Фото

ЖЕРЛЕСЛЕРИМИЗ ПАЙҒАМБАРЫМЫЗ (САЎ) ДЫҢ РАЎЗАСЫН ЗИЯРАТ ЕТПЕКТЕ

12 Январь, 2023 612

Мадинаи мунаўўарадағы Масжидун Набаўийде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳәдислеринде айтқан гүлзар (раўза) деген орын бар, зыяратқа барғанлар сол гүлзарда намаз оқыўға умтылады.

Абдуллаҳ ибн Зайд разияллаҳу анҳудан етилген рәўиятта Набий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам “Үйим менен минберим арасында жәннет гүлзарларынан бир гүлзар бар” деди. Имам Аҳмад, Бухарий, Муслим, Насаий ҳәм басқалар рәўият еткен.

10-январь күни Умра зияратына жѳнеп кеткен жерлеслеримиз бүгин Пайғамбарымыздың гүлзарын зиярат етпекте. Аллаҳ таала еткен зияратларын ҳәм елимиздиң тынышлығы ҳәм қәтержамлығын сорап еткен дуўаларын Ѳз даргайында қабыл еткей.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер

Ҳаж