Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллаҳ таалаға узақ ҳамду мақтаўлар болсын.
Пайғамбарымызға салаўату дурудлар болсын.
Кеўил ҳаққында сораў болып қалған еди, тезлик пенен жуўап табыў ушын мағлыўматлар излеўге түстик.
Биз изленген бир қанша мағлыўматлар ишинде пазийлетли шайық Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф раҳматуллаҳи алайҳтың «Хислатли ҳикматлар шарҳи» китабынан зәрүрли мағлыўмат шықты.
«Кеўилим пәк», «Намаз оқымасада адамның мине бул жери пәк болыўы керек» деген гәплерди тек ғана көшеде, бәлки телевизорда да жийи-жийи еситетуғын болып қалдық. Буларға орынлы жуўап болса шайх ҳәзиреттиң бул ой-пикиринде тайын екен. Шығармадан бәршемиз ушын орынлы жуўапты алдық. Ондағы ой-пикирлер ҳәр дәўир ушын зәрүрли екенлигин аңғарыў менен бирге, өзимизди де сораў алыўға шақырды:
«Бир инсан намаз оқып атырған болса, бул оның кеўилинде ийман бар екенлиги ҳәм намаздың парызлығын аңлап жетиў бар екениниң белгиси болып табылады. Басқа биреў намаз оқып атырып, көзлери ойнап турса, қолы менен кийимлерин туўырлап, намазда ислеп болмайтуғын ҳәрекетлерди ислеп атырған болса, бул оның кеўилинде хошы жоқ екенлигиниң белгиси болады.
Мәс болып жүрген адамның мәслиги оның кеўилинде Аллаҳ тааладан қәўетер жоқ екенлигиниң белгиси болады. Соның менен бирге, өзине парыз ҳәм ўәжип болған әмеллерди атқармай жүрген адамның қылмысы Аллаҳ тааланың әмрине бийпарық екениниң белгиси болады.
Бул өлшеўлерди билмегенлер өзлеринше өлшеў де етип алған. Олар «Намаз оқымасақ та, ораза тутпасақ та, қәлбимиз пәк», деўден уялмайды. Бәлки бул оғада логикасыз гәпти мақтаныш пенен айтады. Бул да жетпеген сыяқлы, қолдан келгенинше ибадат етип жүргенлерди масқара да етеди. Олар қәлб не, қәлб пәклиги не екенлигин билеме өзи?
Гүнәи бөле турып гүнәдан қорқпайтуғын бандаларини ескертип, Алла таоло сондай дейди:
«Яқ (ондай емес)! Ал, олардың ислеген ислери (гүналары) кеўиллерин орап алған» (Мутоффифийн сүреси, 14-аят).
Аўа, инсан гүнәҳ ислерди ислейберсе, кеўилин гирбең басып, ҳеш нәрсе тәсир етпейтуғын болып қалады.
Бул ҳаққында Расулулла саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан бир ҳәдис-шәриф қалған:
Абу Ҳурайра разияллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Мѳмин адам гүнаҳ ис ислесе, кеўилинде бир қара ноқат пайда болады. Егер тоба етип, ол гүнадан пүткиллей қайтса, истиғфар айтса, кеўили пәкленеди. Егер (гүнаны) зыяда қылса, (кеўилиндеги гирбең де) зыяда болады. Мине сол Алла азза ҳәм жалла Қуранда зикир еткен гүнаҳы болып табылады. «Яқ (ондай емес)! Ал, олардың ислеген ислери (гүналары) кеўиллерин орап алған», деди».
Аҳмад рәўият еткен.
Ҳасан Басрий раҳматуллаҳи алайҳ: «Саўап ис кеўилге нур ҳәм денеге қуўат болар. Гүнаҳ ис кеўилге қараңғылық ҳәм денеге ҳалсызлық болар», деген.
Қамариддин Бекмуҳаммад.
Islam.uz сайтынан Нѳкис районы “Имам ийшан” мешити имамы Алымжан Салимов таярлады.