Фото

ИНСАННЫҢ ЖУП-ЖУП ЕТИП ЖАРАТЫЛЫЎЫ

10 Январь, 2023 880

Шаңарақ ҳәм оның бахыты ҳаққында сөз жүритиўден алдын инсанның жаратылыўының тийкарғы мақсетине нәзер салып, не ушын инсан ер ҳәм ҳаял етип, жуп етип жаратылды, деген сораўға жуўап излеп көриў лазым. Усы мәниде Қураны кәримге жүзленсек, онда инсанның жуп етип жаратылыўы ҳаққында бир қанша аятлар назыл болғанын көремиз.

Аллаҳ таала: «Аллаҳ сизлерди (Адамды) топырақтан, соң (оның нәсилин) нутфадан жаратып, кейин сизлерди жуп-жуп (ер-ҳаял) қылып қойды», деп баян етеди (Фатир сүреси, 11-аят).

Топыраққа жан киргизип, жаратқан да - Аллаҳ.

Нутфаға жан берген де - Аллаҳ.

Инсанды жуп-жуп - ер ҳәм ҳаял қылып жаратқан да - Аллаҳ.

Еркекке еркеклик ҳәм ҳаялға ҳаяллық қәсийетлерин берген де - Аллаҳ.

Басқа аятларда болса инсан жуп-жуп - ер ҳәм ҳаял етип жаратылыўындағы ҳикметлери де баян етилген.

Бул ҳаққында Қураны каримде Аллаҳ таала былай баян етип келтиреди:

«Оның мөжизаларынан (және бири) - сизлер (нәпсини қандырыў тәрепинен) тыныш болыўыңыз ушын өзиңизден жуплар жаратқаны ҳәм араңызға муҳаббат ҳәм меҳирди салып қойғаны. Әлбетте, бунда пикир жүритетуғын қәўим ушын белгилер бар», (Рум сүреси, 21-аят).

Инсанды ер-ҳаялға ажыратып, жуп етип жаратылыўының өзи Аллаҳтың Қүдирети. Итибар менен пикир жүритип көрилсе, инсанның ер ҳәм ҳаял етип жаратылыўының өзи үлкен мөжиза есапланады.

Және басқа бир аяты каримада инсан затын бир жаннан ҳәм оннан жуплар жаратқанын баян етеди:

«Ҳәй адамлар! Сизлерден бир жаннан (Адамнан) жаратқан ҳәм оннан оның жубайын (Ҳаўўаны) жаратып, екеўинен көп ер ҳәм ҳаялларды таратқан Рәббиңизден қорқың!», (Ниса сүреси, 1-аят).

Бул аяты кәримада адамларға олардың инсан екенлиги, оларды Аллаҳ таала жаратқанын еслетпекте. Соның менен бирге бул аятта адамларды жаратқан жалғыз Жаратыўшы болыўы менен бирге инсанлардың да бир жаннан пайда болғанлығын баян етипекте.

Аллаҳ таала қәлесе, бир ўақыттың өзинде ҳәр-қыйлы, есап-санақсыз ер ҳәм ҳаялларды жаратыўға да қәдир еди. Бирақ булай болыўын қәлемеди. Жер жүзиндеги инсанлардың бәршеси ағайын-туўысқаншылық қатнасықларын, турмыс қурыўы менен өз-ара байланыста болыўын мақсет етти. Исламда шаңарақ беккемлигине үлкен итибар бериўиниң сыры да әне усында.

Аллаҳ таала Өзиниң таңлап алған елшилери яғный, (пайғамбарлары) болған Әнбияларына да шаңарақ қурыў, жупты ҳалалынан зүрриядлар қалдырыўды раўа көрген.

Аллаҳ таала «Рад» сүресинде, былай баян етеди:

«Ҳақыйқатында да, Биз сеннен алдын да (көп) Пайғамбарларды жибердик ҳәм оларға ҳаяллар ҳәм зүрриядлар бердик», деп баян етиледи, (Рад сүреси, 38-аят).

Муҳаммад алайҳиссаламға қарата айтылып атырған усы аятта Аллаҳ таала шаңарақлы болыў, үйлениў ҳәм зүрриядлы болыў бәрше Пайғамбар алайҳиссаламлардың сүннети екенин баян етип атыр.

Бәршеге белгили Пайғамбар алайҳиссаламлар Аллаҳ тааланың ең сүйикли, таңлап алған, басқаларға өрнек етип көрсеткен бенделери. Олар инсаният тарийхы даўамында иләҳий нызам-қағыйдалар тийкарында жасаўды адамларға үйретип келген. Әне усындай жоқары дәрежели пайғамбарлардың ҳәммеси де шаңарақлы ҳәм зүрриядлы болыўы бийкарға емес. Бул жағдайлар бәрше инсанлар шаңарақлы болып, ҳадал - пәк жол менен неке қурып, зүррияд қалдырыўға ҳәрекет етиў кереклигин көрсетеди. Усы аятта «неке» менен турмыс қурыўға шақырық барлығы көринип турыпты.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да өзиниң некеден дүньяға келгенлигин мақтаныш пенен айтып өтеди.

Жәъфар ибн Муҳаммадтан, ол әкесинен рәўият етеди.

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Әлбетте, Аллаҳ азза ўа жалла мени некеден шығарды, зинадан шығармады» - деди. Байҳақий рәўияты.

Усы ҳәдистиң түсиндирмесинде айтылыўынша, Аллаҳ азза ўа жалла Өзиниң сүйикли расули, елшиси Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның инсанлардың атасы Адам алайҳиссаламнан пайғамбарымыздың әкеси Абдуллаҳ ибн Абдулмутталибке шекем, инсанлардың анасы Ҳаўўадан пайғамбарымыздың анасы Әмийна бинту Ўаҳбқа шекем тек неке менен байланысып келиўин тәмийнлеген.

Аллаҳ таала Өзиниң ақырғы ҳәм кәмил дини, қыяметке шекем мәнги турыўшы дини бәрше заман ҳәм мәканлардан инсаниятқа еки дүнья бахыт жолын көрсетип бериўши дини - Исламда шаңараққа айрықша итибар берген. Қураны каримде бул мәселеге тийисли көплеп аятларды түсирген. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өзлери де шаңарақ қурып өмир сүрген, бәршеге үлги болған ҳәм көплеп ҳәдислерде мусылманларды шаңарақ қурып жасаўға шақырып, бахытлы болып жасаўға себеп болатуғын көрсетпелерди берген.

Нажимов Ғайрат, Кегейли районы «Ийшан қала» мешити имам-хатиби.

Тэглер

Сергеклик