Енди kitoblardunyosi.uz сайты арқалы диний китапларды дүньяның қәлеген жеринен сатып алыў мүмкин!
Мәўлид айының шарапаты менен «Ҳилал-нашр» баспаханасы kitoblardunyosi.uz сайтында диний китапларды VISA дизими арқалы сатыўды жолға қойды. Бул ҳаққында баспахананың телеграм каналы хабарлады.
Ендиликте “Ҳилал-нашр”да басылған китапларды сатып алыў ушын көп мәмлекетлерден турып буйырпа бериўге болады. Буйыртпа почта арқалы айтылған мәнзилге жеткерип бериледи.
Сайтта шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф ҳәзиреттиң ҳәмме китаплары, сондай-ақ оннан басқа да диний ҳәм әдебий китапларды сатып алыў мүмкин.
Еслетип өтемиз, китапларды Өзбекстан бойынша жеткерип бериў ушын hilolnashr.uz сайты да ислеп турыпты.
Китапларды электрон ҳалда алыў ушын e-hilolnashr.uz сайты ислеп турыпты.