Әли Имрон сүреси, 92-аятында “Өзлериңиз жақсы көрген нәрседен напақа қылмағаныңызша жақсылыққа (жәннетке) ерисе алмайсыз. Не затты напақа қылсаңыз да, Аллаҳ оны биледи”, деп баян етиледи. Бунда инсанлардың жақсы кѳрген затынан напақа (үлестириў) қылыўы айтылмақта. Инсан тәбиятында өзи жақсы кѳрген нǝрсесинен ўаз кешип, оны напақа етиў азғана болса да қыйынлаў түйиледи. Бирақ, ойлап қаралса ўаз кешеип атырған нǝрсеси оның орнына ақыретте қолға киритетуғын сыйлығы яғный жәннеттиң алдында жүдә арзымас нǝрсе екенин түсинип жетеди.
Республикамыздағы қала ҳǝм районлардың социаллық-экономикалық аўҳалын жақсылаў, аймақта ǝмелге асырылатуғын жумысларды қадағалаў ҳǝм де оларға ǝмелий жǝрдем кѳрсетиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тǝрепинен исши топар дүзилген еди. Исши топар ағзаларына ѳзлерине бекитилген қала ҳǝм районларға барып халықтың турмыс шараяты менен жақыннан танысыў, ǝмелий жǝрдемлер бериў ўазыйпасы жүкленген.
13-декабрь күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов тийисли мәкеме-кǝрхана ўǝкиллери менен бирге Бозатаў районындағы “Бoзатаў” посёлка пуқаралары жыйыны ҳǝм “Қусханатаў” аўыл пуқаралары жыйынларындағы социаллық жǝрдемге мүтǝж ҳǝм бағыўшысынан айрылған шаңарақлардың жасаў жағдайлары үйренилди ҳǝм олардың қыс мǝўсиминене қыйыншылықсыз шығыўы ушын Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тǝрепинен он млн. сўмнан аслам пулға ыссы кийим-кеншеклер ҳǝм азық-аўқатлық ѳнимлери берилди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты