береди. Бирақ, ҳәзир жоқарыдағы аяттағы көрсетпелерге шаңарақлар әмел қылмай атырғаны көзге тасланады. Себеби, шаңарақта ер адам басшы, ҳаялы бойсыныўшы болса, жәнжел жүзеге келиўи кемейеди. Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай дейди:

«Сизлердиң ишиңизде ең жақсыңыз өз ҳаялына жақсы мүнәсибетте болғаныңыз. Ал, Мен өз ҳаялыма сизлерден көре жақсырақ мүнәсибеттемен».

(Имам Термизий рәўияты).

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул ҳәдисте «жақсылар» деп көп ибадат қылатуғынларды яки нәпилди көбейткенлерди емес, ал ҳаялына жақсы мүнәсибетте болғанларды атап өтип «Мендей болың», деп өрнек көрсетпекте. Демек, қандай инсан екенимизди ҳаялымызға мүнәсибетимизден билиў мүмкин екен. Жәбир разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай айтады:

«Қымет күни тәрезиде биринши тартылатуғын нәрсе адамның ҳаялына қылған напақасы есапланады». (Имам Табараний рәўияты).

Ҳаялымыз перзентлеримиздиң ҳақысын толық орынлап атыр ма? Ертең қыямет күнинде сораў пайтында өзимизге жәбир болып қалмай ма? Әсиресе, биринши турмысынан ажырасқан әкелер ана қолында қалған перзентиниң ҳалынан хабар алып атыр ма? Себеби, бала ер жеткенше оның напақасы әкениң мойнында болыўын динимиз де, нызамларымызда қатаң белгилеп қойған.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Сиз Аллаҳ таала разылығын қәлеп қылған ҳәр қандай сарп-қәрежетиңиз ушын саўап аласыз. Ҳәттеки, ҳаялыңыздың аўзына салған тағамыңыз ушын да сизге саўап бар», - деди.

(Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты).

Солай екен, ертең жәннетке кириўимизге себепши ҳаялымызға шырайлы мәмиледе болып, перзентлеримиздиң ҳақысын өз ўақтында орынлайық. Ақыретте бир мысқал саўапта бизлерди «Фирдаўс» жәннет есиклерине қарай жетелесе, әжеп емес.

Кегейли районы «Ийшан қала» мешити имам-хатиби Нажимов Ғайрат.

Тэглер

Дин