Фото

БАӘ Марста қулпынай ҳәм хурма бағын қуражақ

13 Декабрь, 2017 1387

Бул бағдарлама ушын БАӘ (Бирлескен арап әмирлиги)да мәмлекет қаржысынан 5,5 миллиард доллар қаржы ажыратылған.

БАӘ қәнигелери Марста бағ жаратып ол жерде қулпынай, хурма дарақлары, помидор ҳәм салат жапырағын өсириўди жойбарлаған, деп хабар бермекте Islam-today сайты.

Мәмлекет космик агентлигиниң стратегик жойбарлаў баслығы Рашид Заадийдың сөзлерине көре, Марс топырағы Әмирликлер саҳраларына уқсайды ҳәм ол жерде аўыл хожалығы егинлерин өсириў мүмкин.

Тийисли бағдарлама ушын БАӘда мәмлекет бюджетинен 5,5 миллиард доллар қаржы ажыратылған. Агентлик экспертлери Марста суў табыў ҳәм Қызыл планетаның өзин тән ҳаўа-райын толық үйрениўди мақсет еткен.

Тэглер